Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 04:38:07, 21.09.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН ТАРИЙХЫНА ЖАҢАША НӘЗЕР

Елимиздиң бүгинги ҳәм келешек әўладымызды Ўатансүйиўшилик ҳәм миллий идеология руўхында тәрбиялаўда өзликти аңлаў, өз тарийхымызды жақсы билиў тийкарғы ўазыйпамыз саналады.

«Биз — бай тарийх, жоқары мәденият, уллы мәнаўият мийрасқорларымыз» деп тән алынғанындай, әййемги тарийхымызды ҳәр тәреплеме үйрениў ҳәм оннан сабақ алып, тәбият ҳәм тарийх нызамларын, оның раўажланыў процесслерин терең түсинип, орынлы жуўмақ шығарыўымыз керек.

Бул бағдарда социаллық-гуманитарлық илимий-изертлеў жумысларын кеңейтиў ҳәм жеделлестириў оғада әҳмийетли. Бүгинги жаслар тарийхтан сабақ алыўы, тарийхый санасы жетилисип, өтмиштен бүгинги келешекке қарай исеним менен нәтийжели жуўмақ шығарыўы тийис. Журтбасшымыз «Өзбекстан тарийхы» пәнин 2030-жылға раўажландырыў концепциясын ислеп шығыў ўазыйпасын қәнигелерге тапсырма етип берер екен, ол  өз сөзинде «Биз өз алдымызға мәмлекетимизде Үшинши Ренессанс дәўириниң фундаментин қурыўдай уллы мақсетти қойған екенбиз, буның ушын жаңа Хорезмийлер, Берунийлер, Ибн Синолар, Мырза Улығбеклер, Әлийшер Наўайылар ҳәм Мырза Бабурларды тәрбиялап беретуғын орталық ҳәм шараятларды жаратыўымыз керек» деген еди. Бунда дәслеп билимлендириў  ҳәм тәрбияны раўажландырыў, саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, илим-пән ҳәм инновациялық раўажландырыўды жетилистириў, миллий идеология тийкарғы үстинлик болып хызмет етиўи лазым. Жаңа Өзбекстанда — жаңа дәўир басланды,  мектеплерде жаңаланған тәлим-тәрбия системасы енгизилмекте. Жаңа идея тийкарында кең көлемли реформаларды әмелге асырыў зәрүрлиги Мәмлекетлик бағдарламада белгиленген. Жаңа тәлим-тәрбияға жаңа сабақлықлар  жаратыў — заман талабы.

Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў аймақлық орайы менен биргеликте «Қарақалпақстан тарийхы» пәнин улыўма мәмлекетлик билим беретуғын орта мектеплер ушын жаңа сабақлықлар жаратыў ҳаққындағы мәселе бойынша республикамыздың көпшилик мектеплериниң тәжирийбели тарийхшы муғаллимлериниң қатнасыўында семинар өткерилди.

Усы мәселеде Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги жанындағы республикалық билимлендириў орайы қәнигеси, тарийх пәни методисти Д.Якияева «Қарақалпақстан тарийхы» пәни бойынша жаңа бағдарламаның мақсети ҳаққында түсиник берди.

«Қарақалпақстан тарийхы» тарийхнамасына шолыў, миллий тарийхымыз академия­лық ҳәм илимий-педагогикалық бағдарламада үйренилип ҳәм тарийхый-ағартыўшылықта пайдаланып атыр. 

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН ТАРИЙХЫ — АКАДЕМИЯЛЫҚ НӘЗЕРДЕ

Өзбекстан Илимлер академиясының Қарақалпақстан бөлими  тәрепинен биринши мәрте, буннан елиў жети жыл бурын (1964-жыл) рус тилинде «Очерки истории Каракалпакской АССР» атамасында, буннан қырық алты жыл бурын, (1975-жыл) ана тилимизде «Қарақалпақстан АССР тарийхы» атамасында академиялық еки томлық жарық көрди. Бул мийнетлерде: Қубла Арал бойы Әмиўдәрьяның төменги алабындағы титул этнос — қарақалпақлардың ең әййемги бабаларының бай өтмиши мәдений мийраслар сағалары — «неолит» дәўири, «Келте минар мәденияты»нан басланғаны көрсетиледи. Жыллар өтти. Қарақалпақстан тарийхын академиялық изертлеўлер даўам етпекте.

Ғәрезсизлик жылларында биринши мәрте жергиликли илимпазлар, илим ҳәм пәнлер тараўы қәнигелериниң қатнасыўында 2003-жылы «Қарақалпақстанның жаңа тарийхы» академиялық монографиясы жәрия­ланды. Бул китап Аралбойы қарақалпақларының «жаңа дәўир» тарийхы, ХVIII-ХIХ әсирлердеги тарийхый, социаллық-жәмийетлик ҳәм мәдений турмысынан  баслап — ХХ әсир ақырына шекемги сиясий-жәмийетлик турмысындағы өзгерислер көрсетилди. Академиялық китаптың өзгешелиги бурын, тарийхымызда «ақ излер» болған, сталинлик «репрессия жыллары» қуўдаланған ҳәм оның жәбирин тартқан, «халық душпаны» деп  наҳақтан ат тағыл­ған, тарийхта орны бар миллий зиялылардың исмлери, ғәрезсизлигимиздиң  қәдир-қымбаты айқын сәўлеленди.

«ҚАРАҚАЛПАҚСТАН ТАРИЙХЫ» — МЕКТЕПЛЕР УШЫН

Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги тәрепинен тас­тыйықланған мектеп бағдарламасы тийкарында мектеплердиң тарийх пәни муғаллимлери ҳәм жоқары класс оқыўшыларына арнал­ған, буннан жигирма сегиз жыл бурын «Қарақалпақстан тарийхы» атамасында (1993-жыл) туңғыш қолланба сыпатында, академик С.Камалов, А.Кощанов авторлығында баспадан шықты. Бул қолланбада: «Үлкемиздиң ең әййемги өтмиш излери — мәдений мийраслар дереклери — Үстирт кеңислигинде «палеолит» ҳәм «мезолит» дәўири естеликлери табылғаны көрсетилди. ХХI әсир басынан баслап «Қарақалпақстан тарийхы» атамасында мектеплер ҳәм лицей-колледжлер ушын жаңа «биргеликтеги авторлар» тәрепинен 5-6-7-8-9-10-классларға оқыў қолланба сабақлықлар жазылды. Әлбетте, жыллар өтиўи менен «Тарийх» пәни сабақлықлары жаңаланып барылмақта. Үлкемиздеги кең көлемли археологиялық изертлеўлер, жаңа ашылыўлар ҳәм жаңа дереклер китапларға киргизилип атыр.

ХХI әсир «тарийх» сабақлығын модернизациялаў — жаңалап жазыў мәселесинде, Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў аймақлық орайының устаз-алымы, тарийх илимлериниң кандидаты, доцент Р.Баўетдинов «Өзбекстан тарийхы» жаңа концепциясы тийкарында «Қарақалпақстан тарийхы» сабақлығын жаңадан жаратыў ҳаққында түсиник берди.

ҚАРАҚАЛПАҚ ТАРИЙХЫН ЖАЗЫЎ САҒАСЫНДА КИМЛЕР БОЛҒАН?

ХХ әсирдиң 30-жыллары «Қарақалпақлар ҳәм Қарақалпақстан тарийхы» атамасында үш томлық китап жазыўға академик А.Н.Самойлович басшылығында бир топар шығыстаныўшылар биригип, «Қарақалпақ бригадасын» дүзген, олар Санкт-Петербург, Саратов, Астрахань, Уфа, Казан, Москва ҳәм Элиста архивлеринде Русь дереклерин жыйнаған, Хорезм ҳәм Бухара алымларының тарийхый қолжазбаларын үйренген, ески карталардан «Қарақалпақ Ордасы»ның тарийхый географиясын анықлаған. Лекин, «Қарақалпақ бригадасы» ағзалары сталинлик «үлкен қырғын» жыллары қуўдалан­ған, биразы қамалған, қайтыс болған. Қарақалпақлар тарийхын жазыў мәселесинде Орайлық академиялық институтларына мүрәжат еткен: А.Досназаров, Қ.Әўезов, К.Нурмухаммедовлар да репрессия қурбанына айланды. Ойланып қарасақ, «миллий тарийх — кийели тарийх», бул халықтың бай өтмиши, жоқары мәнаўияты, мийрасларын саралап, буны мифлер, көркем сөзлер, қыялый тоқыма гәплер менен жазыўға болмайды деген ойға келесең.

«Қарақалпақстан тарийхы»  илимий-педагогикалық нәзерден алып қарасақ, Әжинияз атыңдағы НМПИ «Тарийх оқытыў методикасы» кафедрасы үлкен оқытыўшысы, устаз-алым О.Юсупов «Қарақалпақстан тарийхы» бойынша шыққан китапшаларға шолыў берди. Ол өз сөзинде «Бизлер археолог-алымлар М.Мамбетуллеев, М.Туребековлар менен биргеликте «Қарақалпақстан тарийхы» атамасында (2002-2003-2010-жж.) пединститут ҳәм академиялық лицейдиң оқытыўшыларына арнап «эксперименталь» сабақлық ҳәм қолланбалар, дүркин китапшалары (300-500 дана), өз  қаржымыз есабынан шығарылды. «Қарақалпақстан тарийхы» китапларын бес жылда жаңалап, модернизациялық усылда, толықтырып шығарыў дәўир талабы. Сабақлық, қолланба китаплар жазыў ҳәм шығарыў аңсат емес. Лекин, соған қарамастан, ҳәр бир зыялы, мектеп оқытыўшылары «миллий тарийхты» жаңаланып барыўын қәлеймиз. Жаңа миллий руўхтағы сабақлықларды жазыўда тарийхшы-илимпазларға арнап республикалық көлемде таңлаў жәриялаў, тәжирийбели-алым ҳәм тарийхшы-қәнигелерди тартыў керек. Оларға өзлериниң жаңаша көзқарастағы, заман талабына сай инновациялық шеберлик пенен толықтырылған идеялары менен қатнасыўына имканият жаратыў керек. Бүгинги «Тарийх» сабақлық китапқа тосыннан «биргеликтеги автор» болған, бийбаҳа «пикирлер» билдиргенлердиң миллий баспасөзде «Тарийх»қа арналған бир мақаласы барын билмеймиз!

Ғәрезсизликтиң дәслепки жылларынан баслап-ақ Қарақалпақ мәмлекетлик университети ҳәм Нөкис педагогикалық институтыңда «Қарақалпақстан тарийхы» пән сыпатыңда оқытыла баслады. Лекин, жоқары оқыў орнына арналған «Қарақалпақстан тарийхы» атамасында пүтин толық жазылған сабақлық жоқ. Солай екен, бүгинги күн заман талабы «Қарақалпақстан тарийхы»ның жаңадан китаплары жазылыўы ҳәм ҳәр тәреплеме көргизбели — мультимедиалы, электрон китап етип жаратыў бүгинниң ең әҳмийетли ўазыйпасына айланыўы кереклигин атап өтти.  

Қарақалпақстан тарийхы — пединс­титут ҳәм мектеп ушын

Нөкис мәмлекетлик педагогикалық инс­титутының «тарийх-филология» факультетинде, арнаўлы курс ҳәм факультетлераралық қәнигеликлерде «Қарақалпақстан тарийхы» пәни қысқа саат оқытылды. Усы жыллары «Қарақалпақстан тарийхын» мектеплерге таратыўда,  устаз-алымлар: профессор Қ.Сарыбаев, доцент Ж.Уббиниязов ҳәм профессор М.Тлеўмуратовлар пидайылық пенен мийнет етти. Археолог-алым Ғ.Хожаниязов ҳәм тарийхшы О.Юсуповлар таярлаған «Қарақалпақстанда муқаддес орынлар» (1992) «Естелик-китап» баспадан шықты. Устаз-алым, профессор Б.Шамамбетов ҳәм О.Юсуповлар «Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан тарийхы дереклерде» (1994), археолог-алымлар М.Мамбетуллаев, М.Туребеков ҳәм О.Юсупов таярлаған «Қарақалпақстан тарийхы» (2010) китаплары жәрияланды. Буннан басқа да, Б.Қошанов «Қарақалпақстан тарийхнамасы» ҳәм Б.Турғановтың «Қарақалпақстан тарийхы рус дереклеринде» атамасындағы жаңа қолланбалары, Е.Үсенов «Мениң әййемги Қарақалпақстаным»  атлы «Альтернатив» китапша жәриялады. «Альтернатив» деп айдар қойыўымызF «Шылпық ­ алтын әсир мийрасы, Шылпық төбеси — «Шығыл» баба отырған төбе, Шылпық төбесинде — Нуўдың кемеси қалған тарийхый орын» - деп жуўмақ берген. (Нөкис, 2016-жыл 6-бет).  

ХХI әсирдиң екинши он жыллығында, соның ишинде кейинги төрт жыл ишинде елимизде үлкен тарийхый, сиясий-жәми­йетлик, экономикалық ҳәм мәнаўий  жаңаланыўлар жүз бермекте.

Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик қурылыс академиясы ҳәм Өзбекстанның жаңа тарийхы Орайы тәрепинен «Өзбекстанның жаңа тарийхы» атамасындағы үш томлық мийнетте (том-2. 418-бети) Қарақалпақстан тарийхына орын берилген. Айрықша атап өтетуғынымыз, 1925-жылы февраль айында «Қарақалпақстан Автономиялы ўәлаяты Кеңеслериниң биринши съезди Қарақалпақстан Автономиялы ўәлаятының шөлкемлестирилиўи ҳаққында Декларация қабыл етилип, онда қарақалпақ халқының миллий мәмлекетшилиги дүзилгени нызам менен рәсмийлестирилди. Миллий басшылардан — Аллаяр Қораз улы Досназаровтың өмирбаяны ҳәм сүўрети биринши мәрте академиялық мийнетлерде жәрияланды. 

 ХХI әсир тарийхый-ағартыўшылық ҳәм мәнаўий үгитлерде тарийхый тулғаларды жасларға үлги-алгоритм етип көрсетиўде жақсы пазыйлетлер көзге көринбекте. Қарақалпақ халқының үлкен ҳәм интеллектуал шахсы, ел перзенти — Аллаяр бабамыз ҳаққында, тарийхый-ағартыўшылық жумыслар, мәнаўий-ағартыўшылық ислерден, архив дереклерди қайта көрип, «ақ излерди» анықлап, жаңаша көзқараслар пайда болмақта. Бундай қарақалпақ зиялыларынан устаз-тарийхшы Б.Алланиязовтың хызмети айрықша.

«Жаңа Қарақалпақстанның тарийхын» үйрениў, илимий-изертлеўде гуманитарлық (тарийх) пәнлер илимпазлары: А.Джумашев, С.Нуржанов, Л.Уразова, Р.Таджиевалар тәрепинен таярланған «Қарақалпақстан тарийхы» (1991-2015-жыллар) атамасындағы китабы шықты.

 ХХI ӘСИР «ҚАРАҚАЛПАҚСТАН ТАРИЙХЫ» ҚАНДАЙ БОЛАДЫ?

Қубла Аралбойы мәденияты ҳәм цивилизациясы, этнологиялық  өзгешелиги, халықтың келип шығыўы, инсан тарийхы мәселелерине зиялылар жаңа концепциясы менен илимий ҳәм жәмийетлик пикирлер бермекте. Халықтың тарийхы қашан жазылады? Алым ҳәм қәнигелер неге тәшўиште? Тарийхты кимлер жазады? Ғалаба хабар қуралларында «миллий тарийхымыз» мәселесинде илимий-жәмийетлик пикирлер айтылмақта. «Қарақалпақлардың әййемги Қытай дереклериндеги излери» атамасындағы академик Ж.Базарбаев, Р.Базарбаевтың илимий мақаласы «Әмиўдәрья» 2020-жылы 4-санында жәрияланды. Усы журналда «Мениң тарийхты үйрениўим ҳәм тарийхшыларға азы-кем қулақ қағыслар» темасында нураный Ү.Әширбековтың мақаласы 4-5-6-санларында жәрияланды. Олар «Қарақалпақлар тарийхы»н жазыўда жаңа китаплар ҳәм дереклерге тарийхшылар итибар  бериўин усыныс етеди. Жазыўшы М.Нызанов «Қарақалпақлар» атамасында (2020 жыл 1-китап) көркем эссе, «альтернатив тарийх» үлгисин баслап берди. Жазыўшы С.Ибрагимов баспасөзде ҳәм интернет-веб-сайтында «Қарақалпақлар тарийхына» өзлик концепциясын жәриялады.

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан илимине үлкен үлес қосқан алымлардың өмири ҳәм мийраслары «миллий тарийх» китапларында бар ма?

«Мәмлекетимиздиң илим-пәни раўажланыўына мүнәсип үлес қосқан марҳум академиклер — М.Нурмухаммедов, С.Камалов, Ч.Абдиров, А.Дәўлетов, А.Бахиев, Т.Ещановлардың өмири ҳәм хызметлерин жәми­йетшилигимиз ҳәрдайым ҳүрмет пенен еслейди» деп Президентимиз (2016-жыл) айтқан еди.

 Елбасшымыз айтқан инсанлар ­ алымлар «өзиниң жүрегинде руўхый мәртлик сезими менен жасады» Буған қосымша, «пандемия» дәўиринде арамыздан кеткен Өзбекстан Қаҳарманы, алым-археолог Ғ.Хожа­ния­зов, академик Ж.Базарбаев ҳәм академик Х.Ҳамидов, археолог-алымлар, профессорлар — М.Мамбетуллаев, М.Қыдырниязовлардың илимий мийраслары «Қарақалпақстан тарийхы» ­ жаңа  китабында ылайықлы орын алады.

Буннан бир жыл бурын, 2020-жылы 5-февральда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде биринши мәрте өткерилген мәжилисте: «Қарақалпақ халқының келип шығыўы, оның раўажланыў басқышлары менен байланыслы тарийхый дереклерге анықлық киргизиў мәселелери ҳаққында» зиялылар ҳәм тарийхшылар кең пикирлескен еди. Мәжилисте Аралбойы «Кердер мәденияты ҳәм цивилиацзиясы» мәселесине тоқтап өтиў кереклигине айрықша итибар қаратылды.

Ал, тарийхшы О.Юсупов болса «Қарақалпақстан тарийхы»ның орта әсирдеги мәденияты, мәнаўияты ҳәм мусылманлар тарийхында орны ҳәм хызметлери бар уллы алым-данышпанлар қатарында «Ал-Қардарий»лер ҳаққында жәмийетшилик дыққатына жаңа мағлыўматлар усынды.

Кердер қаласынан шыққан «Ал-Қардарий» лақаплы улама-данышпанлар мийраслары ҳаққында пикирлер жәҳән көлеминде билдирилип атыр.

«Ал-Қардарий»лер  мийрасы Бейрут қаласында (2009-жыл) китап болып шықты. Ал-Қардарий мийрасы «Кувейт» ҳәм «Александрия» медиресеси қолжазбалар фондында сақланады. Муҳаммад шайх Ал-Қардарийдиң «Нахдж-ал-фарадис» мийрасы Анқара қаласында (1998-жыл) үш томы, Қазанда (2018-жыл) бир томы жәрияланды.

Жоқарыда келтирип өткенимиздей, «Қарақалпақстан тарийхы» китабына келешекте орта әсирлердеги «ренессанс» дәўири дөретиўши алымлары арасында жерлесимиз Абу Райхан Ал-Беруний қатарында, «Ал-Қардарий» исмли данышпанлар ҳаққында мағлыўматлар киргизиўимиз лазым.

   Жуўмақлап айтқанда, ХХI әсир «Қарақалпақстан тарийхы» мәнаўиятымыз айнасы, миллий мийраслар дереги, «миллий тарийхымыз»  ҳаққында тек ғана келешек әўладларымызға жеткерип қоймастан, елимизге келген мийманлар, саяхатшы ҳәм туристлер ушын да электронлы ҳәм коверкодлы китап ҳәм буклетлер   жаратыўды алдымызға ўазыйпа етип белгилеп алыўымыз керек!

 

Мағлыўматты таярлағанлар:

Диларам ЯКИЕВА,

Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги  жанындағы республикалық билимлендириў орайының тарийх пәни методисти,

Оңғарбай ЮСУПОВ,

Әжинияз атыңдағы НМПИ «Тарийх оқытыў методикасы» кафедрасының үлкен оқытыўшысы, устаз-алым,

Зоя БЕГМУРАТОВА,

Нөкис қалалық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 37-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң тарийх пәни муғаллими.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF