Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 19:35:01, 20.05.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

КЕЎИЛЛЕРДИ БИРЛЕСТИРГЕН ИЛАЖ

Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме китапхана орайында «Жаңа жылда — жаңа китаплар» атамасындағы жаңа китапларды таныстырыў кешеси шөлкемлестирилди. 

Birinchi fantastika. Badiiy adabiyot nima ekanligini bilasizmi? Badiiy adabiyot: ta'rifi va xususiyatlari

Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен мәденият хызметкери, белгили журналист Саъдулла Ҳәкимниң «Дебдиў», «Қорақалпоғистон тонги» газетасы бас редакторы, ша­йыра Назира Матякубованың «Жанымдағы жақсылар» китаплары китапқумарларға жақыннан таныстырылды. Бул еки китапты Өзбекстанға хызмет көрсеткен журналист, белгили дилмаш Кеңесбай Реймов қарақалпақ тилине сәтли аўдарған.

Әдебий сәўбет шеңберинде өткерилген кешеде «Қарақалпақ әдебияты» газетасы бас редакторы, Қарақалпақстан халық шайыры, сенатор Гүлистан Аннақлычева, Қарақалпақстан Республикасы Журналистлер дөретиўшилик аў­қамы баслығы Кеңесбай Реймов, Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы хызметкери Шарапатдин Аяповлар сөзге шығып, бул еки ша­йыр өмири ҳәм дөретиўшилигине тоқтап, китаптағы қосықларға шолыў жасады.

— Назира Матякубованың «Ёнимдаги яхшилар» китабы өзбек ҳәм қарақалпақ тиллеринде жарық көриўи китапқумарлар ушын үлкен саўға болды, - дейди Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети журналистика қәнигелигиниң биринши курс студенти Арайлым Кемалова. — Кешеде шайыр өз қосықларын  тәсирли етип, көркемлеп оқып берди,  поэзия ықласбентлери болса қызықтырған сораўларына жуўаплар алды. Ал, «Дебдиў» китабы авторы Саъдулла Ҳәкимди биз журналист сыпатында жақсы таныйтуғын едик. Енди оның қарақалпақ тилиндеги қосықлар топламы менен де жақыннан  танысыў имканиятына ийе болдық.

Сарпланған ўақыт инсанға руўхый азық бағышлағаны менен де өз қунына ийе. Бундай әдебий кешелер жаслар дүньяқарасын және де байытып, китапқа муҳаббат, мөлдир сезимлерге толы поэзияға қызығыўшылық оятары сөзсиз.

З.ЖАҚСЫМУРАТОВА.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF