Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 06:43:39, 21.09.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

«ТАШАББУС – 2021» ЖЕҢИМПАЗЛАРЫ АНЫҚЛАНДЫ

 Өзбекстан Республикасы Президентиниң саўғасы ушын «Ташаббус-2021» таңлаўының Қарақалпақстан Республикалық басқышы өткерилди.

«Ташаббус» таңлаў-жарысы мәмлекетимиз экономикасында болып атырған унамлы өзгерислерди көрсететуғын тийкарғы ўақыялардан есапланып, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, оларды хошаметлеў бойынша үлкен әҳмийетке ийе.

Таңлаў-жарысты өткериўден тийкарғы мақсет – аймақларда киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликтиң жедел раўажланыўын хошаметлейтуғын бизнес орталықты жаратыў, мәмлекет экономикасында жеке сектордың үлеси ҳәм әҳмийетин, исбилерменлердиң кәсиплик шеберлигин ҳәм билим дәрежесин арттырыў ушын зәрүр шәраятлар жаратыў, исбилерменлик жумысындағы алдыңғы тәжирийбелерди ғалаба ен жайдырыў, исбилерменлер арасында хожалық байланысларын кеңейтиў ҳәм олардың ислеп шығарып атырған өнимлерин реклама етиўге, жумысында корпоратив басқарыў принциплерин енгизиўге жәрдемлесиў болып есапланады.

Быйылғы таңлаў алдынғы жылларға салыстырғанда өзгеше түрде өткерилди. Бурын таңлаў «Ең жақсы исбилермен», «Ең жақсы фермер», «Ең жақсы өнермент»  атамасындағы тийкарғы 3  бағдар бойынша өткерилетуғын болса, соңғы 3 жылдан берли санаат тараўында «Ең жақсы исбилермен», хызмет көрсетиў тараўында «Ең жақсы исбилермен», «Ең жақсы жас исбилермен», «Ең жақсы фермер», «Ең жақсы өнермент» бағдарлары бойынша  өткерилмекте. Яғный, «Ең жақсы исбилермен» бағдары санаат, хызмет тараўлары бойынша бөлинген ҳәм бул бағдарға «Ең жас исбилермен» номинациясы да қосылды. Бул Президенимиздиң ҳәр бир тараўға деген итибары ҳәм жас исбилерменлерди айрықша қоллап-қуўатлаўы болып табылады.

«Ташаббус-2021» таңлаў-жарысының қалалық ҳәм районлық басқышлары усы жылдың 1-4-июнь күнлери болып өтип, жеңимпазлар анықланды ҳәм олар республикалық басқышқа жолламаны қолға киргизди. Таңлаўдың қалалық ҳәм районлық басқышларында 900ден аслам исбилерменлер, фермерлер ҳәм өнерментлер қатнасып, олардан 84 жеңимпаз Қарақалпақстан Республикасы басқышына жоллама алған еди.

2021-жыл 11-июнь күни Нөкис Олимпиада резервлери колледжинде «Ташаббус-2021» таңлаў-жарысының Қарақалпақстан Республикалық басқышы қатнасыўшыларының өнимлери көргизбеси шөлкемлестирилип, жуўмағы бойынша Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында жеңимпазларды сыйлықлаў мәресими болып өтти.

Күнниң биринши ярымында қалалық ҳәм районлық басқыш жеңимпазларының өнимлер көргизбелери менен бирге азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы өнимлериниң саўда ярмаркалары да шөлкемлестирилди. Көргизбеге 1500 ге шамалас тамашагөй қатнасты.

Таңлаў-жарысының ашылыў мәресиминде шығып сөйлегенлер, бул таңлаўға қатнасыўшылардың саны жылдан-жылға көбейип атырғанлығын, исбилерменлик пенен шуғылланатуғын жаслар ҳәм ҳаял-қызлар санының артып баратырғанлығын атап өтти.

Усындай ҳәрекетлер нәтийжесинде Қарақалпақстанда киши бизнестиң мәмлекет жалпы ишки өним ислеп шығарыўдағы үлеси 2020-жыл жуўмағында 54,3 процентти, санаатта 104,1 процентти, хызметлер көрсетиўде 33,6 процентти қурады. Сондай-ақ, мәмлекетимизде киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, оларды хошаметлеў мақсетинде бир қанша таңлаўлар ҳәм исбилерменлик субъектлери өнимлери көргизбелери шөлкемлестирилип келмекте.

Таңлаў-жарысының Республикалық басқышында «Төрткүл шийше ыдыслары» ЖШЖ баслығы Ҳ.Юлдашев санаат тараўында «Ең жақсы исбилермен», «Мойнақ тур» ЖШЖ баслығы А.Бекжанова хызмет көрсетиў тараўында «Ең жақсы исбилермен», «Эколайн руут» ЖШЖ баслығы М.Низаматдинов «Ең жақсы жас исбилермен», «Панаев фармс» фермер хожалығының баслығы Т.Панаев  «Ең жақсы фермер», «Жолымбетов Ибрайым»  жеке кәрханасының баслығы И.Жолымбетов «Ең жақсы өнермент» бағдарлары бойынша биринши орынды ийеледи. Соның менен бирге, «Ең жақсы исбилермен ҳаял», «Ең жақсы фермер ҳаял», «Ең жақсы өнермент ҳаял»,  «Мәҳәллелерде ең жақсы исбилерменликти жолға қойған исбилермен»,  «Жасларға ең көп жумыс орнын жаратқан исбилермен», «Устаз шәкирт  мектебин шөлкемлестирген ең жақсы өнермент» ҳәм басқа да қосымша номинациялар бойынша жеңимпазлар анықланды.

Республикалық басқыштың тийкарғы бес бағдары бойынша жеңимпазлары усы жылдың 14-15-июнь күнлери Ташкент қаласында болып өтетуғын финальлық басқышта қатнасыў жолламасын қолға киргизди.

Сыйлықлаў мәресиминде қарақалпақ эстрада жулдызлары ҳәм жас қосықшылардың атқарыўында концерт бағдарламасы қойып берилди.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF