Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 19:27:46, 20.09.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

САНЛЫ ЭКОНОМИКА ПӘН СЫПАТЫНДА ОҚЫТЫЛСА

Саламат бәсеки орталығын қәлиплестириў ҳәм уллы бабаларымыздың илимий  дәстүрлерин мүнәсип даўам еттирген ҳалда, илим-пәнди раўажландырыўда экономиканы тийкарғы «драйвер»ге айландырыў — илим изертлеў нәтийжелигин  арттырыў ҳәм бунда студент жаслардың инновациялық идеялары көлемин кеңейтиўге тийкар жаратады.

Бул орында  жоқары тәлим шөлкемлери менен өндирис кәрханалары ортасында базар қатнасықларын тәмийинлейтуғын беккем илимий базаны жаратыў ҳәмде бул бойынша санлы бирден-бир мәлимлеме системасын енгизиў зәрүр.

Ҳәзирги ўақытта жаңа технологиялар саласында терең билим ҳәм тәжирийбеге ийе болған, олардан нәтийжели пайдалана алатуғын  заманагөй қәнигелер, миллий экономикамыз ушын жүдә зәрүр екенлигин есапқа алып жоқары билимлендириў мәкемелеринде санлы экономика тәлим бағдарлары бойынша кадрлар таярлаў системасын жолға қойыў мақсетке муўапық болады.

Себеби экономистлердиң пикиринше, жер жүзилик байлықларының 16 проценти өндирис есабына, 20 проценти тәбиғый байлықлар есабына алынатуғын болса, қалған 64 процент байлық тиккелей инсан потенциалының имканиятларына байланыслы.

Ғәрезсизликтен кейин мәмлекетимизде шахсқа салыстырғанда «Кәмил инсан», жас әўладға салыстырғанда «Бәркамал әўлад» атамаларын қолланыў басланды. Гәп терминде емес, себеби, қайсы тараўды алсақ та, келешек инсанды тәрбиялаўда ең алды менен жәми­йетлик раўажланыў тенденциялары ҳәм миллий менталитетимиз есап­қа алынады.

Сонлықтан, жасалма интеллект ҳәм жоқары  технологияларға сүйенетуғын «төртинши санаат револю­циясы»да инсанға қо­йылатуғын талапларды алдыннан моделлестириў ҳәм тәлим-тәрбия сис­темасын оларға масластырыў зәрүрлиги нәзерден шетте қалды.

Сыр емес, биринши Президентимиз И.Кәримов өзиниң ең соңғы мийнети болған «Ана журтым  бахты ығбалы ҳәм уллы келешек жолында мийнет етиў — ең уллы бахыт» деген китабында көп сандағы колледж питкериўшилери ушын мүнәсип мийнет шараятларын, жумыс орынларын жарата алмағанлығын терең өкиниш пенен келтиреди.

Соңғы 4 жылда қабыл етилген Президент Пәр­манлары ҳәм  қарарлары, билимлендириў тараўында қабыл етилген  мәмлекетлик бағдарламалар нәўбеттеги Ренессанс орайы Өзбекстан болыўынан дерек береди.

Үшинши Ренессанс идеясын, ең алды менен, жәмийетимиз терең аңлап алыўы керек. Ҳәр тараўда,  ҳәр бир салада ислейтуғын жумысларымыз, реже ҳәм келешек бағдарламаларымыз, тәлим тәрбия ҳәм кадрлар сиясаты, инвестициялық сиясат — барлығы моделлестириў тийкарында өндирис қуўатлылығын арттырыўға шараят жаратыўы керек.

Үшинши Ренессанс төртинши санаат револю­циясы менен бир ўақытта  әмелге асырылады. Сол себепли ол, ең дәслеп, технологиялық революцияны, жоқары раўажланған санлы смарт (ақыллы) экономиканы талап етеди. Өз гезегинде, санлы, смарт экономикаға өтиў өндиристи басқышпа-басқыш модернизациялаў, автоматластырыў, роботластырыўды талап етеди. Сол себепли Жоқары оқыў орынлары барлық  бакалавриат бағдарлары оқыў режелерине «Санлы экономика» пәнин киритиў заман талабы деп, есапланады.

Себеби, экономикалық анализлер, статистикалық мағлыўматлар Қарақалпақстан Республикасы аймағында көп сандағы киши кәрханалардың саны жоқары болғаны менен 29 жылдан берли олардың жалпы ишки өнимдеги, экспорттағы, аўыл хожалығы өнимлериниң баҳасын пәсийттириўге қос­қан үлеси улыўма мониторинг етилмеген.

Соның ушын бүгинги күнде барлық жоқары оқыў орынларының ҳәр бир бакалавриат тәлим бағдары питкериўшиси, Президентимиз сөзлери менен келтиргенде «Ҳәр бир шаңарақ исбилермен» деген уранға толық жуўап бериўи ушын санлы экономика пәни тез арада экономикалық емес тәлим бағдарлары ушын ҳәм лицей, колледж, техникум  профессор-оқытыўшыларының қәнигелигин жетилистириў жобасына (қәнигелигин арттырыў мәкемелеринде)  киргизилиўи зәрүр.

Сондай-ақ, магистратура қәнигеликлери оқыў режелерине «Патентлестириў» пәнин киргизиў зәрүр. Себеби бүгинги күнде журт басшымыздың талабы жасларда инновациялық пикирлеў көнликпелерин пайда етиў  арқалы өндиристиң нәтийжелилигин арт­тырыўдан ибарат.

Алдыңғы жыллары бул пән магистратураның экономика, бухгалтериялық есап ҳәм финанс қәнигеликлеринде бар еди, магистрлик диссертацияларға жақсы инновациялық идея­лар келтирилетуғын еди.

Сондай-ақ, Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң «Илимий ҳәм инновациялық жумысты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик басқарыў системасын жетилистириў ҳаққында»ғы ҳәм «Илим тараўындағы мәмлекетлик сиясат ҳәм инновациялық раўажланыўдағы мәмлекетлик басқарыўды және де жетилистириўге қара­тыл­ған илажлар ҳаққында»ғы қарарлар жойбарына пикир билдире отырып, магистратура бөлиминде жаңа  «Патентлестириў ҳәм өндиристи автомат­ластырыў» қәнигелигин тез арада ашыў белгиленген ўазыйпаларды орынлаўға тийкар жаратады -деп ойлаймыз.

Биз Қарақалпақ мәмлекетлик университети жәмәәти бул бағдарда барлық илимий дөретиўшилик инновациялық потенциалымызды бағдарлаймыз, деп исеним билдиремиз.

Г.Утемуратова,

Қарақалпақ мәмлекетлик университети профессоры.

Г.Пирниязова,

Қарақалпақ мәмлекетлик университети оқытыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF