Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 06:46:06, 21.09.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

КӘСИБИМ МАҚТАНЫШЫМ

Әлбете, ўақыт шаўып баратырған жүйрик тулпарға мегзейди. Биз қәлейик-қәлемейик, оны изге қайтара алмаймыз. Солай екен, инсан ушын берилген ғәниймет демлердиң өтип баратырғанын сезбей де қаламыз.

Соның ушын да инсан өмири оның елге еткен қалыс, ибратлы ислери менен өлшенери анық. Халқымыз арасында өзиниң өшпес хызметлери, ибрат алғандай үлгили ислери, жасларға қайырқомлығы, меҳир-мүриўбетлилиги, қайыр-сақаўатлылығы қайсы тәрептен алып қарасаң да жақсы пазыйлетлери менен инсанлар қәлбинен орын алғанлар қаншама дейсиз. Басқа тараўлар сыяқлы телевидение ҳәм баспасөз тараўында да таланты, ислеген мийнетлери арқасында  итибарға түсип, ардақланып атырғанлардың жыл сайын өриси кеңеймекте. Мине усындай инсанлардың бири, жипектей минези, тийкарғысы, әлпайымлығы менен кәсиплеслери арасында ҳүрметке бөленген Қарақалпақстан телерадиокомпаниясының пидайы журналисти Артықгүл Айымбетова болып табылады.  Ол, 1971-жылы Тахтакөпир районы, «Қара ой» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында Айымбетовлар шаңарағында туңғыш перзент болып дүньяға келди. Үлкен шаңарақта камалға келип, ата-анасының жақын жәрдемшиси болды. Мийнетке қайнап писип, тапланып өсти. Үйде де, оқыўда да илгир зейинлилиги, туўма таланты, туўры сөзлилиги менен көзге түсти. Ол орта мектепти табыслы тамамлап, Қарақалпақ мәмлекетлик университетине ҳүжжет тапсырды. Нийети жолдасы болып, оқыўға қабылланды.  Бул дәргайды да табыслы тамамлап, қәнигелиги бойынша Қарақалпақстан  телерадиокомпаниясында  1997-жылы жумыс­қа орналасып, мийнет дәптершеси ашылды. Мине, соннан берли усы жердиң қазанында қайнап, мийнет етип кия­тыр. Оның тынымсыз излениўшеңлиги, ҳадал мийнет етиўи өзиндеги туўма талантты оятып, тек алға талпындырды. Мине, усы талпыныслардың жол ашары деп оның 2017-жылы  XV  таңлаўда радио бойынша Өзбекстан көлеминде 2-орынды алғанын айтсақ, ал, шыңы деп быйылғы жылда «Алтын қәлем» XV Миллий сыйлығы ушын халық­аралық  таңлаўдың  радио бағдары бо­йынша «Ең жақсы журналистлик материал ушын» номинациясында 2-орынды ийелегенин мақтаныш етип те айта аламыз. Тийкарғысы, оның бул шыңға жетиўи өз-өзинен бол­ған жоқ. Себеби, бүгинги күнниң актуал темаларының бири «Жаңаланыў қәдемлери», «Мәмлекетлик бағдарлама ҳәрекетте»,  «Ҳәзирети дийқан»,  «Мәҳәлле баслығы — реформатор»,  «Спорт әлеминде»  атлы қунлы еситтириўлер таярлап, жағымлы ҳаўазы менен халық нәзерине илинди.

— «Алтын қәлем» таңлаўына сыйлықты алыў ушын емес, өзимди сынап көриў ушын ҳүжжетлеримди тапсырдым. Себеби, мениң  таярлаған еситтириўлеримниң сапасын, мазмунын,  ҳәм соның менен бирге халыққа қалай жетип барып атыр­ғанының дәрежесин билиў, қала берсе мәмлекетимиздеги  барлық журналистлериниң  мийнетлериниң  қатарындағы  баҳасын анықлаў — тийкарғы мақсетим болды.   Мийнетлеримди бул сыйлыққа  мүнәсип  көргенине  жүдә қуўанышлыман. Бул сыйлық ҳәр бир журналистке  үлкен жуўапкершилик жүклейди.  Ал­ған сыйлығымда маған қолқанат бол­ған,  Қарақалпақстан телерадиокомпаниясының жәмәәтиниң де орны  бар. Себеби, ҳәр еситтириўлерди таярлаўда  үлкен жуўапкершилик, потенциал,  заман талабына сай оперативлик, излениўшеңлик талап етиледи.  Ең дәслеп устазым Шүкирбийке Нурниязованың  берген   билимлери  өмиримде  жол көрсетиўши   жулдыз болды. Устазларыма  ҳүрметим шексиз. Радиоканалда устазларым баршылық.  Олардан Т.Низаматдинов, Ә.Қудайбергенов, Ө.Хожанов, Д.Алланиязов,  Х.Абибуллаев, К.Назарбеков   сыяқлы  инсанлардың  ақыл кеңеслери, жол-жоба ҳәм көрсетпелериниң орны оғада гиреўли,-дейди журналист Артықгүл Айымбетова.                                                         

  Ҳақыйқатында да, дөретиўшиден  журналистик шеберлик,  тынымсыз мийнет  талап етеди.  Талант тәбияттан инсанға инам етилген байлық. Биз усы байлықтың бир шетин Артықгүл апада көрдик десек асыра айтқан болмаймыз. Демек солай екен, ҳәр бир инсанның өмири оның жасаған жасы менен емес, ал, оның Ўатаны, халқы ушын ислеген ислери менен баҳаланып, тарийх бетлеринде мөрленип қалады.

 

З.ЖАҚСЫМУРАТОВА.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF