Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 06:50:31, 21.09.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖАҢА ИМКАНИЯТЛАР БОСАҒАСЫНДА

Жақында Ташкент ҳәм Нөкис қаласында Қарақалпақстан Республикасының туристлик потенциалын додалаўға бағышланған «Қарақалпақстанның туризм потенциалы: жаңа имканиятлар ҳәм машқалалар» атамасындағы онлайн илаж болып өтти.

Ушырасыў ЮНЕСКОның Өзбекстандағы ўәкилханасы тәрепинен ҳәм Өзбекстан туризм ҳәм спорт министрлиги менен биргеликтеги «Аўыл хожалығы аймақларының раўажланыўын қоллап-қуўатлаў арқалы Арал бойы регионында инсан қәўипсизлигиниң әҳмийетли машқалаларын шешиў» жойбары шеңберинде шөлкемлестирилди.

Онда Қарақалпақстанның туризм ҳәм мәденият тараўындағы миллий мәпдар тәреплер қатнасыўындағы турақлы туризм бойынша халықаралық эксперт ҳәм Жипек жолы бағдарындағы қәнигеси Алла Пересолова ханым, туризм маркетинг бойынша қәниге Кевин Харрис, туризм ҳәм ҒХҚ бо­йынша қәниге ҳәм мәс­ләҳәтши журналист Джон Белл қатнасып, ушырасыўды ЮНЕСКОның Өзбекстандағы ўәкилханасының мәденият мәселелери бо­йынша қәнигеси М.Махмудова алып барды.

Қәнигелердиң атап өткениндей, Өзбекстан узақ жыллық өтмишине ийе тәкирарланбас бай мәдения­ты, миллий мийраслары, тарийхый естеликлерине ийе болған мәмлекетлерден бири. Соның ишинде бүгинги күнде экологиялық шараятта жасап атырған Қарақалпақстан дүнья жәмийетшилигиниң дыққатын өзине қаратып келмекте. Бүгинги өткерилип атырған ушырасыў елимиздиң бай мәдений ҳәм миллий қәдириятлары,  тәбийғый байлықлары ҳақ­қында халықаралық ҳәм миллий дәрежедеги хабардарлықты арттырыўға қаратылған бир қатар жойбар бағдарламаларының биринши ушырасыўы болып табылады. Биз бул арқалы ишки ҳәм халықаралық туристлерди мәмлекетимиздеги дыққатқа ылайық орынлар менен таныстырыў, сонда-ақ, еле көпшиликке танылмаған жерлерди излеп табыў нәтийжесинде аймақларда экологиялық туризм тараўының инклюзив турақлы өсиўин ҳәм халықтың турмыс абаданлығын тәми­йинлеўге ерисиў имканияты бар екенлиги атап өтилди. Соны да умытпаўымыз керек, туристлердиң нәзерин тартыўда бәршемиз биргеликте ҳәрекет етип шешимлерин табыў жаңа имканиятларға жол ашатуғынлығы айрықша атап өтилди.

Бул онлайн ушырасыў илаждың дәслепки басламасы болып алдағы ўақытта даўам етип, жойбар шеңберинде әмелге асырылатуғын жумыслар елимиздиң социал-экономикалық турмысын жақсылыўға хызмет ететуғынлығына исенемиз.

Ушырасыў барысында қәнигелер өз-ара сәўбетлесип, пикир ҳәм усынысларын билдирди.

З.ЕРЕКЕЕВА,

арнаўлы хабаршымыз.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF