Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 20:06:50, 20.05.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЗАМАННАН ИЗДЕ ҚАЛЫЎҒА ҲАҚЫМЫЗ ЖОҚ

Усы жылдың 19-январь сәнесинде Өзбекстан Республикасы Президенти басшылығында руўхый-ағартыўшылық жумыслар системасын түп-тийкарынан жетилистириў, бул бағдарда мәмлекетлик ҳәм жәми­йетлик шөлкемлердиң бирге ислесиўин күшейтиў мәселелери бо­йынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде мәм­ле­кетимизде руўхый-ағартыўшылық тараўында әмел­ге асырылып атырған жумыслар, Республикалық Руўхый ҳәм ағартыўшылық орайының жумысларын жетилистириў бойынша кең түрде сөз етилип, тараў жумыслары сын көзқарастан қайта көрип шығылды.

Мәжилисте мәмлекетимиз басшысы тәрепинен дүньяда жүз берип атыр­ған глобалласыў процесс­лери инсаният ушын үлкен имканиятлар менен бирге машқалаларды, қәўетерли жағдайларды келтирип шығарып атырғаны, миллий өзлик ҳәм мәнаўий қәдириятларға қарсы қәўип артып баратырғаны атап өтилди.

Ҳақыйқатында да, халықаралық майданда идео­логиялық, информациялық гүреслер күшейип баратырған ҳәзирги қурамалы ҳәм қәўетерли дәўирде руўхый-ағартыўшылық жумысларды заман талаплары тийкарында шөлкемлестириў, жасларымызды ҳәр түрли идеологиялық топылыслардан қорғаў, пуқараларымыздың өмирге саналы мүнәсибетин қәлип­лестириў, әтирапымызда жүз берип атырған ўақыяларға тийислилик сезимин асырыў, мәмлекетимиз ғәрезсизлиги, тыныш-татыў турмысымызға қәўип туўдырыў мүмкин болған қәўиплерге қарсы избе-излик пенен гүрес алып барыў ўазыйпасы тараўдағы жумысларды соның ишинде, Республикалық Руўхый ҳәм ағартыўшылық орайының жумысларын қайта көрип шығыўды талап етпекте.

Соған муўапық Президентимиз тәрепинен бул орайдың жумысларын жетилистириў бойынша бир қатар усыныслар билдирилди. Атап айтқанда, Республикалық Руўхый ҳәм ағартыўшылық орайының барлық аймақлық кеңеслериниң, министрлик, мәкеме ҳәм шөлкемлердиң руўхый-ағартыўшылық тараўдағы жумысларын муўапықластырып барыўы белгиленди. Демек буннан былай мәнаўиятты үгит-нәсиятлаў системалы түрде алып барылады ҳәм барлық шөлкемлер биргеликте жумыс алып барады.

Сондай-ақ, жыйналыста Президентимиз жасларды Ўатан сүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, олар­ға тарийхты жақсы үйретиў, уллы алымларымыздың мийрасын терең үйрениў, жасларды билимли етип тәрбиялаў ушын бәрше шараятларды жаратыў кереклигин айрықша атап өтип, — миллий тарийхты миллий руўх пенен жаратыў керек. Болмаса оның тәрбиялық тәсири болмайды. Биз жасларымызды тарийхтан сабақ алыў, жуўмақ шығарыўға үйретиўимиз, оларды тарийх илими, тарийхый ой менен менен қуралландырыўымыз зәрүр, - деди.

Бул ис-ҳәрекетлер мәнаўият тараўындағы реформалар, мәдениятымыз, көркем-өнеримиз, әдебиятымызды раўажландырыў, тарийхымызды тиклеў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар жасларымызда жаңаша дүнья қарастың ҳәм де мәнаўий иммунитеттиң қәлиплесиўине тийкар болады. Соның менен бирге, ғәрезсизлик жылларында бой тиклеген имаратлар, оң­лан­ған зиярат орынлары, музейлерге барыў, мәнаўий мийрас ҳәм руўхый турмыс пенен байланыслы орынларға жасларымыздың сая­хатларын шөлкемлестириў мақсетке муўапық болар еди.

Бир сөз бенен айтқанда, жыйналыста атап өтилгениндей жәмийет турмысын түптен жаңалаў бо­йынша реформалар әмелге асырылып атырған ҳәзирги па­йытта руўхый-ағартыўшылық жумысларын әмелге асырыў, миллий, улыўма инсаный қәдириятларды жаслар санасына сиңдириў ҳәм нәтийжеде мәнаўий жетик, кәмил инсанды, еркин шахсты тәрбиялаў мәмлекетимиз сиясатының баслы бағдарлары болып қалмақта.

Солай екен, бүгинги тез пәтлер менен раўажланып баратырған дәўир менен теңдей қәдем таслаўымыз тийис. Заманнан изде қалыўға ҳеш қандай ҳақымыз жоқ.

Т.Романов.

ӨзМТДП ҚР Кеңеси баслығы, Қарақалпақстан Республикасы

Жоқарғы Кеңесиндеги ӨзМТДП фракциясы баслығы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF