Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 18:06:12, 20.05.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ТУТЫНЫЎШЫ ҲУҚЫҚЫ ҲӘМ МӘПЛЕРИ МӘМЛЕКЕТ ҚОРҒАЎЫНДА

Қарақалпақстан Республикасы Монополияға қарсы гүресиў комитети тәрепинен Мәмлекетлик активлерди бас­қарыў агентлиги Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасының мәжилислер залында комитеттиң 2020-жыл жуўмақлары ҳәм усы жылдағы алдағы ўазыйпаларына бағышлан­ған баспасөз конференциясы шөлкемлестирилди.

Конференцияға ғалаба хабар қураллары ўәкиллери, блогерлер, исбилерменлик субъектлер, тутыныўшылар ҳәм тараўдың жуўапкерли қәнигелери қатнасты. Илаж­ға Қарақалпақстан Республикасы Монополияға қарсы гүресиў комитети баслығы З.Камалов, комитет баслығы орынбасары Қ.Садықов, Өзбекстан Республикасы Монополияға қарсы гүресиў комитети мәлимлеме хызметинен М.Ҳасанова ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси мәлимлеме хызметинен А.Ажимуратовлар қатнасып, комитет ҳәм оның ўазыйпалары, алдағы режелер ҳаққында айтып өтти.

Айтып өтиў орынлы, Өзбекстан Республикасы Монополияға қарсы гүресиў комитети Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 14-январьдағы «Мәмлекетлик активлерди басқарыў, монополияға қарсы гүресиўди тәртипке салыў системасын ҳәм капитал базарды түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳақ­қында»ғы ҳәм 2019-жыл 24-январьдағы «Өзбекстан Республикасы Монополияға қарсы гүресиў комитетиниң жумысын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарары тийкарында шөлкемлестирилген. Комитет ҳәм оның аймақлық басқармаларының тийкарғы ўазыйпалары Өзбекстан Республикасы Минис­трлер Кабинетиниң 2019-жыл 15-майдағы «Өзбекстан Республикасы Монополияға қарсы гүресиў комитетиниң жумысын шөлкемлестириў ис-илажлары ҳаққында»ғы қарары менен тастыйық­ланған нызамға муўапық белгилеп берилген. Монополияға  қарсы гүресиў комитети «Бәсеки ҳаққында», «Тәбийғый монополиялар ҳаққында», «Тутыныўшылар ҳуқықларын қорғаў ҳаққында», «Реклама ҳаққында»ғы ҳәм басқа да нызамшылық ҳүжжетлериниң орынланыўын тәртипке салады.

Комитет тәрепинен тийкарғы ўазыйпа ҳәм функциялардан келип шығып, өткен дәўирде монополияға қарсы гүресиўди тәртипке салыў, бәсекилик орталығын раўажландырыў, тәбийғый монополия субъектлери жумысы үстинен қадағалаў орнатыў, тутыныўшылар ҳуқықларын қорғаў, реклама жумысын қадағалап барыў саласындағы жумыслар турақлы түрде әмелге асырылды. Тийкарынан бир қатар аймақларда тутыныўшылардың ҳуқықый мәдениятын және де арттырыў мақсетинде түрли илажлар, семинар ҳәм дөгерек сәўбетлери өткерилмекте. Соның тийкарында пуқаралардың өз ҳуқық ҳәм мәплери қорғалыўы нәтийжесинде ўәкилликли органларға мүрәжатлар санының көбейгенлигин де аңлаўымыз мүмкин.

Қарақалпақстан Республикасы Монополияға қарсы гүресиў комитетине 2020-жыл даўамында 611 физикалық ҳәм юридикалық шахс­лар тәрепинен түрли тараўлар бойынша мүрәжат келип түсти. Соннан 327 турақ жай коммунал, транспорт, 140 саўда ҳәм улыўма аўқатланыў, 67 байланыс ҳәм социаллық хызметлер, 22 монополияға қарсы ҳәм тәбийғый монополиялар ҳаққында нызамшылық талаплары бузылыўы, 20 мәмлекетлик сатып алыўлар, 4 биржа саўдалары, 4 жер ажыратыў, 2 ислеп шығарыў, 25 реклама ҳәм басқа да тараўлар бо­йынша мүрәжатлар.

Келип түскен 611 мүрәжаттың 545и унамлы шешим тапқан болса, 25 мүрәжатқа нызамлы түрде түсиндириў жумыслары алып барылды. Соның менен бир қатарда, 25 мүрәжат өз тәртибинде тийисли мәмлекетлик органларға жиберилди. Ал, 16 сына үйрениў жумыслары алып барылмақта. Сондай-ақ, товар ҳәм финанс базарларында үстемлик жағдайынан пайдаланыў, тил бириктириўлер ҳәм картель келисимлер бо­йынша 64 анализ, 10 район (қала) ҳәкимликлеринде 85 нызам бузыўшылықлардың анықланғанлығын айтып өтиўимизге болады.

Конференцияға ғалаба хабар қураллары ўәкиллери менен бир қатарда мүрәжат ийелери де қатнасып, комитет жумысына қанаатланып, өз миннетдаршылықларын билдирди. Айтып өтетуғын болсақ, өткен жылдың 4-ноябринде Қарақалпақстан Республикасы Монополияға қарсы гүресиў комитетине Нөкис қаласында жасаўшы Клара Әметова атлы тутыныўшыдан мүрәжат келип түскен. Тутыныўшы «UzAvto­Motors» АЖ тәрепинен жәрияланған акция шеңберинде «Avto-Gentre-Qoraqalpoq» ЖШЖнен 95768000 сумға шәртнама тийкарында COBALT автомобилин сатып алады. Жәрияланған акцияға муўапық, COBALT  автомобилин сентябрь айында алғанлығы ушын 5100000 сум пул қаржысы қарыйдарға қайтарылып берилиўи көрсетилген. Лекин, автомобильди алғанына еки ай өтиўине қарамастан жәмийет тәрепинен шәртнама шәртлери орынланбастан қарыйдарға акция пулы қайтарып берилмегенлиги ушын маш­қаланы нызам тийкарында көрип шығыўында комитеттен әмелий жәрдем сорап мүрәжат етеди. Комитет тәрепинен «Avto-Gentre-Qoraqalpoq» ЖШЖне тутыныўшының мүрәжаты тийкарында тийисли сораў хатлары жиберилип, Өзбекстан Республикасы «Тутыныўшылар ҳуқықларын қорғаў ҳаққында»ғы Нызамның мазмун-мәниси түсиндириледи. Нәтийжеде комитет тәрепинен нызам шеңберинде алып барылған жумыслар тийкарында тутыныўшының ҳуқықы ҳәм мәпи қорғалғанлығын атап өтсек болады.

Конференцияда комитет жумысын және де жетилистириў, усы жылға белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеўде нәтийжели жумысларды жолға қойыў бойынша пикир-усыныслар билдирилип, қызықтырған сораўларға жуўаплар қайтарылып, ти­йисли илажлар белгилеп алынды.

Г.САПАРОВА,

арнаўлы хабаршымыз.

СҮЎРЕТЛЕРДЕ: илаждан көринислер.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF