Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 20:33:27, 20.09.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖӘМИЙЕТЛИК  ЖУМЫСЛАРДА  БЕЛСЕНДИ

ӨзМТДП Нөкис қалалық Кеңесинде ҳәр қыйлы тараў ўәкиллеринен партия ағзалары бар. Солар қатарында медицина тараўында да басланғыш партия шөлкемлери дүзилди.

Усындай басланғыш партия шөлкеми Қурбанов Мурат Исмайлович басшылық еткен Республикалық қәнигелестирилген онкология ҳәм радиология илимий-әмелий медицина орайы Қарақалпақстан филиалында 2013-жылы дүзилип, мине соннан берли бул шөлкемде жылдан жылға ағзалар саны көбе­йип, партия тәрепинен шөлкемлестирилген ҳәр бир илажда  белсендилик пенен қатнасып келмекте.

Мурат Қурбанов  өз кәсибиниң пидайысы болыўы менен бир қатарда жәмийетлик жумысларда да белсенди. Усы белсендилиги менен 2014-2019-жыллар Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине депутат болып сайланды ҳәм өз сайлаўшылары мүрәжат, маш­қалаларының әмелий шешилиўинде жәрдем етти. Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Жо­қар­ғы Кеңесте партияның фракция баслығы сыпатында көплеген шешимин күткен машқалаларды сессия дәрежесине шекем алып шығып унамлы шешилиўине миясар болды.

 Партия тәрепинен 2014-жылы өткерилген Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы аймақлық, мәҳәлле ҳәм басланғыш партия шөлкемлери арасында «Ең үлгили басланғыш партия шөлкеми» номинациясы таңлаўында сыйлы 3-орынды алыўға еристи. Бул партия шөлкеминиң белсендилик етиўинде әлбетте, басшының орны айрықша әҳмийетке ийе. Соның менен бирге басланғыш партия шөлкеминиң шөлкемлестириў жумысларын булжытпастан орынлап сапа жағына жуўапкершилик пенен жумыс алып барып атырған Республикалық қәнигелестирилген онкология ҳәм радиология илимий-әмелий медицина орайы Қарақалпақстан филиалы кадрлар бөлим баслығы Гаўҳар Хожанованың мийнети айрықша. Себеби, партия тәрепинен қандай тапсырма яки шөлкемлестириў жумыслары болсын ҳәмийше өз ўақтында ҳәм сапалы орынлайды.

Сондай-ақ, Мурат Қурбанов усынысы тийкарында партия менен биргеликте ҳәр жылы Республикалық қәнигелестирилген онкология ҳәм радиология илимий-әмелий медицина орайы Қарақалпақстан филиалында Нөкис қаласындағы барлық мәҳәлле пуқаралар жыйынындағы кем тәми­йинленген, бағыўшысын жоғалтқан, жалғыз баслы шаңарақлардағы медициналық тексериўге мүтәж пуқараларды бийпул медициналық тексериўден өткерип ҳәм дәри-дәрмақлар берип жәрдем етип келмекте.

Ол өз жумысына да жуўапкершилик пенен қарап алдына келген бийтапты күттирип қоймастан дәрҳал шыпакер образында сәўлеленеди. Оның жумыс процесин көрип, шексиз алғыс айтқың келеди. Себеби алдына келген аўыр түскинликтеги бийтапларға жыллы сөзлери, шыпалы қоллары менен қәлбине жол, даўасына шыпа  таўып саўалып кетиўине себепши болып келмекте.

Өз гезегинде бәрше медицина хызметкерлерин кәсиплик байрамы менен қутлықлап, талмас күш-жигер, беккем денсаўлық, машақатлы жумысларында табыслар тилеймиз!

 

А.НурумбетовА,

ӨзМТДП Нөкис қалалық Кеңеси баслығы.

СҮЎРЕТТЕ: М.Қурбанов жумыс пайытында.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF