Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 00:41:42, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

БАТАЛЬОННЫҢ ЖАҢА ИМАРАТЫ

Нөкис гарнизонындағы қайта оңлаўдан шыққан Мобилиза­циялық шақырыў резерви (МШР) батальонының имараты салтанатлы түрде пайдаланыўға тапсырылды.

Салтанатлы илажда Арқа-Батыс әскерий округи командири, полковник Ф.Шерматов, Қарақалпақстан Республикасы Минис­трлер Кеңеси Баслығының орынбасары М.Жуманов, Қураллы Күшлер нураныйлары ҳәм әскерий хызметкерлер қатнасты.

Илажда сөзге шыққан округ командири әскерий хызметкерлерди Қураллы Күшлер дүзилгениниң 29 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни байрамы менен қутлықлап, соңғы жылларда улыўмахалықлық байрамлар қарсаңында әскерий хызметкерлер ҳәм әскерий пенсионерлерге жаңадан қурылып атырған ықшам жайлар, әскерий-ҳәкимшилик объектлери салтанатлы рәўиште тапсырылыўы унамлы дәстүрге айланғанын атап өтти.

— Қарақалпақстан Республикасы әскерий-ҳәкимшилик секторының көмеги менен 2020-жылдың декабрь айында округимизде халықаралық стандартларға толық жуўап беретуғын, әскерий хызметкерлер ушын барлық шараятларға ийе болған «Нөкис» дала-оқыў майданының пайдаланыў­ға тапсырылыўы тарийхый ўақыя болды. Бул өз гезегинде әскерий бөлимлеримиздиң жаўынгерлик таярлығын және де арттырыўға қосымша имканият жаратты. Буның ушын Қарақалпақстан Республикасы басшылығы ҳәм хал­қына терең миннетдаршылығымызды билдиремиз, - деди полковник Ф.Шерматов.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары М.Жуманов ендигиден былай бул мәскан МШР хызметине келген жигитлер ушын теориялық билимлерди өз­лес­тиретуғын, Ўатанға садық етип тәрбиялайтуғын тийкарғы билим дәргайларынан бирине айланыўын тиледи. Президентимиз тәрепинен Ўатан қорғаўшылары ҳәм олардың шаңарақ ағзаларына жаратылып атырған қолайлықлар ҳәм шараятларға әскерий хызметкерлер өзлериниң пидайы хызметлери менен мүнәсип жуўап қайтарыўына исеним билдирди.

Соны атап өтиў керек, 500 орынға мөлшерленген МШР батальоны имараты үш қабаттан ибарат болып, алдын бул жерде хызметкерлердиң жасаўы ҳәм сапалы тәлим-тәрбия алыўы ушын жетерли шараят ҳәм қолайлылықлар болмаған. Алып барылған капитал оңлаў ҳәм реконструкция жумыслары нәтийжесинде қысқа ўақыт ишинде имараттағы барлық объектлер толық реконструкция етилип, ескирип кеткен мебель ҳәм инвентарьлар жаңланыўына ерисилди.

Алып барылған қурылыс ислери нәтийжесинде батальон имаратының ишки бөлиминде бөлим командирлери ушын 10 хызмет ханасы, бир ўақыттың өзинде 500 хызметкерди орналастырыў имканына ийе болған 13 шынығыў ҳәм 3 турмыслық хызмет көрсетиў ханалары, 3 кең ҳәм ықшам жатақханалар, 5 санитариялық система қайта жетилистирилди. 7 мың көркем әдебият ҳәм 10 мың электрон китапқа ийе болған ҳәм Ziyo-net миллий мәлимлеме-билимлендириў тармағына жалғанған китапхана бул жерде жаслардың мәнаўиятын, билимин көтериўге хызмет етеди.

Бурын хызметкерлердиң мәдений дем алыўы, түрли илажлар, ушырасыў ҳәм дөгерек сәўбетлери, кинофильмлер тамашалаўы ушын арнаўлы ажыратылған жайдың болмағаны тәрбиялық жумысларды шөл­кемлестириўде бираз қыйыншылықлар туўдырып келген еди. 200 орын­ға мөлшерленген жаңа мәжилислер залы жоқарыдағы машқалаларға шешим болды.

600 орынға мөлшерленген ҳәм заманагөй стандартларға сай үскенеленген ықшам асхана комплекси хызметкерлерге сапалы азық-аўқат өнимлеринен таярланған ҳәм калорияға бай миллий тағамларды үш мезгил дастурханға тартады.

Еслетип өтемиз, МШР хызмети 2003-жылда шақырыў жасындағы пуқаралар ушын әскерий хызмет түри сыпатында енгизилген. «Улыўма әскерий миннет ҳәм әскерий хызмет ҳаққында»ғы Нызамға муўапық, мүддетли әскерий хызметти өтеўге жарамлы, әскерий хызметке шақырылыў мүддетин кешиктириў ҳәм шақырылыўдан азат етилиў ҳуқықына ийе болмаған, бирақ, Қураллы Күшлер қатарына мүддетли әскерий хызметке шақырылмаған шахслар МШР қатарына алынады.

Илаж даўамында МШР имаратын оңлаў жумысларын алып барған кәрхана басшылығына әскерий округ басшылығы тәрепинен миннетдаршылық билдирилди.

Имараттың ашылыў мәресиминен соң мийманлар бул жерде жаратылған шараятлар менен жақыннан танысып, мәмлекетимиздиң өз армиясына бол­ған жоқары итибарын сезинди. Әсиресе, алдын усы әскерий округте хызмет етип, бүгин напақада болған әскерий пенсионерлердиң бундай шараятларға миннетдаршылығы шексиз болды.

 

Арқа-Батыс әскерий округиниң баспасөз хызмети.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF