Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 12:21:53, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ХОРЕЗМ ЎӘЛАЯТЫНЫҢ ТАРИЙХЫЙ ОРЫНЛАРЫНА САЯХАТ

Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Кеңеси ҳәм Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңесиниң басламасы менен аўыл хожалығы, транспорт, жол қурылысы, тутыныў товарлары, саўда ҳәм хызмет көрсетиў тараўларының бир топар хызметкерлери ҳәм олардың шаңарақ ағзаларының Хорезм ўәлаятының тарийхый орынларына саяхаты шөлкемлестирилди.

Еки күнлик саяхат даўамында олар «Khorezm Palace» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң ишки туризм бойынша менеджери Илҳам  Бекчановтың басшылығында мийманлар карантин қағыйдаларын сақлаған ҳалда Үргениш ҳәм Хийўа қалаларында болды.  

Хорезм өзиниң ески тарийхый ҳәм муқаддес зыярат орынлары, бийтәкирар қәдириятлары және дәстүрлери менен жәҳән туристлериниң дыққатын өзине тартып келмекте. Археологиялық изертлеўлердиң мағлыўматына  қарағанда, Хийўа қаласының жасы кеминде 2500 жылға кирген. Бул ЮНЕСКО шөлкеми тәрепинен Хийўаны қорықхана  әҳмийетиндеги қала, Ийшан қаланы болса, дүньялық әҳмийеттеги тарийхый естелик деп жәрия­лаўға тийкар болды. Қалада 64 медресе болып, олардың ишиндеги ең дыққатқа ылайығы Хийўа ханы Мухаммед Аминхан тәрепинен қурылған медресе болып табылады.

Ийшан қала-Орта Азия­дағы ири архитектуралық естелик болып табылады. Оған 4 дәрўаза арқалы кирилген. Оның дийўалы дәслепки мәрте эрамыздан алдынғы VI-V әсирлерде қурылған болып, дәўирлердиң өтиўи менен бир нешше мәрте оңланған. Дийўалының бийиклиги 7-8 метр, қалыңлығы төменги жағы 8-10 метр, жоқарғы жағы 2-3 метр болып, қәнигелердиң айтыўынша үстинде арбада жүриў имканияты болған.

Бул жердеги Аллақулихан (тас сарай) сарайы, келте Минар минарасы, белгили гүрес шебери, шайыр, философ палўан Махмуд мақбарасы ҳәм басқа да тарийхый орынлар мийманларда айрықша тәсир қалдырды.

Екинши күни  Үргениш қаласындағы  «Ахунд баба» жәмәәтлик мешитине зыярат шөлкемлестирилди. Ғәрезсизлик жылларында миллий қәдириятларымыз қайта тикленип, уллы бабаларымыздың, теберик инсанлардың қәбирлери абаданластырылып, зыярат орынларына айландырылмақта. Соның ишинде Ниёз Мухаммед Ахунд баба мешитин атап өтиўимизге болады. 

Президентимиздиң 2017-жылы Хорезм ўәлая­тына сапары ўақтында «Ахунд баба» жәмәәтлик мешитиниң заманагөй имараты қурылысының ирге тасы қойылып, қысқа ўақытта пайдаланыўға тапсырылды.  Жаңа мешитте бир ўақыттың өзинде 4000 адам намаз оқыў имкания­тына ийе болды. Оның ишки ҳәм сыртқы жағы заманагөй архитектура үлгиси тийкарында безетилди.  Мешитте бийиклиги 47 метр болған минара да қурылды. Усы жердеги Ниёз Мухаммед Ахунд баба қәбири зыярат етилди ҳәм оның руўхына қуран оқылды.

Мийманлар Жалалиддин Мангуберди комплексинде де болды. 1999-жылы Ж.Мангуберди туўылғанының 800 жыллығы мүнәсибети менен ашыл­ған комплексте оның 14,5 метрлик ескерткиши орнатылды. Монумент жойбарының авторы хорезмли архитектор Палўанназир Салаев болса, ескерткиши ташкентли скульпторлар Илҳам ҳәм Камал Жаббаровлар тәрепинен исленген. Улыўма 15 гектар майданды ийелеген комплекс қала турғынлары ҳәм туристлердиң сүйикли орнына айланған.

— Еки күнлик саяхат даўамында көплеген тарийхый орынларда болдық,-дейди «Қорақалпоқйўлкўкалам» унитар кәрханасының хызметкери Гүлзархан Ерниязова. —Бундай саяхатты шөлкемлестирген Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Кеңесине, Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңесине ҳәм «Khorezm Palace» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине шексиз миннетдаршылық билдиремиз. Усындай илажлар алдағы ўақытлары мәмлекетимиздиң Ташкент, Бухара, Самарканд ҳәм басқа да қалаларына шөлкемлестирилсе, мақсетке муўапық болар еди.

Солай етип, ески ҳәм наўқыран Хорезм ўәлаятының тарийхый орынларына шөлкемлестирилген сая­хат мийманларда жақсы тәсир қалдырды.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF