Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 00:44:28, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

САЛАМАТ БӘСЕКИЛИК ЭКОНОМИКАНЫ РАЎАЖЛАНДЫРАДЫ

— Ҳәммемизге мәлим, бәсекилик жоқ жерде, раўажланыў да болмайды. Себеби, экономикалық процесслерде бәсекилик орталығы жаратылмаса, монополласыў дәрежеси артып бара береди. Бул тараўға елимизде де дыққат-итибар қаратылыўы тосыннан емес.

Атап айтқанда, 2020-жылдың 6-июлинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Бәсекилик орталығын еле де раўажландырыў ҳәм экономикадағы мәмлекет қатнасыўын қысқартыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы 6019-санлы Пәрманы қабылланды. Қарақалпақстан Республикасы Монополияға қарсы гүресиў комитетиниң баслығы Зийўатдин Камалов пенен сәўбетимиз усы Пәрманның қабылланыўының тийкарғы мақсети ҳәм ўазыйпалары дөгерегинде болды.

— Негизинде, бәсекилик орталығын қәлиплестириўде мәмлекет тәрепинен монополияға қарсы сиясат алып барылыўы, бул бағдарда экономиканы монополиядан шығарыў бойынша ис-илажлар көрилиўи ҳәм  нызамшылық базасы жаратылыўы керек. Бир сөз бенен айтқанда, бир пайыттың өзинде бәсекиликке жол ашыў ҳәм монополияны илажы болғанынша қыс­қартыў жақсы нәтийже береди.

Базар экономикасына өткен ҳәр қандай мәмлекетте, саламат бәсекилик ҳәм әдалатлы саўда қағыйдалары жүдә үлкен әҳмийетке ийе. Себеби, саламат бәсекилик мийнет өнимдарлығын асырады, жаңа жумыс орынларын шөлкем­лестириў, инновациялардың раўажланыўы ең әҳмийетлиси, тутыныўшылар абаданшылығын тәмийинлейди. Саламат бәсекилик баҳалардың пәсе­йиўин, товар-хызметлер сапасы жақсыланыўына унамлы тәсирин тийгизеди. Мине усы бағдардағы кең көлемли жумыслар, ўазыйпалар Өзбекстан Республикасы Монополияға қарсы гүресиў комитетине жүкленген.

Бул ўазыйпаларды итибарға алған ҳалда, товар ҳәм қаржы базарларында монополияны басқышпа-басқыш азайтыў арқалы нәтийжели бәсекилик орталығын жаратыў, елимизде  экономикамыздағы мәмлекет қатнасыўын қысқартыў, исбилерменлик субъектлери хызмети ушын тең шараятларды қәлиплестириў, жәриялылықты тәмийинлеў ҳәм мәмлекетлик сатып алыў Нызам талапларына муўапық еле де жетилистириў мақсетинде Президентимиздиң усы Пәрманы қабыл етилди. Пәрманға муўапық, Монополияға қарсы гүресиў уйымына бир қатар ўазыйпалар белгилеп берилди. Атап айтқанда, 2020-2024-жылларда товар ҳәм қаржы базарларында бәсекиликти раўажландырыў стратегиясы ҳәм де оны әмелге асырыў бойынша «Жол карта» сы тастыйықланды.

— Мәмлекет қатнасыўындағы кәрханаларда монополияға қарсы  комплаенс системасы енгизилген. Бул система қандай әҳми­йетке ийе ҳәм не мақсетте жолға қойылған?

— Талқылаўларға қарағанда, монополияға қарсы  нызамшылықты бузыў жағдайларының көпшилиги, түсинип яки түсинбеўшилик ақыбетинде, мәмлекет қатнасыўындағы кәрханалар ҳәм мәмлекет уйым­лары тәрепинен исленбекте. Сол себепли, бул система мине усындай кәрханаларда енгизилмекте. Ком­плаенс системасы монополияға қарсы мәмлекет уйымы қатнасыўында ислеп шығылады. Соңынан атап өтилген шөл­кемлерде монополияға қарсы нызамшылықты бузыўға алып келетуғын жағдайлар талқыланып, олардың алдын алыў мақсетинде ишки кеңселик ҳүжжет сыпатында қабылланады. Бул система көрсетилген шөлкемлерди тек жазалаў емес, бәлки нызамбузылыўларының алдын алыўға қаратылған. Бул бойынша 2021-жыл 1-январьдан баслап тәжирийбе сыпатында монополияға қарсы комплаенс системасы ири мәмлекетлик кәрханаларда қолланылады.

— Жасыратуғыны жоқ, монополия тараўында жаңа басқыш басланды. Комитеттиң пуқаралар мәплерин туўрыдан-туўры қорғайтуғын халық ўәкиллик уйымы-Олий Мажлиске есап бериўши етип белгилениўи ҳаққындағы тапсырма буның дәлили. Бул қай тәртипте әмелге асады?

— Орынлы сораў. Биринши гезекте, Монополияға қар­сы гүресиў комитетин парламент жанындағы уйымға айландырыў ҳәм  оның ғәрезсизлигин тәмийинлеў бойынша тийисли қарар жойбары исленип шығылады. Онда тараўға тийисли әмелдеги нызамшылық қайта көрип шығылыўы, гөнерген қағыйда ҳәм нормалар алып тасланып, ҳәзирги дәўир талапларына сай киргизилиўи, елимизде пүткиллей жаңа сис­тема жаратылыўы менен байланыслы илажлар көзде тутылады. Соңғы нәтийже болса экономикалық пәраўанлыққа хызмет етеди.

— Елимизде 2020-2024-жылларда товар ҳәм қаржы базарларында бәсекиликти раўажландырыў стратегиясы ҳәм оны  әмелге асырыў бойынша «Жол картасы»на муўапық Монополияға қарсы гүресиў уйымына қандай тийкарғы ўазыйпалар жүклетилген ҳәм бүгинги күнде не жумыслар орын­ланды?

— Жоқарыда атап өткенимиздей, саламат бәсекилик баҳалар пәсейиўи, товар-хызметлердиң сапасы жақсыланыўына алып келеди. Мине усы бағдардағы көлемли жумыслар, ўазыйпалар Комитетке жүклетилген ҳәм оларға имканы бол­ғанынша итибар берилмекте. Соңғы жылларда жергиликли кәрханалар тәрепинен ислеп шығарылған азық-аўқат өнимлери, айырым азық-аўқатлық емес товарлары базарында жоқары дәрежеде бәсекилик орталығына ерисилди.

Лекин, соның менен бирге басқа мәмлекетлерде болғаны сыяқлы, елимизде де мәмлекет қатнасығындағы монопол кәрханалар көплиги, олардың жеке меншик сектор менен тең болмаған шараятта бәсекилесип киятырған ҳәм тармақларды басқаратуғын министрлик ҳәм ведомстволарға бәсекиликти раўажландырыў функциясы жүклетилмегени, қатар тараўларда саламат орталықты жүзеге келтириўге тосқынлық етпекте.

Буннан тысқары, баҳалардың керегинен зыят тәртипке салыныўы, жеңиллик ҳәм преференциялар системасы нәтийжесизлиги, бизнес субъектлери хызметин тәртиплестириў дәрежеси жоқарылығы, бас­қарыў мәкемелери бәсекиликти раўажландырыўдан мәпдар емеслиги, бәсекиликке қарсы жағдайлар менен гүресиўдиң ҳуқықый механизмлери жетилистирилмегенлиги де системалы машқалаларға себеп бол­ған. Пәрман менен тас­ты­йықлан­ған 2020-2024-жылларда товар ҳәм финанс базарларында бәсекиликти раўажландырыў стратегиясы ҳәм оны әмелге асырыў бойынша «Жол карта» сының тийкарғы мақсети, табыслы хызмет көрсететуғын базарларды ҳәм саламат бәсекилик орталығын жетилистириў, бул базарларға жаңа қатнасыўшылардың кириўин әпиўайыластырыў, кириў ушын тең шараятларды тәмийинлеў арқалы табыслы хызмет көрсететуғын базарларды жаратыў саналады.

Сондай-ақ, 2024-жылға шекем монополласқан товар базарлары санын кеминде 45 процентке азайтыў ҳәм монопол кәрханалар санын 40 процентке қысқартыў бойынша мақсетли көрсеткишлер белгиленген.

 Комитет тәрепинен, монопол товарлар базарына жеке меншик сектор кириўине имканият жаратыў ҳәм монополияларды қысқартыў бойынша жәми 54  товар ҳәм хызметлер базарында талқылаў ҳәм үйрениў жумыслары алып барылды.

Быйылғы жылдың 1-январь жағдайына Қарақалпақстан Республикасында үстем жағдайынан өз мәпи ушын пайдаланыў дәрежесине  ийе хожалық жүргизиўши субъектлер Мәмлекет реестрине 16 түрдеги товар ҳәм хызметлер бойынша 15  хожалық жүргизиўши субъектлер дизимге алынған болса, өткерилген үйрениўлер ҳәм талқылаўлар нәтийжесинде 3 кәрханалар 6 өним (жумыс, хызмет) түрлери бойынша үстемлик жағ­дайынан өз мәпи ушын пайдаланыў дәрежесине ийе хожалық жүргизиўши субъектлер Мәмлекетлик реестринен шығарылды. Сондай-ақ, 1 кәрхана 1 хызмет түри бойынша шахслар топары сыпатында үстемлик жағдайынан өз мәпи ушын пайдаланыў дәрежесине ийе хожалық жүргизиўши субъектлер Мәмлекетлик реес­трге киргизилди.

Солай етип, бүгинги күн ҳалатына үстемлик жағдайынан өз мәпи ушын пайдаланыў дәрежесине ийе хожалық жүргизиўши субъектлер Мәмлекетлик реестрдеги кәрханалар саны 13ти ҳәм товар хызмет түрлери бойынша 11ди қурайды. Әмелге асырылған жумыслар нәтийжесинде монопол кәрханалар саны жыл басына салыстырғанда 40 процентке кемейиўине ерисиў белгилеп алынған.

— Пәрманға муўапық монополияға қарсы гүресиў уйымына Қаржы министрлиги менен биргеликте мәмлекетлик сатып алыў ҳақ­қындағы Нызам ҳүж­жетлерине муўапық ҳәм де айрықша тәртип орнатылған стратегиялық әҳмийетке ийе хожалық жәмийетлери ҳәм кәрханалардың сатып алыўлары үстинен мәмлекетлик қадағалаўды алып барыў ўазыйпасы жүклетилди. Бул бағдарда Комитет тәрепинен өткен дәўир ишинде қандай жумыслар исленди?

— Дурыс, бюджет шөлкемлериниң мәмлекетлик сатып алыўлары әмелдеги нызамшылық талапларына бола, аук­цион, таңлаў, тендерлерди өткериў арқалы тартысыў ҳәм қалыслық принциплери тийкарында өткерилиўи керек. Демек, бул илажларда қатнасыўшы исбилерменлик субъект­лериниң арасында бәсеки саламат болыўы тийис. Мәмлекетимиз тәрепинен республикамыздың социал-экономикалық инфраструктураларын раўажландырыў жолында бир қатар тараўларда яғный социаллық объектлерди капитал оңлаў, реконструкциялаў, жаңа объектлерди қурыў, оларды жаңа әсбап-үскенелер, инвентарьлар менен тәмийинлеў, автомобиль жолларын капитал оңлаў, аўыл хожалығында жерлердиң мелиоратив жағдайын жақсылаў мақсетинде канал ҳәм дренажларды оңлаў жумысларына қаржылар ажыратылып келинбекте. Әлбетте, бул жумысларды әмелге асырыў ушын кесип алып ислеўши кәрханалар тийисли шөлкемлер тәрепинен тендер ҳәм таңлаў саўдалары өткерилиўи арқалы таңлап алынады.

Комитетимиздиң тәжирийбели қәнигелери тәрепинен нызамшылық талапларына муўапық, қатаң әмел етилиўи бойынша усы тендер ҳәм таңлаў саўдаларында талабанлардың тиккелей қатнасыўлары тәмийинленип келмекте. Атап айтқанда, усы жыл даўамында болып өткен таңлаў саўдаларының 115инде (қуны 445,2 миллиард сумлық) Комитет хызметкерлери қатнасты. Өткерилген тендер (таңлаў) нәтийжесинде 45,9 миллиард сумлық қаржы үнемленди. Буннан тысқары, қуны 7,5 миллиард сумлық 2 тендер саўдасы қайта тендерге қо­йылды. Нызамшылық талаплары орынланыўы бойынша жәми 214 таңлаў саўдалары бойынша үйрениў жумыслары өткерилип, соннан 77 жағдайда (шәртнама қуны 160,9 миллиард сум) кемшиликлер,   835 жағдайда шәртнама қуны 5,2 миллиард сумлық өним «Мәмлекетлик сатып алыў ҳаққында»ғы Нызам талапларына қарсы рәўиште туўрыдан-туўры сатып алынғанлығы анықланды. Сондай-ақ, үйрениўлер нәтийжесинде кемшиликлерге жол қойған 3 мәмлекетлик буйыртпашыға Комитеттиң арнаўлы комиссиясы тәрепинен көрсетпелер берилди. Республикамызда бул бағдардағы жумыслар үзликсиз даўам еттириледи.

Сәўбетлескен:

Қонысбай РЕЙМОВ,

өз хабаршымыз.

СҮЎРЕТТЕ: З.Камалов.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF