Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 16:37:00, 20.05.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

«МӘЛИМЛЕМЕ-КИТАПХАНА АҒЛАСЫ» КӨКИРЕК БЕЛГИЛЕРИ ТАПСЫРЫЛДЫ

Қарақалпақстан Республикасы  Мәлимлеме-китапхана орайында бир топар тараў хызметкерлерине «Мәлимлеме-китапхана ағласы» көкирек белгилерин тапсырыў мәресими болып өтти.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 7-июньдеги «Өзбекстан Республикасы халқына  Мәлимлеме-китапхана хызметин көрсетиўди буннан былай да жетилистириў ҳаққында»ғы қарары халыққа  мәлимлеме-китапхана хызметин көрсетиўди сапа жағынан буннан былай да раўажландырыў, тараў мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў, китапханашылардың көп жыллық жемисли мийнетин ылайықлы баҳалаўда айрықша әҳмийетке ийе болды.  Усы қарардың орынланыўын тәмийинлеў, сондай-ақ китапханаларда сақланып атырған  миллий-мәдений мийрасты сақлаў ҳәм байытыў жумысларына мүнәсип үлес қосқан , жәмийетимизде китап оқыў мәдениятын, китапқумарлықты кеңнен үгит-нәсиятлаў ҳәм жас қәнигелерди таярлаўдағы пидәкерлик мийнети және бул бағдарда жоқары нәтийжелерге ерискен пуқараларды хошаметлеў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 22-декабрьдеги қарары менен «Мәлимлеме-китапхана ағласы» көкирек белгиси шөлкемлестирилди.

Илажда Нөкис районы мәлимлеме-китапхана орайының директоры Лизахан Нурымбетоваға, Мойнақ районы мәлимлеме-китапхана орайының директоры Ақтеңге Ембергеноваға, Тақыятас районы мәлимлеме-китапхана орайының директоры Несибели Султановаға, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети мәлимлеме-ресурс орайының бас китапханашысы Раўшан Қалмурзаеваға, республикалық көзи әззилер китапханасының бөлим баслығы Эльмира Утамбетоваға «Мәлимлеме-китапхана ағласы» көкирек белгилери тапсырылды.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF