Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 16:38:08, 12.05.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҲӘММЕГЕ БИРДЕЙ ЖУЎАПКЕРЛИ ЎАЗЫЙПА

Халқымыз әзелден абаданластырыў ҳәм тазалыққа айрықша итибар менен қараған. Себеби, тазалық, азадалық адамға көтериңки кейпият бағышлайды. Әсиресе, бәҳәрдеги саяманлы тереклер, мийўе ағашлары ҳәм гүллердиң көк липасқа бүркенип, әтирапқа жағымлы ийис таратыўы кеўиллерди тастырады.

Бәҳәр мәўсиминде мәҳәлле ҳәм аўыл-аймақ, көшелерди абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў дәстүри еле қәдир-қымбатын жойтпағанлығы қуўандырады. Бәрин айтта бирин айт дегениндей, бул жумысларда жаслардың шетте қалмай атырғанлығы, қоллап-қуўатлаўға турарлық баслама десек алжаспаймыз.

Елликқала районындағы «Истиқлол» мәҳәллеси турғынлары, биреў айтпай-ақ, ҳәр жылы абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумысларын алып барыўға әдетленген. Быйылғы жылы да аймақ турғынлары ерте бәҳәрден үй қапталы әтирапларына сая­манлы терек, мийўе ағашларын отырғызыўға жумыла киристи. Әсиресе, Айбек атындағы көшеге қәўендерлердиң бийминнет жәрдемлери арқасында 250 түп арша нәллери алып берилиўи, оларды руўхландырды.

Сондай-ақ, «Мәҳәлле ҳәм шаңарақларды қоллап-қуўатлаў» районлық бөлими тәрепинен кем тәмийинленген ҳәм жәрдемге мүтәж шаңарақларға 450 түп алма, ерик, алмурт ҳәм шабдал мийўе ағашлары нәллери қәўендерлик сыпатында саўға етилип, турғынлардың үй әтирапларына отырғызылды.

— Мәҳәллемиз турғынлары, жыллар өтип тиккен нәллери нәрўан, саяманлы терекке айланып, жаздың жазийрама ыссы күнлери пайызлы дем алыўына имканият жарататуғынлығына, ал, мийўе ағашларының нәллери шақалары сырғыған мийўеге айланатуғынлығын жақсы түсинеди.   Бизде ҳәр жылы бәҳәрги мәўсим көклемзарластырыў жумыслары, ҳәммеге бирдей жуўапкершиликли ўазыйпаға айланады. Ҳеш ким бир шетте қалыўды ойына да келтирмейди. Быйылғы жыл буны тағы бир мәрте дәлилледи. Қәўендерлеримиз қатары да көбеймекте. Атап айтқанда, жақында Бабамурат Нуримов баслама көтерип, 13 дана кешки жақтыландырыўшы үскенелерди орнатыўға қол көмегин тийгизди. Кешки пайытта жақтылы көшеде сейил еткенге не жетсин. Қулласы, мәҳәллемиз күн сайын, абаданласып атырғанлығынан турғынларымыздың кеўиллери шад. Бундай үлги боларлық, жумыслар алдағы ўақытлары да даўам еттириле берилиўине исенемиз,-деп гүрриңимизге «Истиқлол» мәҳәллесиниң баслығы Баҳрам Бабажанов бәнт басты.

Қонысбай РЕЙМОВ,

өз хабаршымыз.

Елликқала районы.

СҮЎРЕТТЕ: Мәҳәлле баслығы Б.Бабажанов ҳәм қәўендер Б.Нуримовлар ойласық пайытында.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF