Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 20:25:48, 20.05.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖАСЛАР ЖАТ ИДЕЯЛАРҒА ҚАРСЫ

Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде, ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси ҳәм Муҳаммед ал-Беруний атындағы орта арнаўлы Ислам билим журты менен биргеликте «Биз жаслар жат идеяларға қарсымыз» атамасында ашық сәўбетлесиў кешеси өткерилди.

Кешеде Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң басшылығында усы жыл 19-январь күни руўхый-ағартыўшылық жумыслар системасын түп-тийкарынан жетилистириў, бул бағдарда мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң бирге ислесиўин күшейтиў мәселелери бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде атап өтилген мәселелер ҳаққында кең түрде түсиниклер берилди.

Жасларды миллий идеяға ҳүрмет, Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық руўхында тәрбиялаў, оларды бузғыншы жат идеялардан, ҳәр қыйлы зыянлы ағымлардан қорғаў бойынша мәселелер кең түрде додаланып, пикир-усыныслар билдирилди.

Атап өтилгениндей, келешегимиз болған жасларда диний экстремизм, «ғалабалық мәденият», бузғыншылық, әдепсизлик сыяқлы жат иллетлерге иммунитетти арттырыў, жаслардың мәмлекетимизде жүз берип атырған социаллық, сиясий, мәдений, ағартыўшылық процесслерде белсене қатнасыўын тәмийинлеў баслы мақсетимиз болыўы зәрүр.

Илаж даўамында студент-жаслар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF