Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 21:42:15, 20.09.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ӘСКЕРЛЕР УШЫН ЖӘНЕ БИР ШАРАЯТ

Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниң 29 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылары байрамы қарсаңында Нөкис гарнизонындағы Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы имараты ири оңлаўдан шығарылып, пайдала­ныўға тапсырылды.

Усы мүнәсибет пенен өткерилген мәресимде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов ҳәм Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев, Арқа-Батыс әскерий округи сәркардасы, полковник Ф.Шерматов, Қураллы Күшлер нураныйлары, кең жәмийетшилик ўәкиллери ҳәм әскерий хызметкерлер қатнасты.

Илажда сөзге шыққан мийманлар саўлатлы көриниске ийе болған бул мәскан ендигиден былай әскерий хызметкерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзалары, сондай-ақ, халықтың мәнаўиятын, билимин арттырып, мәдений дем алыў жумысларын жоқары дәрежеде шөлкемлестириўге хызмет етиўине исеним билдирди. Мийманлар жаңаланған Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы бойлап саяхат етти.

Жақында әмелге асы­рыл­ған ири оңлаў ҳәм реконструкция жумыслары бул Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайына «екинши өмир» бағышлады, имарат заманагөй ҳәм ықшам көринис, көркем ҳәм саўлатлы келбетке ийе болды.

Имараттың сыртқы фасадының төрттен үш бөлиминиң бетине ислеў берилип, миллий дизайн тийкарында безетилди. Орайдың биринши қабатының фойесинде дийўалдың 2х15 м көлемине шебер мүсинши Қазақбай Хожамуратов тәрепинен исленген «Кәрўан жолларына тутас саҳра» атлы барельеф орналастырылған болып, бул көркем өнер шығармасы қарақалпақ халқының бай тарийхы, мәденияты ҳәм көркем өнери, өзине тән ҳәм бий­тәкирар тәбияты, өсимликлер ҳәм ҳайўанат дүньясын өзинде сәўлелендиреди. Ондағы балықшылық пенен шуғылланып атырған еки еркек ҳәм Арал теңизи жағасындағы кишкене бала образында балықшылық қарақалпақлар ушын әўладтан-әўладқа өтип киятырған ата мийрас кәсип екенлигин көрсетеди. Шағала қуслар еркинлик ҳәм абаданлық, балықлар болса қут-берекет тымсалы сыпатында шығарманың мазмунын байытқан. Бул шығармада Шылпық, Гәўир қала, Миздакхан сыяқлы тарийхый объектлер де бултлар арасында көзге тасланып  турады. Бул болса Қарақалпақстан тарийхы жүдә узақ дәўирлерди өз ишине қамтып алғанын аңлатады. Бир сөз бенен айтқанда, барельеф арқалы жаратылған бул шығарма жәннет­мәкан Қарақалпақстан ҳәм қарақалпақстанлылар ҳаққында сөзлейди.

Оңлаў жумыслары нәтийжесинде 600 орынға мөлшерленген концерт залында сахна, орынлықлар ҳәм де жердеги ҳәм дийўаллардағы қапламалар толығы менен жаңаланып, заманагөйлестирилди. Сахна ишине орнатылған 9х5 м көлемдеги LЕD-панелли экран, түрли реңлерде жилўаланатуғын сахна жақтыртыў шырақлары, қарақалпақ халқының миллий нағыслары менен безетилген сахна ҳәм тамашалар залы ендигиден былай ҳәр қандай илажды сапалы өткериў, әскерий хызметкерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзаларының мазмунлы дем алыўын тәми­йинлеў ушын қосымша қолайлылық жаратып береди. Залдың жоқарғы бөлиминиң орайында жайласқан ҳәм қарақалпақ отаўларының ең тийкарғы элементи болған шаңарақ бул жердеги әскерий хызметкерлердиң дослық ҳәм татыўлықта, бир шаңарақ болып жасап атыр­ғанын билдиреди.

Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайында жаратылған және бир объект айрықша дыққатқа ылайық. Неге дегенде, Қорғаныў минис­трлигиниң әскерий округлери ишинде биринши «Округ тарийх музейи» әйне усы жерде жаратылған. 1,5 мың экспонаттан ибарат болған музей экспозициясынан Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятының тарийхы, үрп-әдет ҳәм дәстүрлери, аймақлық бөлиниўи, тәбийғый ҳәм жасалма байлықлары, миллий липаслары, әййемги естеликлер менен бирге бул еки елатта жетисип шыққан Екинши жәҳән урысы қаҳарманлары, Жеңиске қосқан үлеси ҳәм 1999-жылы дүзилген Арқа-Батыс әскерий округине усы дәўир ишинде басшылық еткен сәркардалар ҳаққындағы мағлыўматлар, әскерий хызметкерлердиң республика ҳәм халық­аралық ареналарда қолға киргизген табыслары, оқ-дәри үлгилери, урыс жылларында пайдаланылған әскерий қурал-жарақлар орын алған. Электрон инфо­киоск­лар арқалы Екинши жәҳән урысында ўатанласларымыздың Жеңиске қосқан үлеси сәўлеленген видеокөринислер менен де танысыў мүмкин. Заманагөй дизайн ҳәм өзгеше талғам менен жаратылған бул музей Қураллы Күшлеримиз тарийхының жаңа бетлеринен орын алатуғынына гүман жоқ.

Түрли қарама-қарсылықлар күшейип баратырған бүгинги дүньяда жасларымыздың мәнаўий иммунитетин күшейтиў, олардың бос ўақтын мазмунлы өткериў ҳәр қашанғыдан да актуал екенин заманның өзи көрсетип тур.

Өсип киятырған жас­ларға болған итибарды және де күшейтиў, оларды мәденият, көркем өнер, дене тәрбиясы ҳәм спортқа кең тартыў, жасларда мәлимлеме технологияларынан пайдаланыў көнликпелерин қәлиплестириў, елимиз жаслары арасында китапқумарлықты үгит-нәсиятлаў, ҳаял-қызлар бәнтлигин арттырыў мәселелерине қаратып, 2019-жылы Президентимиз тәрепинен алға қойылған 5 әҳмийетли басламаның орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде жаңаланған Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайының екинши қабатында әскерий хызметкерлердиң перзентлери ушын инглис ҳәм рус тиллери, математика, ментал арифметика, компьютер саўатханлығы, шахмат-шашка, аяқ ойын ҳәм көркем гимнастика дөгереклериниң хана ҳәм заллары ең соңғы усылда үскенеленди.

Ўатан қорғаўшылары ҳәм олардың шаңарақ ағзаларына қосымша қолайлылықлар жаратыў мақсетинде қурылған ҳәм де заманагөй тренажёр ҳәм спорт инвентарьлары менен тәмийинленген фитнес ҳәм тренажёр заллары ендигиден былай саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў ҳәм денсаўлықты беккемлеў  ушын хызмет етеди.

Дөгерек ағзалары ҳәм спорт заллары қатнасыўшыларының мүтәжлиги ушын орайда заманагөй үскенелерге ийе болған 9 санитариялық система ҳәм 3 душ ханасы бар.

Қорғаныў министрлиги әскерлери менен реал ўақыт өлшеминде видеоселектор тәризинде мәжилис ҳәм жыйналысларды, халықаралық дәрежедеги ушырасыў ҳәм дөгерек сәўбетлерди видеоконференцбайланыс системасы жәрдеминде өткериў имканына ийе болған 70 орынлық үлкен мәжилислер залы ҳәм 30 орынлық киши мәжилислер залы округ әскерлериниң басқарыў сис­темасын жаңа басқышқа көтериўге қосымша имканият жаратады.

Әскерий округте жүз берип атырған соңғы жаңалықларды тезлик пенен телерадиоканаллар, интернет ҳәм баспасөз, социаллық тармақ ҳәм мессенжерлер ар­қалы кең жарытыў, ғалаба хабар қураллары менен тығыз бирге ислесиўди услап турыў­ға хызмет көрсетип атырған округ баспасөз хызмети ушын да бул комп­лекс­те өз алдына орын ажыратылған. Оңлаў ислери нәтийжесинде әскерий округтиң блиц-интервью, түсирилген видеокөринислерди монтажлаў, көринис ҳәм хабарларды таярлаў ҳәм узатыў ҳәм де сес жазыў имканиятына ийе болған жаңа медиа студия қурылды.

Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайына келген мийманлар, көркем-өнер шеберлери ҳәм дөретиўшилерди күтип алыўға хызмет ететуғын, мийманларды күтип алыў 3 залы, ерлер ҳәм ҳаял-қызларға хызмет көрсететуғын гөззаллық салонлары жаратылды.

Бир сөз бенен айтқанда, мине усындай өзгерислер, жаңаланыўлар әскерий хызметке болған жоқары итибардан дерек береди.

Арқа-Батыс әскерий округиниң баспасөз хызмети.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF