Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 04:40:55, 21.09.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

КЕҢЕСТИҢ ИБРАТЛЫ ИСЛЕРИ

Газетамыздың бүгинги мийманы — Қарақалпақстан  Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министриниң кекселер бо­йынша орынбасары,  Республикалық Нураныйлар жәмәәтшилик кеңесиниң баслығы Турсынбай Абдижаббаров. Биз оның менен кеңес тәрепинен исленип атырған жумыслар ҳаққында сәўбетлестик.

— Турсынбай аға, сәўбетимизди Жәмәәтшилик кеңеслердиң ўазыйпасы, олар тәрепинен исленип атырған жумыслар менен басласақ...

— Мақул. Нураныйлар жәмәәтшилик кеңеси өз жумысларын жәмәәтшилик тийкарында әмелге асыратуғын, ҳәмийше ҳәрекет етиўши мәсләҳәт кеңес органы есапланады. Кеңес нызамшылық, коллегиялық, әшкаралық, өз-ара ҳүрмет, тең ҳуқықлылық, ықтыярыйлық ҳәм жәмәәтшилик пикирин есапқа алған ҳалда ис жүргизеди. Нураныйлар жәмәәтшилик кеңесиниң тийкарғы ўазыйпалары ҳәм функ­циялары төмендегилерден ибарат:

- кекселерди қоллап-қуўатлаў бойынша нызам ҳүжжетлериниң орынланыўын тәмийинлеўге көмеклесиў;

- нураныйлардың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерине тийисли ең әҳмийетли мәселелер бо­йынша министрликтиң қала ҳәм район бөлимлериниң жумыслары ҳаққында жәмәәтшиликтиң, соның ишинде кекселердиң пикирин системалы түрде мониторинг етиў ҳәм ҳәр тәреплеме тал­қылап барыў;

- жалғыз кекселер, пенсионерлер, майыплығы болған нураныйлардың машқалаларын комплекс үйрениў ҳәм бул бо­йынша усыныслар ислеп шығыў;

- қабыл етилип атырған қарарларды, сондай-ақ, тараў ҳәм аймақларды раўажландырыў бағдарламаларында кекселердиң мәплери ҳәм жәмәәтшилик пикирлериниң есапқа алыныўы, министрликтиң қала ҳәм районлық бөлимлериниң нураныйлардың мәплерине тийисли ўазыйпаларды орынлаў менен байланыслы жумыслары үстинен жәмәәтшилик қадағалаўды әмелге асырыў;

- мәҳәллелерде нураныйлардың билим ҳәм бай турмыс тәжирийбелеринен жаслар мәнаўиятын раўажландырыў, оларда ўатансүйиўшилик руўхын беккемлеў мәселелеринде нәтийжели пайдаланыў системасын жол­ға қойыўға көмеклесиў.

Қарақалпақстан Республикасы, ҳәр бир қала ҳәм районда 15 адамнан ибарат Нураныйлар жәмәәтшилик кеңеслери, жәми 270 кекселерден ибарат кеңеслер дүзилген.

2021-жылдың 1-май жағдайына Қарақалпақстан Республикасында 210 мың 710 пенсионерлер есапқа алынып, майыплығы бар 31 мың 414 ҳәм 1 мың 457 жалғыз баслы ҳәм жалғыз жасаўшылар бар, соннан азық-аўқат алыўшылар 419, үйинде социаллық хызмет көрсетилип атыр­ғанлар 1 мың 38 адам.

Өзгелердиң жәрдемине мүтәж 1 мың 457 жалғыз баслы ҳәм жал­ғыз жасаўшы кекселер, соннан 419 майыпларға 278 млн. 818 мың 600 сумлық тийкарғы түрдеги азық-аўқатлар, гигиена буйымлары менен, 1 мың 38 пенсионер ҳәм майыпларға өз үйинде социаллық хызмет көрсетиў ушын оларға 204 социаллық хызметкерлер бириктирилген, солардың 425 и шыпакерлердиң рецептлери бойынша 21 млн. 501 мың сумлық дәрилер менен, 36 майыплығы болған жалғыз кекселер протез ортопедия буйымлары ҳәм реабилитация техникалық үскенелер менен тәмийинленди.

— Турсынбай аға, жақында ғана 9-май — «Еслеў ҳәм Қәдирлеў күни» көтериңки руўхта белгиленди. Бул бо­йынша да мағлыўмат бер­сеңиз?

— Усы жыл 20-апрель күни ҳүрметли Президентимиздиң «Еслеў ҳәм Қәдирлеў күнине таярлық көриў ҳәм оны өткериў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-5081-санлы қарары қабыл етилди. Онда айтылыўынша, екинши жер жүзилик урыс миллионлаған бийгүнә адамлардың биймезгил өлимине, мисли көрилмеген жоғалтыўлар ҳәм зыян­ларға себепши болған дүньядағы ең қорқынышлы, қанлы қыр­ғынлардың бири сыпатында инсаният тарийхында мөрленип қалды.

Көп миллетли Қарақалпақстан Республикасынан урысқа 66 мың адам атланып, олардан 34 мыңы қырғын саўашларда қаҳарманларша қаза тапты. Қарақалпақстанлы 14 мыңнан аслам жаўынгерлер атақ, орден ҳәм медальлар менен сыйлық­ланған. Соңғы мағлыўматларға сүйенсек, 7 жерлесимизге «Советлер аўқамының қаҳарманы» атағы берилген. Булардан басқа 6 адам «Слава» (Данқ) ордениниң толық кавалерлери болған. Халқымыздың перзентлери барлық фронтларда өз елин, Ўатанын мәртлерше қорғады. Барлық саўашларда да қарақалпақстанлы әскерлер қаҳарманлықтың әжайып үлгилерин көрсетти. Қарақалпақ халқының Сталинград саўашларында қаҳарман бол­ған улларының ҳүрметине ҳәзир Волгоград қаласының орайлық көшелериниң бири «Каракалпакия» деп аталады.

Бүгинги күнде республикамызда 6 екинши дүнья жүзилик урыс қатнасыўшылары ҳәм мийнет фронты, яғный, тылда ислеген 383 кекселер бар. 25 жүз жас­тан асқан нураныйларымыз жасайды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, Министрлер Кеңесиниң Баслығы ҳәм оның орынбасарлары Арқа-батыс әскерий округи командири, республика Қорғаныў ислери баслығы, Миллий гвардия басқармасы баслығы, Ишки ислер министри урыс қатнасыўшыларының шаңарақларына барып, ҳүрметли Президентимиздиң Жеңистиң 76 жыллығына байланыслы кутлықлаўын оқып еситтирди, ҳәр бирине 12 млн. сум нақ пул ҳәм басқа да қымбат баҳалы саўғаларын салтанатлы түрде тапсырды.

Қала ҳәм район ҳәкимликлери, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлер, кәсиплик аў­қамлары, кәрхана ҳәм мәкеме басшылары, исбилерменлер, фермерлер тәрепинен жәми 1 мың ҳҳҳ жәрдемге мүтәж жалғыз баслы ҳәм майыплар, ғәрезсизлик жылларында хызмет ўазыйпасын орынлаў ўақтында қайтыс болған әскерий хызметкерлер ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлериниң шаңарақ ағзаларына 588 млн. сумлық (телевизор, музлатқыш, газ плитасы, үй-руўзыгершилик буйымлары, ки­йим-кеншек ҳәм т.б.) материаллық жәрдемлер көрсетилди.

— Жақында ғана мүбәрек Рамазан айы жуўмақланды, усы айда өткерилген илажлар бойынша да айтып өтсеңиз?

— Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 8-апрельдеги «Мүбәрек Рамазан айын мүнәсип тәризде өткериў хаққында»ғы ПҚ-5062-санлы қарарына тийкарланып, бул мүбәрек айды карантин қағыйдаларына қатаң әмел еткен ҳалда миллий қәдириятларымызға сай ҳәм мүнәсип түрде өткериў бойынша ис-илажлар әмелге асырылды.

Рамазан айының мазмун-мәнисинде бар болған инсаныйлық, мәнаўий пәклик, сабыр-тақаат киби пазыйлетлерди ҳүрметлеў, бугинги тыныш ҳәм пәраўан турмысымызды қәдирлеў, адамларды бир-бирине жақсылық етиўге, татыў ҳәм аўызбиршиликли жасаўға шақыратуғын, жас әўладты ана-Ўатанға муҳаббат, садықлық, үрп-әдет ҳәм қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәр­биялаўға хызмет ететуғын 420 руўхый-ағартыўшылық илажлары, 228 мәнаўий илажлар, 226 жәмәәтшилик қадағалаўлары өткерилип, 52 муқаддес орынлар ҳәм зыярат орынлары, 275 қәбиристанлар абаданластырылды. Қарақалпақстан Республикасы бойынша усы айда 4 мың 125 социаллық жәрдемге мүтәж пуқараларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға жәми 1 млрд. 403 млн. 192 мың сумлық, соннан 215 млн. 600 мың сум нақ ақшалай, 924 млн. 700 мың сумлық азық-аўқатлар, 4 млн. 100 мың сумлық дәри-дәрмақлар, 259 млн. сумлық басқа да материаллық жәрдемлер көрсетилди.

— Турсынбай аға, кеңестиң ишки туризмди раўажландырыў мәселелери бо­йынша ислеп атырған жумыслары ҳаққында не айтасыз?

— Ишки туризмди раўажландырыў бойынша биринши нәўбетте жалғыз баслы ҳәм жәрдемге мүтәж нураный ата ҳәм аналарымызды мәмлекетимиздиң тарийхый қалалары ҳәм дыққатқа ылайық орынларына саяхат сапарлары шөлкемлестирилип келинбекте. Усы жыл 9-12-февраль күнлери Нөкис қаласынан 54 адам Ташкент қаласын тамашалап қайтты. Шоманай районынан 40, Қараөзек районынан 45, Беруний районынан 35, Шымбай районынан 100 адам Самарқанд қаласына саяхатқа барып қайтты. Хожели районынан усы жыл 16-17-апрель күнлери Бухара қаласына 55 адам саяхат етти. Усы жылы Нөкис ра­йонынан 21, Қоңырат районынан 40, Әмиўдәрья районынан 120 адам Хийўа қаласына саяхат­қа барып қайтты. Усы жыл 21-май күни Нөкис қаласы, Нөкис, Хожели, Тақыятас районларынан жәми 50 адамның Хийўа қаласына саяхаты шөлкемлестирилди. Усы саяхатларға барып қайтқанлар арасында «Ҳаяллар», «Темир», «Жаслар» дәптерлерине киргизилген пуқаралар да болды. 2021-жылдың 5 айы даўамында жәми 798 адамның бийпул саяхаты ҳәм зыяратлары әмелге асырылды. Қәўендерлер тәрепинен 176 млн. 745 мың сум қаржы сарпланды.

— Жаслар тәрбиясы, саламатлық бағдарламалары бойынша исленип атырған жумыслар хаққында да айтсаңыз?

— Республикамызда 416 пуқаралар жыйынлары бар болып, соннан 366 пуқаралар жыйынларындағы 3 мың 814 тәрбиясы аўыр, мәнаўий жәрдемге мүтәж, жәмлеспеген, жумыссыз жаслар анықланып, «Ҳәр бир нураный — 5 жасқа устаз» принципи тийкарында 781 белсенди нураныйларға бириктирилди. Жасларды турақлы түрде кәсипке бағдарлаў бойынша оқыў курслары, семинарлар шөлкемлестирилип, мәнаўий-мәдений илажлар өткерилип барылды. 781 социал белсенди нураныйлар тәрепинен алып барылған әмелий жумыслар нәтийжесинде 839 жаслардың дизимнен шығарылыўына ерисилди. Жаслардың өз қәлеўине көре фермер хожалықларынан жерлер ажыратылып, айырымларына кредитлер берилип, өз исбилерменлиги менен шуғылланыў ушын жәрдемлер көрсетилип, бәнтликке көмеклесиў орайлары арқалы жәмийетлик жумысларға орналастырылды.

15 мың 252 нураныйдың қатнасында «Саламатлық ушын 5000 қәдем» пияда жүрислери шөлкемлестирилди. Миллий үрп-әдетлеримизди сақлаў ҳәм раўажландырыў бойынша мәҳәллелерде 332 мәрте үгит-нәсият илажлары өткерилди. Мәҳәллелерде жаслар, соннан профилактикалық 126 жаслар арасында 42 мәрте руўхый-ағартыўшылық илажлар өткерилди. Жас әўладларды әскерий-ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаўда кексе әўлад ўәкиллериниң социаллық белсендилигин арттырыў барысында Қорғаныў министрлиги менен өз-ара бирге ислесиў дүзими орнатылды. Усы тараўда Қорғаныў министрлигиниң қала ҳәм районлық бөлимлери менен биргеликте 51, әскерий бөлимлерде 5 ушырасыў өткерилди.

— Нураныйлардың мийнетин баҳалаўда тараўда қандай жумыслар исленип атыр?

— Усы жыл 8-март — Ҳаял-қызлар байрамы, улыўмахалықлық Наўрыз байрамы ҳәм 22-март Мәҳәлле системасы хызметкерлери күни байрамлары көтериңки руўхта өткерилип, оларға ардақлы нураныйлар шақырылып, саўғалар берилип, кеўиллери хошланды. Атап айт­қанда, 4 кексеге «Ардақлы нураный», 8 кексеге «Ўатан пидайысы» ҳүрметли атақлары берилди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 14-июль күнги ПҚ-3133-санлы қарары менен тастыйықланған «Мийнет ветераны» көкирек нышаны ҳаққындағы реже ҳәм Өзбекстан ветеранларының социаллық ҳәрекетин қоллап-қуўатлаў «Нураный» қорының 2020-жыл 25-сентябрьдеги 29-санлы буйрығында тастыйықланған режеге тийкар мәмлекетимиздиң социал-экономикалық раўажланыўына үлкен үлес қосқан қарақалпақстанлы нураныйлардың бир топары (39 адам) жоқарыда аты аталған көкирек нышаны менен сыйлықланды

Булардан басқа, Қарақалпақстан бойынша және 4 адам сыйлықланды, оларға өзлериниң мәкемелери бул нышанларды салтанатлы түрде тапсырды ҳәм байрам дастурханы жайылып, үлкен концерт бағдарламасы қойып берилди.

Сөзимниң соңында барлық нураныйларымызға быйылғы сайлаў ҳәм юбилей жылында беккем денсаўлық, узақ өмир, шаңарақларына татыўлық ҳәм берекет тилеймен. Олар алдымызда ҳәмийше саў-саламат, шады-қоррам болып жүриўине тилеклеспен.

 

СәўбетлескенС.ЖАНИЕВ.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF