Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 14:30:52, 20.05.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚЫЛ ҚӘЛЕМ ИЙЕСИНИҢ ЖАҢА ДӨРЕТПЕЛЕРИ

Дүньяның көз тоймас гөззаллықларын ҳәр ким түрлише қабыл етеди. Әсиресе, дөретиўши кәсип ийелеринде бул өзгеше сәўлелениўин табады.

Солардың ишинде қыл қәлем ийелери болған художниклердиң мийнетлери айрықша. Мине усындай тынымсыз мийнетлери нәтийжесинде ықласбентлериниң  кеўил сарайынан терең орын ийелеўге талпынып киятырған талантлы художниклердиң бири Қазақбай Хожамуратовтың Өзбекстан Көркем өнер академиясының Қарақалпақстан бөлими Көргизбе сарайында «15-май Халықаралық шаңарақ күни»не бағышланған «Шаңарақ шоққысы» атамасындағы көргизбеси болып оны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының мәденият ислери бойынша кеңесгөйи Г.Изентаева ашты ҳәм художниктиң табыслары менен қутлықлап, жетискенликлери ҳаққында айтып өтти. Буннан соң, Өзбекстан Көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлими баслығы У.Өтегенова, Қарақалпақстан халық художниклери С.Байбосынов, Ж.Лепесовлар художниктиң машақатлы ислерине табыслар тилеп, еле де халқымыз ғәзийнесине айланатуғын қунлы дөретпелер дөретиўине беккем исеним билдирди.

Художниктиң өмир жолына тоқтап өтетуғын болсақ, ол Кегейли районында туўылып, Нөкис қаласындағы Қарақалпақстан Республикасы қәнигелестирилген көркем өнер мектебин табыслы питкерди. Устазларының исенимин ақлап жас талант ийеси Ташкент қаласындағы К.Беҳзод атындағы миллий сүўретшилик ҳәм дизайн институтының «Сахналастырыўшы кино художник» бөлиминде билим алды. 2011-2013-жыллары өзи оқыған усы институттың «Монументаль живопись» бөлиминиң магистратурасын табыслы тамамлады. 2013-2017-жыллар Ташкент қаласында «Өзбекфильм» киностудиясында художник, 2017-2018-жыллар Қарақалпақстан Республикасы Жаслар орайында «Жас дөретиўшилер» дөгерек басшысы, 2018-жылы Қарақалпақстан Республикасы қәнигелестирилген көркем өнер мектебиниң қәнигелик пәни оқытыўшысы, 2018-2020-жыллары Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогика институтында оқытыўшысы ҳәм ҳәзирги күнде Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Көркем өнер кафедрасында оқытыўшы болып ислеп атыр.

Жас художниктиң 2009-жылы Ташкент қаласындағы «Киношылар үйи» галериясында «Еки гөззаллық симфониясы» атлы жеке көргизбеси, 2011-жылы Ташкент қаласында «Республика жаслар орайы» галериясында «Баслама», 2018-жылы Өзбекстан көркем өнер академиясы

Қарақалпақстан бөлими Көргизбе сарайында болып өткен «108-Бурылыс» атлы группалық көргизбелеринде де өзиниң жеке тәкирарланбас мийнетлери менен қатнасып, қатнасыўшыларда жақсы тәсир қалдырды. Оның мийнетлери баҳаланып сол жылы Қарақалпақстан Республикасы  «Ең уллы, ең әзиз» таңлаўының «Ең жақсы сүўретлеў өнери» номинациясы менен сыйлықланды.

Бүгинги көргизбеде художниктиң отыздан аслам живопислик дөретпелери орын алған. Ондағы бир-бирин тәкирарламайтуғын әжайып дөретпелер кимди болса да таң қалдырып, тамашагөйге эстетикалық заўық бағышлайды.  Кешеде қатнасқан белгили художниклер, жас дөретиўшилер, қулласы сүўретлеў өнериниң ықласбентлери дөретиўшиниң қәлеминен дөрелген гөззал әлемди тамашалап, өзгеше заўық алды ҳәм тәсийин қалды.

З.ЕРЕКЕЕВА.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF