Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 13:46:43, 20.05.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

АПАТ АЙТЫП КЕЛМЕС, ТАЯР ТУРМАСАҚ!

Айрықша жағдайларда өз ўақтында ескертиўге, қутқарыўға ҳәм жәрдем бериўге таярлық көрилди

Айрықша жағдайлар хызмети ­— «Өз ўақтында ескертиў, қутқарыў ҳәм жәрдем бериў» сүренине тийкар­ланған. Бул бүгинги күнде қаншелли әҳмийетли екенлиги, өз ўақтында халыққа қәўипсизлик қағыйдаларын жеткериў ҳәм сергекликке шақырыў мақсетинде республикамызда 19-21-май күнлери «Басқарыў уйымлары, айрықша жағдайлар мәмлекетлик системасы аймақлық ҳәм функционаллық төменги сис­темаларының Тәжикстан Республикасы аймағында жайласқан Сарез көли бөгетиниң жарылыўы ақыбетинде жүзеге келген айрықша жағдайларда халықты ҳәм аймақларды қорғаў бойынша биргеликтеги ҳәрекетлери» темасында биргеликтеги командалық-штаб оқыў шынығыўлары болып өтти.

Пайтахтымыздағы Нөкис Олимпиада резервлери колледжинде илаждың ашылыў салтанаты болып, оған Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев, Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасының баслығы А.Давлетов республикамыз бойлап жүз бериўи мүмкин болған айрықша жағдайлардың алдын алыўға қаратылған илажлар бойынша қатнасыўшыларға түсиниклер берип, өткерилиўи режелестирилген оқыў-шынығыўдың мақсет ҳәм ўазыйпаларына тоқтап өтти.

Өзбекстан Республикасында айрықша жағдайлардың алдын алыў ҳәм бундай жағдайларда ҳәрекет етиў мәмлекетлик системаның халықты ҳәм аймақларды тәбийғый және техноген қәсийетли айрықша жағдайлардан қорғаў бойынша быйылғы жылға белгиленген илажларға муўапық өткерилип атырған бул оқыў-шынығыўлардың мақсети — Сарез көли бөгетиниң жарылыў қәўпи туўылғанда ямаса жүз бергенде тәбийғый ҳәм техноген айрықша жағдайлардың алдын алыў, ақыбетлерин сапластырыў илажларын шөлкемлестириў бойынша билим ҳәм көнликпелерди арттырыў, жергиликли басқарыў уйымларының биргеликтеги ҳәрекетлерин жетилистириў, байланыс ҳәм орайластырылған автоматластырылған хабар бериў системаларының хабарды исенимли ҳәм өз ўақтында халыққа ҳәм басшылар қурамына жеткерилиўин әмелде сынақтан өткериў, аймақлық басқарыў уйымлары, айрықша жағдайлар мәмлекетлик системасы хызметлериниң биргеликтеги ҳәрекетлер режесине анықлықлар киргизиў, қарар қабыл етиў ҳәм бар күш және қуралларды бөлистириў бойынша ҳәрекетлерди тексериў, айрықша жағдай аймақларынан халықты эвакуация етиў, көширилгенлер ушын турмыслық зәрүрли шараятларды жаратыў ҳәм бүлинген аймақта инженерлик-коммуникация инфраструктура системаларын тиклеўге таярлық дәрежесин сынақтан өткериўден ибарат.

Илаждың дәслепки күнинде қатнасыўшылар командалық-штаб оқыў шынығыўларының Нөкис Олимпиада резервлери колледжи аймағында дала майданында жайлас­қан тийкарғы Ҳәрекетлениў басқарыў пунктинде жаратыл­ған шараятлар менен танысты. Буннан кейин Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы мәмлекет резервлерин басқарыў комитетине қараслы «Ғарбий» Мәмлекетлик кәрханасында «Тәбийғый ҳәм техноген жағдайлар жүз бергенде объектлердиң басшылық қурамы ҳәм пуқаралық қорғаныў структураларының және қалалық Айрықша жағдайлар мәмлекетлик системасы хызметлери менен биргеликтеги ҳәрекетлери» темасында арнаўлы тактикалық оқыў-шынығыўы болып, онда азық-аўқат ҳәм материаллық-техникалық байлықларды қәўипсиз аймаққа эвакуация етиў илажлары алып барылды.

Илаждың екинши күнинде Беруний районында «Әмиўдәрья» дәрья қурғақларын беккемлеў жумыслары әмелге асырылды.

Соң Хожели районындағы «Саманкөл» аўыл пуқаралар жыйынында халықты автомобиль ҳәм темир жол транспорты арқалы қәўипсиз аймаққа, яғный райондағы «Балалар спорт комплекси» аймағына эвакуация етилди.

Күнниң екинши ярымында Нөкис қаласында жайлас­қан «Ашшыкөл» көлинде суў басқан аймақта қутқарыў жумысларын алып барыў, атап айтсақ, суў тасқыны жүзеге келген ҳәм оған тутас аймақлардан адам ҳәм ҳайўан денелери суў менен бирге ағып келиўи, аймақта жуқпалы кеселликлер тарқалыў қәўпи бар екенлиги, суўда ҳәм суў бас­қан аймақ имаратында излеў-қутқарыў жумыслары, жәбирленгенлерге биринши  медициналық жәрдем көрсетиў, сондай-ақ, жүзеге келген санитариялық-эпидемио­логия­лық жағдайларды сапластырыў, жуқпалы кеселликлердиң алдын алыў, әсиресе, балаларға айрықша дыққат-итибарлы болыў кереклиги, оларды қутқарыў илажлары көрсетилди.

— Тосыннан болатуғын айрықша жағдайлардың алдын алыў, сапластырыў ҳәм таяр турыў бойынша өткерилип атырған бундай тактикалық оқыў-шынығыўға Республикалық балалар емлеўханасы биринши мәрте қатнасып атыр. Өткерилип атырған шынығыўда емлеўханамыздың шыпакерлери де өз хызметлерин жоқары дәрежеде атқарды. Айрықша жағдай жүз берген ўақыттағы балалардың қай аўҳалға түсип қалатуғынлығын, оларда жүз бериўи мүмкин болған кеселликлерди дәл сондай етип көрсетип бере алған бүгинги қатнасыўшы балаларымызға шексиз миннетдармыз,-дейди Республикалық балалар емлеўханасының бас шыпакери Алима Маткаримова.

Бул орында өткерилген тактикалық оқыў-шынығыўларда турмыслық көринислердиң жанлы түске ениўинде, яғный, суў тасқыны ақыбетинде жарақатланған, имаратларда бийҳуш қалып қойыў көринислери Қызыл Ярым ай жәмийетиниң ықтыярлы жаслары-Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының студентлери тәрепинен де шеберлик пенен атқарылып, олар­ға Өзбекстан Республикасы Айрықша жағдайлар ми­нистрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар бас­қармасы тәрепинен алғыс айтылды.

Илаждың үшинши күни Тақыятас районында жайлас­қан «Ўзбекнефтьгаз» акционерлик жәмийетине қараслы «Тақыятас нефтьбазасы» ЖШЖде «Тәбийғый ҳәм техноген жағдайлар жүз бергенде объектлердиң басшылық қурамы ҳәм пуқаралық қорғаныў структураларының және қалалық Айрықша жағдайлар мәмлекетлик системасы хызметлери менен биргеликтеги ҳәрекетлери» темасында арнаўлы тактикалық оқыў-шынығыўы болды. Онда жаныл­ғы-майлаў өнимлери автотранспорт ҳәм темир жол транспорты жәрдеминде қәўипсиз аймаққа эвакуация етилип, объектте консервация жумыслары алып барылды.

Бул жердеги оқыў-шынығыўдың идеясына бола, объект­ке хабар жетиўден оператив штаб дүзилип, штаб баслығына ҳәм ҳәр бир топар басшысына тапсырмалар берилди. Миллий гвардия хызметкерлери тәрепинен объект қорғалыўға алынды. Объектте жәми 15 жанар май қуйыў эстакадасы бар болып, гезектеги жанар майды қуйып атырған ўақытта хызметкер тәрепинен қәтеликке жол қойылады. Нәтийжеде, автотранспортта өрт келип шығып, бир хызметкер жарақатланады. Өрт өшириў топары жетип келгенше қутқарыў топары өртти өшириўге ҳәрекет етип, қут­қарыў топары жарақатланған хызметкерди тезлик пенен медициналық пунктке әкелип, биринши медициналық жәрдем көрсетилди. Авариялық техникалық топары объекттеги электр тогин өширип, жанар май жолын тосып, қулақлары толық қайтарылады. Өрт өшириў топары өрт болған жерге келип, өртти сапластыра баслайды. Хабар бериў топары Тақыятас районлық өрт өшириў хызметине тезлик пенен хабарлап, усы жерде ра­йонлық өрт өшириўши қәнигелер де жәрдемге келип, өрт толығы менен өшириледи. Автотранспорт жарамсыз ҳалға келгенлиги себепли басқа автотранспорт тиркеме менен ўақыя орнынан алып шығылады ҳәм қайтадан жанар майды эвакуация етиў ушын электр тармақларына жалғап, қулақлары ашылады. Нәтийжеде, нефть база қайта иске түсип, хызметкерлер қалған жанар майды вагон цистерналарға қуйыў ҳәрекетлерин әмелий жақтан көрсетип, өзлериниң ҳәр тәреплеме таяр екенлигин көрсетти.

21-май күни Нөкис Олимпияда резервлери колледжинде оқыў-шынығыўдың жуўмағы бойынша мәжилис өткерилип, нәтийжеге бола, айрықша жағдайлар мәмлекетлик системасының хызметлери ҳәм басқарыў уйымлары «Таяр» деп, ал, Тақыятас районы айрықша жағдайлар мәмлекетлик системасының хызметлери ҳәм басқарыў уйымлары «Шекленген таяр» деп баҳаланды.

Оқыў-шынығыўға улыўма 24 хызмет тараўынан, 149 жеке қурам, 75 бақлаўшы, 40 автотранспорт қураллары (арнаўлы әсбап-үскенелери менен) ҳәм 5 темир жол вагоны қатнасты. Командалық-штаб оқыў шынығыўында жәми 3323 хызметкер ҳәм 328 техника, сондай-ақ, 4 хызмет атлары менен 3 хызмет ийтлери қамтылды.

Республикамызда 3 күн даўамында өткерилген арнаўлы тактикалық оқыў-шынығыўдың жоқары шөлкемлескенлик пенен өтиўинде Өзбекстан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлигинен ўәкил, полковник В.Ашурматов басшылық етти.

Бундай оқыў-шынығыўларды өткериўден гөзленген мақсет — күтилмеген жағдайларда пуқаралар ҳәм қәнигелескен тараў хызметкерлеринде зәрүрли көнликпелерди қәлиплестириўде имканият болды.

Гүлнара

ЖҮГИНИСОВА,

арнаўлы хабаршымыз.

СҮЎРЕТТЕ: Оқыў-шынығыў барысынан көринислер.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВтың түсирген сүўретлери.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF