УМЫТЫЛМАС ТӘСИРЛЕР АЛДЫ
Пайтахтымызда жайласқан «Нукусэлектроаппарат» жуўапкершилиги шекленген жәмийети қоспа кәрханасы бүгинги күнде елимизде заманагөй электротехника өнимлерин ислеп шығарыўшы ири өндирис кәрханасы болып есапланады.
Мине, усы ири өндирис кәрханасы жумыслары менен жақыннан танысыў мақсетинде Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң физика факультети деканы А.Муратовтың басшылығында усы факультеттиң электр энергетикасы, электр техникасы ҳәм энергетика қәнигелиги бағдарындағы 1,-2,ҳәм 3-курсларында оқып атырған бир қатар студент жаслары бул жерге келди.
— Мен ҳәр дайым усы кәрхана қасынан өтсем, ишиндеги жумыс барысы мени жүдә қызықтырар еди. Бизлер бүгин устазларым ҳәм досларым менен буның гүўасы болдық. Бул жердеги ең соңғы заманагөй энергетика техникаларының ислеў процесин көрип, таңлаған қәнигелигиме болған қызығыўшылығым артты,-дейди энергетика қәнигелигиниң 2-курс студенти Ж.Хожамбергенов.
Ҳақыйқатында да болажақ қәниге ушын теориялық билимлерин еле де жетилистириўине шараят жаратыўшы, өндирис пенен тығыз байланыста болыўы оғада әҳмийетли ҳәм умытылмас қубылыс.
Атап өтиў керек мәмлекетимизде бул бағдардағы Президентимиз тәрепинен жоқары билимлендириў системасындағы тийкарғы ўазыйпаларға бағышланған видеоселектор мәжилисинде атап өткен төрт тийкарғы ўазыйпалардың бири студентлердиң өндирис пенен үзликсизлигин тәмийинлеў ҳәм студенттиң өз үстинде ислеўи ушын орталық жаратыў мәселесин үлкен ўазыйпа етип белгилеген еди. Демек, бул жасларымыздың келешегине үлкен исеним бағышлап, олардың ертеңги күни өндириске албырамай таяр кадр болып араласыўына қолайлы шараят жаратылыўынан дерек береди. Кәрханаға келген бир топар жаслар усы кәрхананың ислеп шығарыў бойынша директор орынбасары Ж.Жабборов, «Ўзэлтехсаноат» бирлеспеси баслығының жаслар мәселелери бойынша орынбасары Н.Толиповлардан бул жердеги жумыс ислеў процеси, жаңа заманагөй электротехникалар ҳәм керекли болған мағлыўматлар бойынша кең түсиниклер алды.
— Бул кәрханада бүгинги күнде жумыс ислеўшилердиң көпшилиги жас қәнигелерден ибарат. Олардың арасында Қарақалпақ мәмлекетлик университетин питкерип, ислеп атырған қәбилетли жасларымызда бар.
Кәрхана инженерлери Ж.Узақбаев, Қ.Матназаров, Н.Исаков, электр монтажлаўшысы М.Жалиевалар өз кәсибиниң маман пидайылары. Бүгинги студентлеримиз де танысыў барысында қәнигелеримизден жақсы түсиник алып, олардың қызығыўшылығы артса, ертеңимиз ушын болажақ қәниге,-дейди «Ўзэлтехсанаот» бирлеспеси баслығының жаслар мәселелери бойынша орынбасары Н.Толипов.
Әлбетте, илим менен өндирис тармақларының биргеликтеги бундай байланыслары, ертеңги күнде өндириске араласқан жоқары оқыў орнын питкерген жасларымыз турмысында унамлы нәтийже болып хызмет етеди.
З.ЕРЕКЕЕВА,
арнаўлы хабаршымыз.