Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 23:31:25, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚОРЫҚХАНА  ЭКОТУРИЗМДИ РАЎАЖЛАНДЫРЫЎ  БАҒДАРЫНДА

Бүгинги дәўир ҳәр бир инсаннан, яғный, өзимизди қоршап турған әтирап-аймақты сақлаў, бийтәкирар ҳәм сақый тәбиятты қорғап қалыў, қайта тиклеў ҳәм келешек әўлад ушын мийрас қалдырыў сыяқлы экологиялық машқалаларды шешиў сыяқлы әҳмийетли мәселелерден есапланады.

Ҳақыйқатында да, биз қаншелли әтирапымыздағы ҳайўанатлар ҳәм өсимликлер дүньясын сақлап қалғанда ғана ана-тәбиятымызды қорғаўға өз үлесимизди қосқан болар едик.

Биз жақында Төменги Әмиўдәрья мәмлекетлик биосфера резерватының илимий ислер бо­йынша директор орынбасары Ақылбек Төреев пенен ушырасып, қызықтырған сораўлары­мызға жуўаплар алдық.

­ Ең дәслеп мәмлекетимиз аймағында қорғалатуғын тәбийғый аймақлар ҳәм олардағы биоҳәртүрлиликти сақлаўда экологияның роли ҳәм әҳмийетине тоқтап өтсеңиз...

­ Ҳақыйқатында да, мәмлекетимиз аймағында биоҳәртүрлиликти сақлаўда қорғалатуғын тәбийғый аймақлар тармағы үлкен әҳмийетке ийе. Қорғалатуғын аймақлар ҳаққында 2004-жыл 3-декабрь күни 7l0-П санлы Өзбекстан Республикасы Нызамы қабыл етилди. Аймақларды социал-экономикалық раўажландырыў мақсетинде мәмлекетлик биосфера резерватлары биологиялық ҳәр түрлиликти сақлаў, тәбийғый объектлер ҳәм комплекслерден ақылға муўапық пайдаланыў ушын қорғалатуғын тәбийғый аймақлар шөл­кемлестирилиўи мүмкин. Мәмлекетлик биосфера резерватлары халық­аралық биосфера тармағына қосылыўы ҳәм қоршаған тә­бийғый орталықтың глобал мониторингинде қатнасыўы мүмкин ҳәм мәм­лекетлик биосфера резерватына пайдаланыўға берилетуғын жер участкаларында, сондай-ақ, басқа юридикалық ҳәм физикалық шахслардың мәмлекетлик биосфера резерватлары шегаралары шеңберинде жер участкаларында жайласады. Жер ҳәм суў майданларының тийкарғы экологиялық илимий-мәдений эстетикалық рекреация ҳәм санитария саўалландырыў әҳмийетине ийе болған хожалық есабындағы турақлы ҳәм ўақтынша пайдаланыўдан толық яки айырым шығарылған участкалары қорғалатуғын тәбийғый аймақлар есапланады. Тәбийғый объектлер ҳәм комплекслерди сақлап қалыў, тәкирар көбейтиў ҳәм қайта тиклеў мақсетинде қорғалатуғын тә­бийғый аймақларда қорғаў ҳәм пайдаланыў режими орнатылады. Бул аймақлар биологиялық ландшафт рәң-бәреңлигин тәмийинлеў ҳәм эколо­гиялық теңсалмақлылықты сақлаў бойынша мөл­шерленген жаңа экологиялық системаны пайда етеди.

Өзбекстанның қорғалатуғын тәбийғый аймақлар дизимине улыўма майданы 2164 кв.км. болған тоғыз мәмлекетлик қорықханасы, улыўма майданы 12186,8 кв.км. болған тоғыз мәмлекетлик буйыртпаханасы ҳәм бир сийрек ушырасатуғын ҳайўан түрлерин көбейтиў бо­йынша республикалық «Жайрон» экоорайы киреди. Бул қорғалатуғын тәбийғый аймақлар майданы 20520 кв.км. яки республиканың улыўма майданының 5,2 процентин қурайды. Қорғалатуғын тәбийғый аймақлар ҳәм тәбийғый экологиялық дизимлер (жер, суў, ҳаўа) өсимлик ҳәм ҳайўанатлар дүньясының тәбийғый жасаў орынларын, қоршаған орталықты, биоҳәртүрлилик комплексин сақлап қалыў, экологиялық шараятты жақсылаў, қайта тиклеў, тәбият ресурсларынан ақылға муўапық пайдаланыў халықтың пәраўанлығына хызмет етеди. 

Қарақалпақстан Республикасында 1930-жылға дейин тоғайзарлықлар майданы 300000 гектарды пайда еткен болса, ҳәзирги күнде олардың майданы 28000 гектар тоғайлар сақланып қалынған. Өзбекстан Республикасы 1993-жылдың 29-дека­бринде Рио-де Жанейро қаласында БМШтың қоршаған орталықты сақлаў конвенциясын қабыл етти ҳәм ратификация етилди. Усы халықаралық ҳүжжетке тийкарланып Өзбекстан Республикасында қорғалатуғын тәбийғый аймақлар майданы республикамыз улыўма майданының 10 процентин пайда етиўи бойынша кең көлемдеги әмелий жумыслар алып барыўын мәлим етти.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2011-жыл 26-августтағы қарарына муўапық Өзбекстан Республикасы Аўыл ҳәм суў хожалығы ми­нистрлигиниң тоғай хожалығы бас басқармасы жанындағы Төменги Әмиўдәрья мәмлекетлик биосфера резерваты шөлкемлестирилди ҳәм бурынғы «Бадай тоғай» мәмлекетлик қорықханасы сапластырылды.

­ Мине, енди, усы Төменги Әмиўдәрья мәм­лекетлик биосфера резерватының алдына қойыл­ған мақсет ҳәм ўазыйпаларына да тоқтап өтсеңиз...

­ Биосфера  резерватын ландшафтларын, тоғайлардағы өсимликлер ҳәм ҳайўанат дүньясы түрлерин, тийкарынан сийрек ушырасатуғын ҳәм жоқ болып кетиў қәўпи астындағы түрлерди биосфера резерваты аймағына сәйкес болған басқа да тәбият объектлерин сақлап қалыў, қайта тиклеў, экологиялық жағдайды жақсылаў, тәбият ресурсларынан үнемли пайдаланыў қубылысларын үйрениў, халық абаданлығын тәмийинлеў, экологиялық билим ҳәм мәденияттың раўажланыўына жәрдем бериў мақсетинде шөл­кемлестирилди. Төменги Әмиўдәрья мәмлекетлик биосфера резерваты Беруний ҳәм Әмиўдәрья ра­йонлары аймағында жайласқан болып, жәми 68717,8 гектар жер майданы ажыратылған. Соннан 11568,3 гектары қорықхана зонасына, 6731,4 гектары буфер зонаға, 50418,1 гектар аралық зонаға киргизилген. Қорықхана аймағы қатал режимдеги қорғалатуғын аймақ есапланып, белгиленген мақсетлерге көре, биосфера резерваты аймағында аймақтың тәбийғый ҳәм мәдений мийрасын қорғаў, биоҳәртүрлиликти сақлап қалыў ҳәм қайта тиклеў, тәбият ресурсларының экологиялық жақтан теңсалмақлылығын тәмийинлеў, фундаменталь илимий-изертлеўлер алып барыў, халықтың экологиялық мәдениятын көтериў сыяқлы бир қатар ўазыйпалар белгиленген. 

­ Биосфера резерваты қәнигелери бүгинги күнде тоғайлардағы ландшафтлар,  өсимликлер ҳәм ҳайўанат дүньясы түрлерин сақлап қалыў ҳәм қайта тиклеўде қандай жумысларды әмелге асырмақта?

­ Инсанларда қорықханалар ҳаққында мағлыўмат жүдә аз. Өзбекстан Республикасы Нызамларына муўапық мәмлекетлик қорықханалары айрықша қорғалатуғын аймақлар болып, оларда жабайы тәбияттың қубылысы жыл даўамында бақлап барылады. Қорықхана аймақлары, әсиресе, ҳәзирги пайытта жүдә үлкен әҳмийетке ийе. Себеби, әжайып ландшафтлары сийрек ушырасатуғын ҳайўанат ҳәм өсимлик түрлерин тәбийғый ҳалында сақлап қалыў ҳәм кейин ала олардың түрлерин байы­тыў, қайта тиклеў қорықханалардың алдына қойылған ең тийкарғы әҳмийетли мәселелерден есапланады. Қорықхана зонасына «Бадай тоғай», «Жумыртаў» ҳәм «Назархан» бөлимлери киргизилген.

Бүгинги күнде биосфера резерваты қәнигелери ҳәм инспекторлары халық пенен бирге белсене ислесиўди тәбиятты қорғаўдың әҳмийети ҳаққында үгит-нәсият ҳәм түсиндириў жумысларын алып бармақта. Кең жәмийетшиликке биосфера резерватының жумыс барысының әҳми­йетин түсиндириў мақсетинде «Мәлимлеме орайы» шөлкемлестирилди ҳәм ол зәрүрли әнжамлар менен тәмийинленди. Биосфера резерватында «Тәбият музейи» шөлкемлестирилди ҳәм базар экономикасының ашық сиясатына көре туристлик хызмети секторын шөлкемлестириў мақсетинде биосфера резерваты аймағында экологиялық саяхат жөнелислери белгиленди. Булар тәбият орынлары менен бир қатарда биосфера резерватына жақын жайласқан дүнья көлеминдеги тарийхый-мәдений естеликлер... Кат қала, Жампық қала, Гәўир қала, Шылпыққала ҳәм басқа да тарийхый мийраслар менен таныстырыў ҳәм туристлик хызметлерди жетилистириўге, инфраструктураны раўажландырыўға имкан береди. Бүгинги күнде бул жерде өсимликлердиң 419 түринен 2 түри, ҳайўанлардың 36 түринен 1 түри, балықлардың 43 түринен 12 түри, қуслардың 246 түринен 23 түри «Қызыл китап»қа киргизилген. Оннан тысқары, жәнликлердиң 1124 түри ушырайды. Илимий бөлим қәнигелери төрт тема бойынша жумыс алып бармақта. Яғный, Бухара суўынының көбейиўи, қуслар дүньясы, энтемофаунасы, өсимликлер дүньясы ҳәм тәбият жылнамасы сыяқлы темалар үстинде тынымсыз изленислер алып бармақта.

Ҳәзирги күнде бул жерде Бухара суўынлары популяциясы ең көп топланған аймақ есапланады. 1971-жылы «Бадай тоғай» қорықханасы шөлкемлестирилген болса, 1976-жылы бул Бухара суўыны Тәжикстанның «Ромит» қорықханасынан алып келинген. Мине, буған 40 жылдан аслам дәўир ишинде бир бас алып келинген Бухара суўыны бүгинги күнге келип 1000 бастан асты. Яғный, бул Бухара суўыны Өзбекстан аймағы менен бирге Орта Азияда да болып, соннан ең көп тарқалған бул суўынлардың бас саны бизде, десек болады. Резерваттың «Бадай тоғай» бөлиминде Бухара суўыны көбейип кеткенлиги себепли алдағы ўақытлары «Назархан» бөлимине көшириў жумыслары режелестирилмекте.

Үлкемиз тәбиятының байлығы есапланған резерват аймағындағы Бухара суўынлары ҳәзирги күнде өз нәсилин көбейтиўин даўам етпекте. Тийкарынан ҳәр жылы өткерилетуғын гүзги санаў мапазында өткен 2018-жыл гүз мәўсиминдеги есап бо­йынша Бухара суўынларының саны 971 бастан артық екенлиги, 2019-жылы 1233 басқа жетти. Быйылғы есап-санағы усы жыл 10 ҳәм 14-ноябрь күнлери аралығында өткерилиў режелестирилген.   Илимий бөлим қәнигелери тәрепинен Бухара суўынлары генофондын сақлап қалыў ҳәм көбейтиў бойынша ӨзРИА Қарақалпақстан бөлими ҳәм Қарақалпақ мәмлекетлик университети менен биргеликте илимий-изерт­леў жумыслары алып барылмақта. Сондай-ақ, бул жумыслар резерват флора ҳәм фаунасының басқа түрлери бойынша да жүргизилмекте. 

Президентимиздиң 2019-жыл 20-март күнги «Қорғалатуғын тәбийғый аймақлар тараўында мәм­лекетлик басқарыў сис­темасын жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарына тийкарланып Төменги Әмиўдәрья мәм­лекетлик биосфера резерваты Тоғай хожалығы мәм­лекетлик комитети қурамынан Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети қурамына өткерилди. Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Зоология институты, Термиз мәмлекетлик университети, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық инс­титуты ҳәм Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетлери менен биргеликте еки тәреплеме шәртнамалар дүзилген болып, тийкарынан докторант, магис­трант ҳәм қәбилетли студентлердиң маманлығын арттырыў бойынша изерт­леўлер алып барыўларына зәрүр имканиятлар жаратыў мақсетинде еки жыл мүддетке еки тәреплеме шәртнамалар дүзилген.

Ҳәзирги күнде биосфера резерваты аймағына жақын жайласқан халық, дийқан-фермер хожалығы басшылары, кәрхана, бирлеспе ўәкиллери арасында тоғай өрт қәўипсизлиги қәделерине әмел етиўи ҳәм әҳмийети ҳаққында тү­синдириў ҳәм үгит-нәсият ислери алып барылмақта. Соның менен биргеликте, резерватқа жақын жайласқан халықтың хабардарлық ҳәм экологиялық мәдениятын көтериў, экологиялық үгит-нәсият ҳәм билим, қоршаған орталық биосфера резерваты аймағында социал-экономикалық раўажландырыў мониторингин жүргизиў, экологиялық туризм­ди шөлкемлестириў жумыслары әмелге асырылмақта. Германия халық­аралық бирге ислесиў шөлкеми Өзбекстандағы ўәкилханасының «Әмиў­дәрьяның төменги ағы­сындағы экосистеманы сақлаў ҳәм жерден пайдаланыўда экосистемалық қатнас» жойбары бойынша бир қатар жумыслар алып барылмақта. 2019-жылдың июль айында мәмлекетлик биосфера резерваты хызметкерлери Белоруссияда болып, тәжирийбе алмасып қайтты. Бундай тәжирийбе алмасыўлар алдағы ўақытларда да даўам ететуғынлығы режелестирилмекте.

Улыўма алғанда, тә­биятты көз қарашығымыздай қәстерлеп сақласақ, халықтың, әсиресе, жаслардың экологиялық билимлерин байытып барсақ, тез-тез тәбият қушағына саяхатлар шөлкем­лестирсек, перзентлеримизди өсимлик ҳәм ҳай­ўанат дүньясына керекли китаплар менен қызықтырсақ гөзлеген мақсетлеримизге ерисемиз. Тә­бий­ғый байлықларымыз ҳәм тарийхый, мәдений естеликлерди сақлап қалыў менен байланыслы ҳәр қандай хызмет жергиликли халқымыз тәрепинен қоллап-қуўатланыўына исенемиз.

­ Хабарыңыз бар, усы жыл 2-октябрь күни мәм­лекетимиз Президенти Ш.Мир­зиёев Республикамызда болып, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезексиз сессиясында аймақты социал-экономикалық жақтан раўажландырыў бойынша бир қатар анық ўазыйпалар белгилеген еди. Солар қатарында усы биосфера резерваты жөнинде де айрықша тоқтап өткен еди. Енди бул бағдардағы жумыслар туўралы айтып өтсеңиз?

­ Ҳақыйқатында да, Президентимиздиң Қарақалпақстанға  болған сапары елимизде әмелге асырылатуғын реформа­ларға тийкар болатуғын тийкарғы ўақыя болды. Журтбасшымыздың республикамызда раўажланыўдың l0 бағдарын белгилеп бериўи бул өз нәўбетинде социал-экономикалық турмысымызды толық қамтып алыўы нәзерде тутылды. Әлбетте, жаңаланыўларға қарай нық қәдем таслап атыр­ған тараўлар қатары резерват аймағына да итибар қаратыўы Журтбасшымыздың дыққат-орайынан шетте емеслигинен дерек береди. Әлбетте, берилген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша дүзилген ис-илажлар ҳәм «жол картасы»на муўапық, жойбар дүзиўшилер қо­рықхана аймағында үйрениў жумысларын баслап жиберди. Әлбетте, көп жыллардан берли суў мәселеси машқала болып келгенлиги себепли «Бадай тоғай» бөлими аймағын 12 километр аралығына электр линиясын тартып, электр насослары жәрдеминде суўғарыў, еки қабатлы имарат, туристлер ҳәм келип-кетиўшилер ушын орай ҳәм тәбият музейин қурыў режелестирилип, бир қатар жумыслар басланып кетти. Соның менен бирге, Бухара суўынларын сақлаў ҳәм күтиминде олардың тә­бий­ғый шараятта жасаўын илимий-жақтан үйрениў мақсетинде арнаўлы күтим ханаларын шөлкемлестириў де нәзерде тутылған. Бул жумыслар 2021-2022-жыллар даўамында әмелге асырылыўы режелестирилген...

Демек, итибар және де күшейтилди. Бул болса, аймақта экотуризмди раўажландырыў, тәбийғый орталықтағы ҳайўанатлар ҳәм өсимликлер дүньясын сақлап қалыў, елимизде ишки туризмди раўажландырыў менен бирге сырт елли саяхатшылар ушын да жетерли шараятлар жаратыўға имканият туўдырады.

­ Мазмунлы сәўбетиңиз ушын рахмет!

СәўбетлескенГ.САПАРОВА.

СҮЎРЕТТЕ: Бухара суўынлары.  

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF