Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 19:24:12, 20.09.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ТЕРИМ  ПӘТИ  БОСАСПАҒАН  ЖЕРДЕ...

Қоңыр гүздиң қызыўы қайтпаған, ашық-жарық, жаўын-шашынсыз күнлери пахтакешлерге жүдә қолай келип тур. Жыл даўамында ислеген маңлай терлериниң жемиси, «ақ алтын»ның соңғы мысқалларына шекем жыйнап алыўына имканиятлар жаратпақта.

Полат Бекбосынов жигирма жыл трактор штурвалында отырғанлықтан жердиң тилин билетуғын, белли дийқан дәрежесине жетискен. 2017-жылы «Сүннетулла Сейдуллаев» фермер хожалығын ашқанлы пахта, бийдайдан мол өним жетистирип, шәртнама жобасын артығына орынлап киятыр.

­ Апрель айының басында аз суў менен мол өним жетистириўге болатуғын «Султан» сортын 46 гектар жерге егип, 20 центнерден 80 тонна ҳасыл тапсырыўға лебиз еткен болсақ, ўәдемиздиң үстинен шықтық, - дейди хожалық баслығы Полат Бекбосынов.

 Егислик майданларымыздан бир тегис нәл алынды. Агротехникалық тәрбиясына айрықша итибар бердик. Суўсызлықтың есесин жапырағы арқалы алты-жети мәрте  суспензиялап, гектар есабына  650-700 килограммнан минерал төгинлер араласпасы менен азықландырыў арқалы жеткерип, мийўе элементлериниң төгилиўине жол қойылмады. Бул исте механизатор Азат Бекбосынов, Бердақ Ещанов, Қуўат Ораз­баевлардың мийнетлери айрықша болды. “аўаша тәрбиясында еки жылдан берли сырттан көмекши алмастан хожалық ағзаларының өзлери қысқа ўақыт ишинде сапалы атқарыўға ериспекте. Жыйын-терим алдынғыларынан Гүлзәбийра Аймуратова, Райса Оразбаева, Сәрбиназ Алманова, Маҳия Абдуваитова, Гүлназ Идирисова, Ҳүрлиман Сейдабуллаева, Гүлназ Қыдырбаевалардың ҳәр бири ҳәзирги күнде 35-40 килограмман пахта терип, жобалы көрсеткишти 100 тоннадан асырыў ушын терим пәтин босастырғанымыз жоқ.

Гүзлик бийдайдың суўы  сәл кешиккени менен 25 гектардың егисин сапалы байытылыўдан тәрбиясына киристик. Хожалықта азық-аўқатлық ҳәм от-жемлик егинлеримизден де мол өним алынып, келеси жылдың зүрәәти ушын таярлық жумыслары әлле қашан басланды, - деген хожалық баслығы П.Бекбосыновтың быйылғы жылдың жумысларына кеўли тоқ еди.

Ө.ӨТЕЎЛИЕВ,

өз хабаршымыз.

Шоманай районы.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF