Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 06:41:46, 21.09.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

БОЗАТАЎДА ЖАҢЛАҒАН ЖАСЛАР ҲАЎАЗЫ

 Бурын хабар бергенимиздей, үш күн даўамында Нөкис қаласы ҳәм Бозатаў районында «Республика жаслар ҳаўазы» фестивалы болып өтти.

Өзбекстан Республикасы Президенти басшылығында 2019-жылдың 19-март күни жаслар менен ислесиўди нәтийжели шөлкемлестириўде мәденият, көркем өнер, спорт, мәлимлеме технологиялары, китап оқыўға қызығыўшылықты арттырыўға бағышланып өткерилген видеоселектор мәжилисиниң протоколы және елимиз басшысының 2020-жылдың 2-октябрь күни республикамызға сапары ўақтында белгилип берилген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Бозатаў районында «Республика жаслар ҳаўазы» фестивалын өткериў белгиленген еди.

Фестивальдың аймақлық басқышлары кастинг тәризинде  6 жастан 15 жасқа шекемги және 16 жастан 30 жасқа шекемги жаслар арасында «Миллий атқарыўшылық ҳәм бақсышылық», «Опера» ҳәм «Эстрада» бағдарлары бойынша өткерилди. Онда қәбилетли жаслар қатнасып, олардың арасынан ҳәр бир бағдардан жас категориялары бойынша жеңимпазлар анықланып, Қарақалпақстан Республикасында болып өтетуғын финаллық басқышқа жоллама алды.

Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театрында эстрада жөнелиси, Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң мәденият сарайында миллий атқарыўшылық ҳәм бақсышылық бағдары, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музакалы театрында опера бағдары бойынша жуўмақлаўшы басқышы болып өтти. Онда Ташкент қаласы, ўәлаятлар ҳәм Қарақалпақстан Республикасында өткерилген аймақлық басқышлардың жеңимпазлары болған жас талант ийелери өзлериниң өнерлерин көрсетти.

Фестивальдың үшинши күни илажлар Бозатаў районы Жаслар орайында мәденият ҳәм көркем өнер тараўындағы жас илимпазлардың қатнасында илимий-әмелий конференция болып өтти. Онда Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы, сенатор А.Даниров ҳәм басқалар шығып сөйлеп, елимизде Президентимиздиң басшылығында жас талант ийелерин қоллап-қуўатлаў бойынша әмелге асырылып атырған илажларға тоқтап өтти.

Усы күни «Өнерли жаслар» тигиўшилик таңлаўы, спорттың баскетбол түри бойынша Бозатаў районы салық инспекциясы баслығының кубоги ушын ҳәм «Киберспорт» жарыслары болып өтти.

Фестиваль шеңберинде Бозатаў районында миллий өнертменшилик көргизбеси шөлкемлестирилип, онда республикамыздың 6 районынан келген 32 өнермент миллий кийимлер, саз-әсбаплар, кестешилик, гилем ҳәм басқа да буйымлары менен қатнасты. Онда жеңимпазларға ҳәм белсене қатнасқанларға «Өнермент» бирлеспеси, Жаслар ислери агентлиги, Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақтсан Республикасы басқармалары тәрепинен диплом ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.

Райондағы Бердақ атындағы Жаслар бағында «Қарақалпақ миллий тағамлары» фестивалы өткерилди. Илажды шөлкемлестириўден тийкарғы мақсети, қарақалпақ миллий тағамларын жаслар арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў, умытылып баратырғанларын қайта тиклеў ҳәм усы арқалы аймағымызға туристлерди тартыў болып табылады. Республикамыздың барлық районларынан келген аспазлар өзлери тәрепинен таярланған миллий тағамлары менен қатнасты. Төрешилер қурамы тәрепинен жеңимпазлар анықланды. Биринши орын Шымбай районынан келген аспаз Алтынай Зариповаға, екинши орын Төрткүл районынан Гүлбәҳәр Ҳайтбаеваға, үшинши орын Мойнақ районынан Гүлмира Батырбаеваға берилди. Сондай-ақ, бир қатар номинациялар бойынша жеңимпазлар анықланды.

Бозатаў районындағы орайлық стадионда «Республика жаслар ҳаўазы» фестивалының жуўмақлаўшы гала концерти ҳәм жеңимпазларды сыйлықлаў мәресими болды.

Төрешилер қурамының шешими менен Миллий атқарыўшылық ҳәм бақсышылық бағдары бойынша 6-15 жастағылар арасында биринши орынды Ташкент қаласынан Севинч Жовлиева, екинши орынды Хорезм ўәлаятынан Махлиё Нарбоева, үшинши орынды Қарақалпақстан Республикасынан Байрамбай Жийенбаев, 16-30 жастағылар арасында биринши орынларды Хорезм ўәлаятынан Батыржан Рахманов, Ташкент ўәлаятынан Элдар Турсунов, екинши орынларды Сурхандәрья ўәлаятынан Абдирахман Абдиназаров, Бухара ўәлаятынан Гулширай Бахшиллаева, үшинши орынларды Наўайы ўәлаятынан Хумора Махамматкулова, Қашқадәрья ўәлаятынан Бекжан Рахимов ийеледи.

Опера бағдары бойынша 6-15 жастағылар арасында биринши орын Қарақалпақстан Республикасынан Нышанбек Мырзабаевқа, екинши орын Хорезм ўәлаятынан Умрбек Йулдашевқа, үшинши орын Ташкент ўәлаятынан Кристина Петросянға, 16-30 жастағылар арасында биринши орын Хорезм ўәлаятынан Амирзода Жуманиязовқа, екинши орын Қарақалпақстан Республикасынан Шыраз Турсынбаевқа, үшинши орын Ташкент қаласынан Хадиша Имамназароваға берилди. Эстрада бағдары бойынша 6-15 жастағылар арасында биринши орынды  Ташкент қаласынан Фирдавс Авезов, екинши орынды Қарақалпақстан Республикасынан Миясар Дәўлетбаева, үшинши орынды Наманган ўәлаятынан Гулвора Мажидуллаева, 16-30 жастағылар арасында биринши орынды Қарақалпақстан Республикасынан Мусағали Молдабаев, екинши орынды Жиззақ ўәлаятынан Умаршаш Сайдалиев, үшинши орынды Ташкент қаласынан Дилшод Джалалов ийеледи. Барлық бағдарлар бойынша биринши орын ийелерине 50 миллион сум, екинши орынларға 25 миллион сум, үшинши орынларға 15 миллион сум пул сыйлығы тапсырылды.

-Қарақалпақстан Республикасына биринши келиўим маған әўмет алып келди,-дейди миллий атқарыўшылық ҳәм бақсышылық бағдары бойынша 6-15 жастағылар арасында биринши орын жеңимпазы Ташкент қаласынан Севинч Жовлиева-Әсиресе, бул жердиң халқының миймадослығы, ашық кеўиллиги мен де айрықша тәсир қалдырды. Ең баслығы, азғана ўақыттың ишинде қарақалпақ тилин үйрениўге ҳәрекет еттим.

Көркем өнер шеберлериниң, белгили эстрада қосықшыларының ҳәм жас атқарыўшылардың концерт бағдарламасы, салютлар шоусы қатнасыўшылар менен мийманларда айрықша тәсир қалдырды.

Фестивальдың жуўмақлаўшы гала концерти ҳәм жеңимпазларды сыйлықлаў мәресимине Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Давлетов, Өзбекстан Жаслар ислери агентлиги директоры А.Саъдуллаев қатнасты.

 Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF