Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 11:17:59, 14.05.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

РУЎХЫЙ-АҒАРТЫЎШЫЛЫҚ ҲӘМ МӘДЕНИЙ СПОРТ ИЛАЖЫ

Жақында Өзбекстан Республикасы Қорғаныўға көмеклесиўши «Ватанпарвар» шөлкеминиң Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен Беруний районлық оқыў ҳәм спорт техника клубында руўхый-ағартыўшылық ҳәм мәдений спорт илажы өткерилди.

Оған Қарақалпақстан Республикасы ИИМниң ЖҲҚ басқармасы, Миллий гвардия бөлими ҳәм басқа да бир қатар мәкеме ҳәм шөлкемлерден ўәкиллер,   сондай-ақ, шөлкемниң Нөкис қаласы, Әмиўдәрья, Беруний, Елликқала, Төрткүл, Қоңырат, Хожели, Кегейли, Шымбай ҳәм Қараөзек ра­йонларындағы оқыў ҳәм спорт-техника клублары хызметкерлери ҳәм спортшы жаслар қатнасты. Онда Өзбекстан Республикасы   Қорғаныўға көмеклесиўши «Ватанпарвар» шөлкеминиң Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслығы К.Разбеков шығып сөйлеп, өткерилип атырған илаждың мақсет ҳәм ўазыйпаларына тоқтап өтти.

Илаждың 1-бөлиминде ИИМниң ЖҲҚ басқармасы районлық бөлими хызметкерлери менен биргеликте ҳәм олардың бақлаўы астында «Ҳәрекет қәўипсизлиги айлығы» шеңберинде Беруний қаласының орайлық көшелери бойлап «Ватанпарвар» шөлкеминиң автомобильлери қатнасында «Үгит-нәсият автокәрўаны» өткерилди. 2-бөлиминде илаж қатнасыўшыларына  «Ватанпарвар» шөлкеминиң Беруний районлық оқыў ҳәм спорт техника клубының автодромында «Ватанпарвар» шөлкеминиң айдаўшылар таярлаўда қолланылатуғын автомототранспорт қуралларының ҳәм спорт техникаларының  көргизбеси өткерилип, қатнасыўшы­ларға бул техникаларды бас­қарыўдың көргизбели шығыўлары көрсетилди. Ал, илаждың тийкарғы 3-бөлиминде «Ватанпарвар» шөл­кеминиң техникалық ҳәм әмелий спорт түрлеринен саналған «Пневматикалық мылтықтан ҳәм пистолеттен оқ атыў» спорт түри бойынша Қарақалпақстан Республикасы бириншилиги өткерилди. Оған Нөкис қаласы ҳәм 9 районнан 40 спортшы жаслар (20 ер балалар ҳәм 20 қыз балалар) қатнасты. Жарыс жуўмағында қыз балалар арасындағы пневматикалық мылтықтан ны­шан­ға оқ атыў жарысында Беруний районы спорт секциясы ағзасы Мафтуна Еримбетова ең жоқары 29 упай топлап биринши, Әмиўдәрья районы спорт секциясы ағзалары Шаҳида Сабирова екинши, Севинч Суюндикова үшинши орынды, ал, пневматикалық пистолеттен нышанға оқ атыўда Беруний районы спорт секциясы ағзалары Камила Махсатбаева ең жоқары 36 упай топлаған болса, екинши орын Ақбота Садўақасоваға, үшинши орын Елликқала районы спорт секциясы ағзасы Улбосын Таўасхановаға несип етти.

Ер балалар арасындағы жарыста болса, Беруний районы спорт секциясы ағзалары Алишер Аллабергенов ең жоқары 41 упай менен биринши,  35 упай топлаған Сардар Қалбаев екинши, Әмиўдәрья районы спорт секциясы ағзасы Рахимберген Уринбаев 30 упай менен үшинши болды. Ал, пневматикалық пистолеттен нышанға оқ атыўда Беруний районынан “афуржан Аллабергенов ҳәммени изде қалдырған болса, екинши орын Елликқала районынан Шерали Юлдашевқа, үшинши орынды және де берунийли Серғазы Абдукаримов ийеледи. Улыўма командалық есапта Беруний районы командасы 143 упай менен биринши, Әмиўдәрья районы командасы 77 упай менен екинши ҳәм Елликқала районы командасы 57 упай менен үшинши орынды ийе­леди. 

Илаждың жуўмақлаўшы 4-бөлиминде «Жол қағыйдасы ­ өмир пайдасы!» сүрени астында жолларда жол-транспорт ҳәдийселериниң алдын алыў ҳәм ҳәрекет қәўипсизлигин тәмийинлеўге қаратылған түсиндириў жумыслары алып барылды.

Руўхый-ағартыўшылық ҳәм мәдений спорт илажының жуўмағында спорт жарысының жеңимпазлары Өзбекстан Республикасы Қорғаныўға көмеклесиўши «Ватанпарвар» шөлкеминиң Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен I, II, III дәрежели медаль ҳәм дипломлары, Ҳүрмет жарлықлары ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

 

С.ОРАЗЫМБЕТОВ,

өз хабаршымыз.

Беруний районы.

СҮЎРЕТЛЕРДЕ: жарыстан көринислер.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF