Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 06:01:16, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ШЫМБАЙ РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСИНИҢ ГЕЗЕКСИЗ ОН БЕСИНШИ СЕССИЯСЫ БОЛЫП ӨТТИ

Усы жылдың 7-ноябрь күни халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң гезексиз он бесинши сессиясы болып өтти.

Сессияның күн тәртибинде шөлкемлестириў мәселеси көрип шығылды.

Сессия жумысына Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов қатнасты ҳәм шығып сөйледи.

Сессияда районды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, халықтың саламатлығын қорғаў, район халқының жәрдемге мүтәж қатламын қоллап-қуўатлаў, исбилерменликти раўажландырыў, бюджет дәраматларын арттырыў ҳәм сырт еллерде мийнет етип, коронавирус пандемиясы себепли қайтып келген пуқараларды жумысқа орналастырыў, жаслар ҳәм ҳаял-қызлардың маш­қалаларын шешиў сыяқлы әҳмийетли ўазыйпаларға айрықша итибар қаратылды.

Сессияда район ҳәкими лаўазымына усы күнге дейин Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының Финанс, экономика ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша биринши орынбасары, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министри лаўазымларында ислеп келген Тажетдинов Айбек Алтынбековичтиң кандидатурасы усынылды.

Сессияда Тажетдинов Айбек Алтынбекович Шымбай районы ҳәкими лаўазымына тастыйықланды ҳәм өзиниң бар билим ҳәм тәжирийбесин районды ҳәр тәреплеме раўажландырыўға, халықтың турмыс шараятын жақсылаўға, районда кәмбағаллықты қысқартыў­ға, исбилерменликти қоллап-қуўатлаўға ҳәм оларға қолайлы шараятлар жаратыўға, машқалаларды унамлы шешиўге жумсайтуғынлығын атап өтти.

Усының менен халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң гезексиз он бесинши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF