Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 06:30:06, 21.09.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҲАҚЫЙҚЫЙ ХАЛЫҚ МИНБЕРИ ­ 75 ЖАСТА

«Халқ минбари» газетасының 75 жыллығы ҳаққында сөз еткенде, дәслеп бул газетаның басып өткен даңқлы жолы бойынша пикир жүргизиўге туўра келеди.

1946-жыл 1-августта шығып баслаған, екинши жер жүзилик урыстан кейинги аўыр жыллардың машақатын шеккен, 50-жыллардағы репрессиялардың гүўасы болған, 60-70-жылларда аўыл хожалығы, санаат, қурылыс, мәденият тараўларында берунийлилердиң қаҳарманлық мийнетин жырлаған, сексенинши жылларда бурынғы орайдан жиберилген Гдлян-Иванов топарының халыққа жеткизген жәбир ҳәм азапларын әпиўайы халық пенен бирге тартқан газета быйыл өзиниң 75 жыллығын белгилеп атыр. Нәзеримизде, бүгинги күнде халықтың ҳақыйқый минберине айланған газетаның жетпис бес жыллығы ең уллы ҳәм ең әзиз байрамымыз — Ғәрезсизликтиң 30 жыллығына туўра келиўинде де өзгеше бир мәни бар.

Көпшиликке жақсы мәлим, газетамызға биринши тийкар салын­ған дәўир урыстан кейинги аўыр жылларға туўра келди. Екинши жәҳән урысынан үлкен жоғалтыўлар менен шыққан, халық хожалығының барлық тараўлары дерлик ўайран жағдайға келип қалған мәмлекетте газета шығарыў мәселеси аңсат емес еди. Сол па­йытта тек еки дөретиўши хызметкер менен жумыс баслаған ра­йон газетасының биринши редакторы Рахман Каримов болған. Газета енди жумыс баслаған жылларда оны басып шығарыўға шекемги процесс жүдә қыйын кешер еди. Газета ушын мақалалар баспаханада бир ҳәриплеп қолда терилер еди. Қараңғы ҳәм ызғар ханаларда жумыс баслаған типографияшылар мәртлерше мийнет етти. Ҳәр қандай шараятта да газетаны оқыўшыларға ўақтында жеткерип бериўге ҳәрекет етти ҳәм буған еристи де. Шаббаз районы газетасы заман менен тең қәдем таслап, жәмийеттиң раўажланыўына байланыслы ҳалда раўажланып барды. Газетаға түрли жылларда Шариф Оразбаев, Салий Қыдырбаев, Жаббар Қурбанбаев, Қәдир Шарипов, Артық Эгам, Наржан Жуманиязова, Худайберган Аллая­ров, Рустем Рузметов, Төремурат Юсупов, Абдулла Аҳмедов, Қурбан Шаниязов сыяқлы көп қырлы дөретиўшилер басшылық етти.

Төрткүл районы менен Беруний районы қосылған ҳәм бир ра­йон сыпатында қайта шөлкем­лестирилген жылларда Төрткүл, Беруний ҳәм Әмиўдәрья районлары ушын «Пахта ушын» газетасы шығарылып келди. 1965-жылға келип, Беруний районы газетасы оқыўшыларға «Пахтакор» атамасы менен жеткерип бериле баслады. 1991-жылы Өзбекстан мәмлекетлик ғәрезсизлигине ерисиўи мүнәсибети менен  газетаның аты «Халқ минбари», деп өзгерди.

Бүгинги күнге келип, «Халқ минбари» районлық газеталар  арасында өз орны ҳәм абырайына ийе. 1991-жылы тәбиятты қорғаў темасындағы мақалалар ушын газета районлық газеталар арасында жоқары нәтийжеге ерисип, арнаўлы диплом менен сыйлықланған. Газетада ислеген 3 журналист баспасөз тараўындағы көп жыллық ҳәм нәтийжели мийнетлери ушын «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист», биреўи «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген мәденият хызметкери», биреўи «Өзбекстан Республикасында хызмет көрсеткен мәденият хызметкери» ҳүрметли атақларын алған. Бир журналист Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Ҳүрмет жарлығы менен сыйлықланған.

«Халқ минбари»ниң арнаўлы хабаршысы, жас журналист, блогер Лобархан Базарбаева да бир қатар табысларға еристи. Ол @Beruniy_XABAR24 каналы шөлкемлестириўшиси. Лобархан жыллар даўамында «Ең уллы, ең әзиз» таңлаўының Қарақалпақстан басқышында диплом ҳәм баҳалы саўғалар, 27-июнь — Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күнине бағышланған илажда Қарақалпақстан баспа­сөзиниң раўажланыўына үлес қос­қан журналист сыпатында диплом менен сыйлықланды. Бир қатар халықаралық конференция, әнжуманларда қатнасты ҳәм таңлаўлардың жеңимпазы болды. Өзиниң газетадағы белсендилиги менен оқыўшылар қәўиминиң алғысына себеп болды. Каналы арқалы  «Жүзбе-жүз», «Жаслар сораў бергенде...» жойбарларын ислеп шықты. Газета жанындағы «Шалола» әдебий дөгерегине дөретиўши жасларды бирлестире алды. «Шалола»да камал тапқан жаслар бүгинги күнде жоқары оқыў орынларында оқып атыр. Лобарханның түрли темалардағы аналитикалық сын мақалалары республикалық газеталарда жәрияланды. Ташкент­теги  «Истиқлол» баспасында «Сағыныш» атлы китабы жарық көрди.

Интернет журналистикасы бо­йынша туңғыш табыс — 2019-жылы белсенди журналистлик хызмети ушын Лобархан Базарбаева   Kar24.uz сайты тәрепинен арнаўлы сертификат ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Тезлик пенен раўажланып баратырған ҳәзирги заманда журналист мийнетиниң қаншелли машақатлы ҳәм жуўапкершиликли екенин жақсы билемиз. Сонлықтан да район ҳәкимлиги «Халқ минбари» газетасы редакциясы журналистлериниң ийгиликли арзыў-нийетлери ҳәм басламаларын турақлы түрде қоллап-қуўатлап келмекте. Жақында еки «Шалола»шы қызымызға районымыз ҳәкими А.Сапарбаевтың баҳалы саўға — уялы телефон  инам еткени де пикиримизди тастыйықлайды.

Жоқарыда айтып өткенимиздей, «Халқ минбари» — районымыздың бирден-бир сиясий ҳәм ғалаба басылымы. Соның ушын да алдымызда турған ўазыйпалар көлеми оғада кең. Бүгинги глобалласыў процесинде газета оқыўшысының информацияға болған талабы да жүдә күшли. Қала берсе, бүгинги күн менен тең қәдем таслаў ушын журналистке Журтбасшымыз айтқанындай, мәртлик керек. Баспасөз — ҳақыйқый пида­йылар тараўы. Ҳәр бир ўақыяны өткир ҳәм терең көзқарас пенен бақлап, талқылаў ҳәм орынлы жуўмақ шығарыў, ўақыялар раўажын әдалат тәрезисинде тартып барыў болса — журналистлердиң тий­карғы ўазыйпасы.

Газета бир, еки яки үш-төрт адамның мийнетиниң жемиси емес. Ҳәзирги пайытта «Халқ минбари»н ҳақыйқый халық минберине айландырыў ушын орынлардағы жәмийетлик хабаршылар, түрли тараўлардың ўәкиллери есапланған штаттан тыс хабаршылардың материалларына тийкарғы итибар қаратылып атыр. Демек, 75 жастағы «Халқ минбари»ниң бүгингидей дәрежеге жетиўине үлес қосып киятырған барлық нураный журналистлер, жәмийетлик хабаршыларды редакциямыз, жеке өзимниң атымнан қутлықлайман. Барлық кәсиплеслеримизге жаңа табыслар, шаңарақлық бахыт, денсаўлық тилеймен.

 

Лала ХОЖАНИЯЗОВА,

Беруний районы «Халқ минбари» газетасының Бас редакторы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF