Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 18:37:19, 20.05.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

Қарақалпақстанлы палўан «Универсиада»ның финал басқышында 3-орынды ийеледи

Усы жылдың 22-24-январь күнлери аралығында Әндижан мәмлекетлик медициналық институтында спорттың белбеўли гүрес түри бойынша «Универсиада» спорт жарысларының финал басқышы болып өтиўи ҳаққында хабар берген едик.

Оған Өзбекстанның барлық аймақларынан, соның ишинде, Қарақалпақстан Республикасынан күшли спортшылардан дүзилген сайланды командалар қатнасты.

Жеңимпазлар 7 салмақ категориясы бойынша олимпиада ойынлары қағыйдаларына муўапық анықланды.

Қуўанышлысы, жарыстың ең аўыр 90 кг салмақ категориясы бойынша Қарақалпақстан Республикасы сайланды командасы қурамында қатнасқан, Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалының студенти Есет Сәдўақасов жарыста сыйлы 3-орынды ийелеп, бронза медалы менен сыйлықланды.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF