Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 21:53:02, 12.05.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ОН САЎСАҒЫ ОЙЫЛҒАН ШЕБЕР

­ Ҳәр қандай кәсип-өнердиң күши қүдиретли. Көзиниң тири ўақтында жыраў атамыз Жумабай Базаровты дүньяның төрт мушынан саз-сәўбет ышқыпазлары, илимпазлар излеп келер еди.

­ Айтарың барма, Алтын апаны да дуйым журтқа танытқан әпиўайы ийне-сабағы ғой...

(Мектепке өнер үйрениўге келген шәкиртлериниң гүрриңинен).

Адамның қолы гүл, ықласлы мийнети шын бахытқа жеткереди. Өмири туўып аўырмағанын өз аўзынан еситкенде исенер-исенбесимизди билмедик. Район орайындағы «қағаз» жумысларына ҳәм жақын аўыллардан қой, ешки, түйениң жүнлерин излеп табыўға велосипеди менен аңсат бар­ғаны ушын  ең жақсы көликке санайды.

Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 29 жыллық байрамы ҳүрметине «Фидокорана меҳнатлари учун» ордени менен сыйлықлан­ған Шоманайдағы «Кестешилик ҳәм өнерментшилер мектеби»ниң директоры Алтын Нәўбетованың мийнет жолы өз алдына дәстан еди.    

Шынында да, көйлекти ийне емес, оны ийкемге келтирген шебер қоллар ғана тигеди. Түркмен ағайинлер менен аўыллары иргелес, қойлары қоралас, қыз алысып, қыз берискенге қанлары қарысқан халықларымыздың үрп-әдет, салт-дәстүр, саз-сәўбетлери усас болғаны менен өзликлерин сақлап қалыўға тырысар еди. Әкеси Нәўбет жердиң тилин билетуғын дийқан, анасы Айшагүл келеплеп жип ийирген, өрмек тоқып, кийиз басып, қара үйдиң дәске, жасаўлары менен тағыншақларын бир қолдан шығаратуғын өнерли болыпты. Анасының анасы Айтгүл шебердиң шебери атанғанлықтан ақлықлары Алтын менен Бахыттың қолларына кишкентайынан ийне-сабақ услатып, не билгенлерин жалықпай үйреткен. Атайы түркмен гилемшиси Языгүл устазы болыпты. Мийнет жолын халыққа турмыс жағынан хызмет көрсетиў комбинатында  тигиўшиликтен баслап, узақ жыллар минсиз ислейди.

2000-жыллары Ш.Ниязова басшылық еткен республикалық «Исбилермен ҳаял-қызлар» шөлкемине ағза болып, И.Савицкий атындағы Көркем өнер музейиниң хызметкерлери М.Бабаназарова, А.Пирназарова ҳәм А.Андреевалар менен бирге ислесип баслағаннан ой-өриси кеңейип, заманға сай жаңаша көзқараста жумыс жүргизеди.

Гилем тоқыйтуғын станогын Хийўадан алдырып, жибин ағайинлеринен питкеретуғын еди.

Қарақалпақ ҳәм туўысқан халықлардың миллий нағысларын бир-биринен айырып таныған болды. Ықшамлап сызған үлгилери бойынша гилемлер тоқып, ер ҳәм ҳаял-қызлардың бас ҳәм үстки кийимлерин тигип, жийеклерин әдиплегенде жүзикке қас қондырғандай жарасыпты. Бир өкинишли жери, музей қасындағы «Саў­ғалар» дүканы затларын арзанға баҳалап алғаны менен сырт елли саяхатшыларға еки-үш есе қымбатына сат­қанларын көрип-билип жүрди. Музейге сырт елли саяхатшыларды баслап келетуғын түркиялы гид Мамед, англиялы Майкллар өзлерин қайыл қалдырған кестешини көрип, исханасы менен танысыў ушын Шоманайға излеп барады. Олар боялғаннан көре тәбийғый ҳалындағыларын жақсы көрер еди...

Район басшылары сырт елли саяхатшылар ағылып келе баслаған  2018-жылдан «Кестешилик ҳәм өнерментлер мектеби»н ашып, қонақларға тартынбай көрсете алатуғын, барлық қолайлылықларға ийе имаратқа көширип өткереди. Соннан баслап мектеп оқыўшылары менен колледж жаслары, үйлеринде жумыссыз отырған қыз-келиншеклердиң өз қәлеўи менен келетуғын орнына айланады... Бир бөлмесин өзлери тоқып ҳәм тигип шығарған алпыстан зыят затларын көргизбе залы ретинде пайдаланса, саўда-сатық ушын да орын ажырат­қан.

­ Үлкен қызым Роза жәрдемшилери менен буйыртпа тийкарында айына төрт гилем, паласлар тоқып шығарыў имканиятларына ийе. Қол мийнетин азайтыў ушын  бизлерди өз қәўендерлигине алған Германияның мәмлекетлик емес, коммерциялық емес «Жайзет» шөлкеминиң жәрдеми менен жүн түтетуғын станокты грант­тан утып алды. 2019-жылы өткерилген «Ташаббус» таңлаўының республикалық басқышында жеңимпаз атанып, Ташкентте «Саяхатшылардың дыққатын өзине ең көп тартқан исбилермен» номинациясында бириншиликти ийелеп, қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Қәдирберген инимниң ҚМУдың нефть-газ факультетин питкерген Байрамбай исмли баласы ерлер ҳәм ҳаял-қызлардың түрли размердеги аяқ кийимлери, байпақларын тигип шығара баслағаны ҳәммемиз ушын жаңалық болды. 7-класста оқыйтуғын ақлығым Бексултан Наўрыз ҳәм Ғәрезсизлик байрамларының ярмаркаларында қара үйдиң макетлерин түрли реңлерге боялған жез шийлер менен қаплағаны көпшиликте қызығыўшылық оятты. Бос ўақытлары дуўтар шертип, қосық айтқаны менен сабақларынан жақсы оқып, ҳәммесине ўақыт таўып үлгергенине қуўанамыз.

Президентимиз кестешилик пенен өнерментшиликти раўажландырыў мақсетинде салықлардан азат етип, коммунал төлемлеринен жеңилликлер берип, жақсы шараятлар жаратып бергени менен қатарымыздың көбеймей атырғаны қандай өкинишли. Районымызда өнерментшилер бирлеспесин ашыў ушын саны елиўге жетпегени себепли ҳәзирше  қоңыратшылар есабындамыз.

Ағайин-туўған, қоңсы-қоба, таныс-билислердиң арасынан кестеши, өнермент болыўға қызыққанлар шыққаны менен майда ҳәм аўыр қол мийнетлерине көнликпей, көпшилиги ярым жолда таслап кетеди. Мәселен, 10 килограмм қой жүнин сатып алсақ, жағымсыз ийисине қарамай, шаңарақ ағзаларымыз бенен жабыла жуўып тазалағанда, тек 2 килограмы ғана пайдаға асқандағы жартыўсыз табысына қанаат етпейди...

Өнерлиниң қолы алтын болғаны ушын қалай аш болсын. Алтын өз кәсибин атадан-балаға мийрас етип қалдырғанының есабынан өзин дүньядағы ең бахытлы аналардың қатарында санайды...

 

Ө.ӨТЕЎЛИЕВ,

өз хабаршымыз.

Шоманай районы.

 

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF