Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 19:42:18, 11.05.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

АЎЫЛ ХОЖАЛЫҒЫНА ЗАМАНАГӨЙ ТЕХНИКАЛАР

Ҳәммеңизге белгили, соңғы жыллары елимиздиң аўыл хожалығы тараўында кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Егинлерден мол ҳәм сапалы өним алыў, тараўдың материаллық-техникалық базасын беккемлеў, заманагөй техника ҳәм агрегатлар менен тәмийинлеў, сондай-ақ, тараўда ислеп шығарыўды және де жеделлестириў бойынша комплексли ис-илажларды әмелге асырыў бағдарында аўыл хожалығында жергиликли машина ислеп шығарыўды раўажландырыўға ҳүкиметимиз тәрепинен айрықша итибар қаратылмақта.

Усы мәселелерге бағышланып жақында «Ўзагролизинг» акционерлик жәмийетинде аўыл хожалығындағы заманагөй техникалардың көргизбели семинары шөлкемлестирилди. Илажға республикамыз аймағындағы аўыл хожалығы заманагөй техникаларын ислеп шығарыўшы кәрхана ўәкиллери, район ҳәкимлериниң аўыл хожалығы мәселелери бойынша орынбасарлары, Агрокластерлер ҳәм фермер хожалықлары баслықлары қатнасты. 


Семинарда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы орынбасары С.Хожаметов, «Ўзагролизинг» жәмийети басқармасы баслығының орынбасары Б.Каримов ҳәм «Ўзагролизинг» АЖ Қарақалпақстан Республикасы филиалы директоры З.Бабаджановлар сөзге шығып, өткерилип атырған семинардың мақсет ҳәм ўазыйпалары, заманагөй техникалар ҳаққында шығып сөйледи. Атап өтилгениндей, «Ўзагролизинг» акционерлик жәмийети 1999-жылы шөлкемлестирилген болып, тийкарғы хызмети мәмлекетимиз аўыл хожалығы тараўына заманагөй техникаларды лизинг тийкарында жеткерип бериўден ибарат. 2021-жылы лизинг алыўшыларға 1 трлн. 321,4 млрд. сумлық 5543 дана яки өткен жылға салыстырғанда 2,0 есе көп техника ҳәм механизмлерди жеткерип бериў режелестирилген. Усы жылы лазерли жер тегислегишлерге айрықша итибар қаратылып, 335 дана яки өткен жылға салыстырған 10 мәрте көп жеткерип бериледи. Лизингке берилетуғын техникалар ислеп шығарыўшы кәрханалардың Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлардағы диллерлик орайлары арқалы лизинг алыўшыларға жеткериледи. Жаңадан жаратыл­ған бағ ҳәм жүзимзарлықлар ушын талап етилетуғын аўыл хожалығы техника механизмлерин басқышпа-басқыш жеткерип бериў режелестирилген. Келешекте жасларды жумыс пенен тәмийинлеў мақсетинде жаңадан бағ ҳәм жүзимгершилик лизинг тийкарында қаржыландырыўды шөлкемлестириў бойынша илажлар көрилмекте. 2021-жылы тийкарғы бағдарларда бағ, жүзимгершилик, шар­ўашылық, халықтың қый­тақ жер хызметлери ҳәм салыгершилик тараўларына техникалар ҳәм суўды үнемлеўши технологиялар жеткерип бериледи. Бир ғана Қарақалпақстан Республикасына 2020-жылда 43,0 млрд. сумлық техникалар лизингке жеткерип берилген болса, 2021-жылы 148,8 млрд. сумлық 457 дана яки өткен жылға салыстыр­ғанда 4 есе көп техника жеткерип берилиўи көзде тутыл­ған. Усы жойбарларды қаржыландырыў ушын Қаржы минис­трлиги  жанындағы Аўыл хожалығын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў қорынан 180,0 млрд. сум, коммерциялық банклери ҳәм сырт ел кредит линиялары есабынан 570,0 млрд. сум қаржылар ажыратылады. Сондай-ақ, төлеў тәртибин беккемлеў ҳәм лизинг төлемлерин өндириў бойынша жумыслар системалы түрде даўам еттириледи. 2021-жылы жәмийет хызметине шет ел инвестицияларын (кредит, қарыз, грант ҳәм басқалар) тартыў ушын ири төртлик (BIG FOUR) халықаралық аудит компанияларының биринен халықаралық аудит стандарты бойынша унамлы жуўмақ алыў режелестирилген.

Бундай көргизбелердиң ҳәр жылы шөлкемлестирилиўи,  ондағы қатнасыўшылар санының көбейиўи тараўда техникалардың жақсы нәтийжелер берип атырғанлығынан дерек береди. 2021-жылы белгиленген реже тийкарында «Ўзагролизинг» акционерлик жәми­йети тәрепинен Қарақалпақстан Республикасына жәми баҳасы 138 млрд. сумлық 457 дана аўыл хожалығы техникаларының лизинг тийкарында жеткерилип берилиўи реже­лестирилген. Булар қатарында ҳәр қыйлы маркадағы айдаў тракторлары, бағшылық мини тракторлар, плуглар, бүрккишлер, минерал төгин сепкишлер, трактор тиркемелери, культиваторлар ҳәм басқа да түрдеги техника ҳәм агрегатлар орын алған.

­ Бүгинги көргизбели семинарда заманагөй техникаларды көзден өткерип, олардың қолайлықлары ҳәм лизинг хызметлериниң абзаллықлары менен жақыннан танысып алдым. Бундай техникалар биз фермерлерге жүдә зәрүр. Мен де ҳәр жылы пахта, бийдай ҳәм басқа да мийўе-палыз егинлерин егемен. Барлығы қолайлы ҳәм заманагөй. Усы техникалардың өзимизге қолайлысын шәртнама тийкарында алыў нийетиндемен, - дейди Шоманай районындағы «Кетенлер» АПЖ аймағындағы «Сүннетулла Сейдабуллаев» фермер хожалығы баслығы П.Бекбосынов.   

Семинарда қатнасыўшылар лизинг тийкарында жеткерип берилетуғын аўыл хожалығы тракторлары ҳәм техникалардың техникалық характеристикасы ҳәм олардың абзаллықлары, лизинг шәртлери ҳаққында кең түрде мағлыўматлар алды. Ҳақыйқатында да, техника ­ дийқанның қол-қанаты. Аўыл хожалығына техника ҳаўа менен суўдай зәрүр. Соның ушын да, бундай көргизбелердиң шөлкемлестирилиўи аўыл хожалығы егинлеринен мол ҳәм сапалы өним алыўда, сондай-ақ, тармақты нәтийжели усыллар тийкарында раўажландырыўда үлкен бағдар бола алады.

 

Г.САПАРОВА,

арнаўлы хабаршымыз.

СҮЎРЕТТЕ: илаждан көринис.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF