Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 04:38:12, 21.09.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

УРЫС ҚАТНАСЫЎШЫСЫНЫҢ ЕСТЕЛИГИНЕ БАҒЫШЛАНДЫ

Жақында Өзбекстан Республикасы Қорғаныўға көмеклесиўши «Ватанпарвар» шөлкеминиң Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен Хожели районындағы Қарақалпақстан Республикасы 1-санлы Меҳрибанлық үйиниң спорт майданында екинши жер жүзилик урысы қатнасыўшысы, гвардия аға лейтенанты Мурат Махмудовтың естелигине бағышланған руўхый-ағартыўшылық ҳәм мәдений спорт илажы өткерилди.

Илажды өткериўден тийкарғы мақсет — жас әўладты миллий дәстүрлеримизге садықлық ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында камал таптырыў, оларды әскерий ўатансүйиўшилик руўхында тәр­бия­лаў, техникалық ҳәм әмелий спорт  түрлерине тартыў ҳәм жасларды белсенди пуқаралық  позициясына ийе мәмлекеттиң ыла­йықлы перзентлери сыпатында қәлиплестириўден ибарат болып табылады.

Илажға Хожели районы ИИБ ЖҲҚ бөлими баслығы Д.Қлычев, районлық Қорғаныў ислери бөлиминиң нураныйлары ҳәм районлық ХББне қараслы 15, 17, 37 ҳәм 40-санлы мектеплердиң жасларды әскерий шақырыққа шекемги таярлаў пәни муғаллимлери, сондай-ақ, шөлкемниң Нөкис қаласы, Әмиўдәрья, Беруний, Елликқала, Төрткүл, Қоңырат, Хожели, Кегейли, Шымбай ҳәм Қара­өзек районларындағы оқыў ҳәм спорт-техника клублары басшылары ҳәм хызметкерлери, секция ағзалары қатнасты.

Илажда шөлкемниң Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслығы орынбасары М.Шамуратов, ҚР 1-санлы Меҳрибанлық үйи директоры С.М.Сон ҳәм бир қатар нураныйлар шығып сөйлеп, олар өз сөзинде «Ватанпарвар» шөлкеминиң жасларды ўатан­сүйиўшилик руўхында тәрбиялаўдағы тутқан орны жоқары екенлигин атап өтип, жарыс қатнасыўшыларына әўметлер тиледи.

Илаж 4 бөлимнен ибарат болып, оның 1-бөлиминде шөлкемниң айдаўшылар таярлаўда қолланылатуғын автомототранспорт қураллары ҳәм спорт техникаларының  көргизбеси, бул техникаларды басқарыўдың көргизбели шығыўлары көрсетилди. 2-бөлиминде Хожели қаласы көшелеринде ИИМ ЖҲҚ басқармасы районлық бөлими хызметкерлериниң бақлаўында «Ватанпарвар» шөлкеми автомобильлери қатнасында «Үгит-нәсият автокәрўаны» өткерилди. 3-бөлиминде ҚР 1-санлы Меҳрибанлық үйи тәрбияланыўшылары менен Қорғаныў ислери министрлиги, «Ватанпарвар» шөлкеминиң нураныйлары, әскерий хызметкерлер ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлери қатнасында жасларда Ўатанға шексиз муҳаббат ҳәм үлкен әўлад ўәкиллерине ҳүрмет туйғыларын қәлиплестириў мақсетинде «Қаҳарманлық, миннет ҳәм пидайылық», «Өткенлерди еслеў — муқаддес қәдирият» сүренлери астында «Үш әўлад ушырасыўы» илажы өткерилди.

Илаждың жуўмақлаўшы 4-бөлиминде екинши жер жүзилик урысы қатнасыўшысы, гвардия аға лейтенанты Мурат Махмудовтың естелигине бағышлап «Ватанпарвар» шөлкеминиң техникалық ҳәм әмелий спорт түрлеринен саналған «Жазғы биатлон» бойынша  Қарақалпақстан Республикасы бириншилиги спорт жарысы өткерилди. Оған Нөкис қаласы ҳәм 9 районлардағы оқыў ҳәм спорт-техника клубларындағы секция ағзаларынан 40 ҳәм ҚР 1-санлы Меҳрибанлық үйинен 4, жәми 44 спортшы жаслар (22 ер бала, 22 қыз бала) қатнасты. Қызғын беллесиўлер астында болып өткен жарыс жуўмағында командалық есапта Әмиўдәрья районы биринши, Беруний районы екинши, Кегейли районы үшинши орынды ийеледи. Жарыс жуўмағында «Жазғы биатлон» спорт жарысының жеңимпазлары шөл­кемниң Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен I, II, III дәрежели медаль ҳәм дипломлар, Ҳүрмет жарлықлары ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

С.ОРАЗЫМБЕТОВ,

өз хабаршымыз.

Хожели районы.

СҮЎРЕТТЕ: жарыс жеңимпазлары.

Автордың түсирген сүўрети.  

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF