Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 08:53:16, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

«АҚЫЛЛЫ» ГАЗ ЕСАПЛАҒЫШ:

ТУТЫНЫЎШЫЛАР ҚАНДАЙ ҚОЛАЙЛЫҚЛАРҒА ИЙЕ БОЛАДЫ?

Ҳәзирги күнлери республикамызда газ есабы ҳәм қадағалаўының автоматластырылған системасы турмысқа енгизилиўи көзде тутылып, «ақыллы» газ есаплағыш лар орнатылмақта.

Бирақ, бул жумыслар ақырына жетпестен-ақ, жасыратуғыны жоқ, соңғы пайытлары социаллық тармақларда Нөкис қаласында жаңа газ есабы ҳәм қадағалаўының автоматластырылған системасы яғный газ есаплағыш орнатылыўы себепли пуқаралардан көп шағым ҳәм мүрәжатларға байланыслы хабарлар тар­қалмақта. Сонлықтанда, усыған бола, бул жаңа газ есаплағыштың алдынғысынан қандай артықмашлығы бар? Егер бар болса, қай тәрепинен тутыныўшыға қолайлы. Буның үстине, қарызы бар тутыныўшылардың гази өшип қалса, қарызын төлегеннен соң тармаққа қайта жалғаныўда машқала болып атырғанлығы қулағымызға шалынып қалмақта. «Самал болмаса шөптиң басы қыймылдамайды» дегендей, мине усындай гәплер қаншелли ҳақый­қатқа жақынлығына да айдынлық киргизип алсақ? Енди жаңа газ есаплағыш орнатыўдағы машқалаларға орын қалдырмаў, халқымыз арасындағы түсинбеўшиликлердиң алдын алыў бойынша қандай жумыслар алып барылып атырғанлығын билиў мақсетинде «Ҳудудгаз  Қарақалпақстан» газ тәмийнаты филиалы мәлимлеме хызмети баслығы Идирис Ержановқа мүрәжат еттик.

— Сораўларыңыз орынлы. Тараўға ҳәр қандай жаңалық енгизилиўи аңсатлық пенен  кешпейди. Әсиресе, ҳәзирги технологиялар раўажланып атырған заманда, барлық тараўларда модернизациялаў, жаңа өзгерислер киргизилмекте. Сонлықтан да, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 9-июльдеги ПҚ-4388-санлы қарары қабыл етилип, онда  айқын ўазыйпалар белгиленген. Атап айтқанда, қарарда «Ҳудудгазтәмийнат» акционерлик жәми­йетине 2020-2021-жылларда барлық түрдеги тәбийғый газ тутыныўшыларына тәбийғый газ есабы ҳәм автоматластырылған сис­темасын енгизиў ўазыйпасы жүклетилген еди.

«Ҳудудгаз Қарақалпақстан» газ тәмийнаты филиалы бойынша  2020-2021-жылларда тәбийғый газ бенен тәмийинленген Республикамыздағы 241592 жеке хожалықларға электрон газ есаплаў үскенелерин орнатыў ҳәм тәбийғый газ есабы ҳәм қадағалаўының автоматластырылған системасына енгизиў белгиленген болып, 2020- жылда 126003 ҳәм 2021-жылда 115589 дана «ақыллы» газ есаплаў үскенелерин орнатыў көзде тутылған.

Бүгинги күнде «Технопарк» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен жәми 42089 дана электрон газ есаплағышлар алып келинип, Қарақалпақстан Республикасы қала ҳәм районлық газ тәмийнаты бөлимлери тәрепинен тутыныўшы­ларға 37775 дана газ есаплаў үскенелери орнатылды. Хожалықларға газ есаплаў үскенелерин орнатыў ушын барлық қәрежетлер газ тәмийнаты кәрханалары есабынан әмелге асырылмақта.

«Ҳудудгаз Қарақалпақстан»  газ тәмийнаты филиалы тәрепинен өткен 2020- жылы республикамыздың барлық аймақларында «ақыллы» электрон газ есаплағышларды басқышпа-басқыш орнатыў жумыслары шөлкемлескенлик пенен алып барылып, ҳәзирги ўақытта қарыздарлығы көп деп табылған яғный қызыл аймаққа киргизилген Нөкис қаласы ҳәм Хожели районында жеке хожалықларға электрон газ есаплаў үскенелерин орнатыў жумыслары алып барылмақта. Бул бағдарда «Nukusshahargaz» газ тәмийнаты бөлими тәрепинен жеке хожалықларға усы газ есаплағышларын орнатыўда барлық күш ҳәм техникалар қамтыл­ған. Нөкис қаласында 66795 жеке хожалықларға автоматластырылған газ есаплаў үскенелерин орнатыў режелестирилген болып, усы күнге шекем 25412 дана электрон газ есаплаў үскенелери жеке хожалықларға орнатылды ҳәм АСКУГ системасына жалғанған. Электрон газ есаплаў үскенелерин орнатыўда бүгинги күнде 53 бригада шөлкемлестирилип, жеке хожалықларға газ есаплаў үскенелерин орнатыў жумыслары шөлкемлескенлик пенен жүргизилмекте.

Усы системаны  турмысқа енгизиўден гөзленген тийкарғы мақсет — тутыныўшы­ларға жеткерип берилетуғын тәбийғый газдиң есабын дурыс жүргизиў, газ есаплаў үскенелерине  сыртқы ҳәр қандай тәсирлердиң ҳәм нызамсыз пайдаланыўдың алдын алыў, пайдаланылған тәбийғый газ ушын коммуналлық төлемлерди өз ўақтында төлеў мәдениятын арттырыў, дебиторлық қарыздарлықлардың алдын алыў ҳәм алдыннан пул төлеў механизмин енгизиў, ең тийкарғысы тәбийғый газден қәўипсиз пайдаланыўды тәмийинлеўден ибарат.  Лекин, «ақыллы» есаплағышлар тутыныўшы тәрепинен пайдаланылған газди ҳеш қашан артығына есапламайды. Соның менен бирге, тутыныўшыларымыз арасында  пайда болған машқалаларды сапластырыў бойынша да илажлар алып барыўды режелестирип отырмыз. Дурыс, тутыныўшыларымызға айтарымыз, ески, тозыўы жеткен газ плиталары, жылытыў тармақларындағы қубырларында машқалалар пайда болыўы тәбийғый. Соның ушын да, оларды қәнигелер тәрепинен оңлаў, егер ҳақыйқатында да тозған болса жаңасына алмастырыў талап етиледи. Бул бағдарда, қәнигелеримиз халқымыз арасында үгит-нәсият жумысларын алып барыўды даўам еттиреди.

Гүрриңлескен:

Қонысбай РЕЙМОВ,

өз хабаршымыз.

 

 

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF