Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 16:37:00, 20.05.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

АЙМАҚЛЫҚ СЕМИНАР ТРЕНИНГЛЕР БАСЛАНДЫ

 Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде усы жылдың 24-октябринде болып өтетуғын Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы процеси шөлкемлестириўшилериниң сайлаў нызамшылығы бойынша билимин жетилистириў бойынша аймақлық тренерлерди таярлаў ушын семинар-тренинглер басланды.

Илаждың ашылыўы алдынан Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Давлетов, республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайының басшысы М.Ходжиматов шығып сөйлеп, Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўының әҳмийети ҳәм оған таярлық жумысларының барысы, аймақлық тренерлерди таярлаў ушын шөлкемлестирилип атырған семинар-тренинглердиң мақсет және ўазыйпалары, сиясий мапазға таярлық көриў бойынша алда турған әҳмийетли ўазыйпаларға тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, бүгинги күни пүткил елимиз бойлап бул сайлаўға қызғын таярлықлар көрилмекте. Оны халқымыз арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик басқарыў академиясы ҳәм басқа да бир қатар жоқары оқыў орынлары менен биргеликте аймақлық тренерлерди таярлаў ушын семинар-тренинглер шөлкемлестирилмекте.

Илаж қатнасыўшылары Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде жайласқан Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын өткериўши 34-сайлаў участкасының жумыслары менен танысты. Бул жердеги орын алған кемшиликлерди сапластырыў бойынша тийисли көрсетпелер берилди.

-Аймақлық семинар-тренинглерде оқыў елимиздиң жоқары оқыў орынларының профессор-оқытыўшылары,  сондай-ақ мәмлекетлик уйымлардың сайлаўларды өткериў бойынша тәжирийбеге ийе хызметкерлери тәрепинен алып барылады,-дейди Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бажыхана комитети бажыхана институтының доценти, юридика илимлериниң докторы Оңғарбай Өтегенов.-Олар тәрепинен болажақ сайлаўлардың ҳуқықый тийкарлары, ондағы соңғы өзгерислер ҳәм алдағы ўазыйпалар бойынша сабақлар өтиледи. Оның жуўмағында Қарақалпақстан Республикасы бойынша 118 тренер таярланады.

 Аймақлық семинар-тренинглер 22-майға шекем даўам етеди.

 Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF