Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 03:45:27, 27.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЭКСПОРТ ЖУМЫСЫН ҚАРЖЫЛАЙ ҚОЛЛАП-ҚУЎАТЛАЎДЫ БУННАН БЫЛАЙ ДА КЕҢЕЙТИЎ ИЛАЖЛАРЫ ҲАҚҚЫНДА

Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Республикамыздың социаллық-экономикалық раўажланыўының ҳәзирги басқышында экспорт көлемлерин көбейтиў арқалы макроэкономикалық турақлылықты тәми­йинлеў, таяр өним жеткерип бериўшилерди қосымша қаржылай ҳәм шөлкемлестириўшилик жақтан хошаметлеў, сондай-ақ, 2017-2021-жыллары Өзбекстан Республикасын  раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Илим, мәрипат ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламада белгиленген ўазыйпаларды орынлаў мақсетинде:

  1. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық 2022-жыл 1-январьға шекем Исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қоры экспорт етиўшилерге, соның ишинде, тийкарғы жумыс түри саўда-дәлдалшылық болған экспорт етиўшилерге:

а) экспорталды қаржыландырыў, соның ишинде, айланыс қаржылары ушын ажыратылатуғын кредитлер бойынша коммерциялық банк тәрепинен белгиленген кредит процент ставкасы ҳәм муғдарына қарамастан:

миллий валютадағы кредитлер бойынша процент қәрежетлериниң 50 процентине шекем, бирақ 10 процент бәнттен көп болмаған муғдарда;

сырт ел валютасындағы кредитлер бойынша процент қәрежетлериниң 50 процентине шекем, бирақ 5 процент бәнттен көп болмаған муғдарда компенсациялар береди;

б) коммерциялық банклердиң экспорталды қаржыландырыў, соның ишинде, айланыс қаржылары ушын берилетуғын кредитлери бойынша кредит суммасының  50 процентине шекем бирақ 8 миллиард сумнан аспаған муғдарда кепиллик береди;

в) унамлы кредит тарийхына ийе болса, бурын алған кредитлери бо­йынша қарыздарлығы болыўына қарамастан, экспорталды қаржыландырыў, соның ишинде, айланыс қаржылары ушын қосымша алынатуғын кредитлери бойынша усы бәнтте белгиленген муғдарларда ҳәм шәртлерде компенсация ҳәм (яки) кепилликлер бериледи;

г) берилетуғын кепилликлер бо­йынша комиссия төлемлерин еки есеге азайтылған муғдарда өндиреди.

2022-жыл 1-январьдан баслап Исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў қоры тәрепинен экспорт етиўшилерди қоллап-қуўатлаў Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 24-майдағы ПҚ-4337-санлы «Экспорт жумысын қаржыландырыў ҳәм қамсызландырыў қорғаўы механизмлерин кеңейтиў илажлары ҳаққында»ғы қарарында белгиленген тәртипке муўапық әмелге асырылсын.

  1. Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги жанындағы Экс­портты хошаметлеў агентлигине (кейинги орынларда — Агентлик) төмендеги қосымша ўазыйпалар жүкленсин:

Коммерциялық банклерге экспорт пенен байланыслы саўда операциялары ҳәм экспорталды қаржыландырыў кредитлери ушын қаржы ресурсларын ажыратыў;

Халықаралық финанс институтлары, сырт ел финанс шөлкемлери, сырт ел банклери ҳәм финанс компанияларынан экспорталды қаржыландырыў ушын қаржылар тартыў жумысларын шөлкемлестириў.

  1. Агентликке жүкленип атыр­ған қосымша ўазыйпаларды әмелге асырыў ушын оның жанында юридикалық тәреп шөлкемлестирмеген ҳалда ресурс базасы төмендеги дәреклер есабынан қәлиплестирилетуғын Экспортты қоллап-қуўатлаў қоры (кейинги орынларда — Қор) шөлкемлестирилсин:

Тиклениў ҳәм раўажланыў қорының қаржылары есабынан қайтармаў шәрти менен 100 миллион АҚШ доллары;

халықаралық финанс институтлары, сырт ел ҳүкиметлик қаржы шөлкемлери, сырт ел банклери ҳәм жеке меншик финанс компанияларының қарызлары;

Қордың қаржыларын коммер­циялық банклердиң депозитлерине белгиленген тәртипте жайластырыўдан түсетуғын дәраматлар;

Нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер.

  1. Тиклениў ҳәм раўажланыў қоры бир ай мүддетте усы Пәрманның 3-бәнтинде нәзерде тутылған 100 миллион АҚШ доллары муғдарындағы қаржының 50 процентин басланғыш капиталды қәлиплестириў ушын Қорға ажыратылыўын тәмийинлесин.
  2. Усы Пәрманда нәзерде тутылған қоллап-қуўатлаў илажлары Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 29-ноябрьдеги ПП-5587-санлы Пәрманы менен тас­тыйықланған дизимдеги шийки зат товарларына қолланылмайтуғыны;

Агентлик тәрепинен коммерция­лық банклерге экспорт пенен байланыслы саўда операциялары ҳәм экспорталды қаржыландырыў кредитлери ушын бир мәртелик қаржы ресурсларын 1 миллион АҚШ доллары эквивалентинен аспаған муғдарда және бир жылға шекемги мүддетке берилетуғынлығы;

Агентлик тәрепинен ажыратылатуғын финанслық ресурслар есабынан берилген кредитти толық сөндирмеген ҳалда экспорт етиўши ушын бундай қаржы ресурсларын ажыратыўға жол қойылмайтуғыны;

Коммерциялық банклерге экспорт пенен байланыслы саўда операциялары ҳәм экспорталды қаржыландырыў кредитлери Агентлик тәрепинен ажыратылатуғын қаржы ресурслары есабынан қаржыландырылғанда, Исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қоры тәрепинен компенсациялардың берилмейтуғыны белгиленсин.

  1. Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги ҳәр шеректе Агентлик және Исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қоры тәрепинен экспортты қаржылай қоллап-қуўатлаў бойынша әмелге асырылған жумыслар ҳаққындағы мағлыўматларды Министрлер Кабинетине берип барылыўын тәмийинлесин.
  2. Өзбекстан банклери ассоциациясы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги менен биргеликте сырт ел экспертлерин тартқан ҳалда, экспорт етиўшилердиң сырт­қы саўда операцияларын қаржыландырыўдың диверсификацияланған қураллары топламының үш ай мүддетте ислеп шығылыўын ҳәм коммерциялық банклер әмелиятына енгизилиўин тәмийинлесин.
  3. Экспорт ҳәм инвестицияларды раўажландырыў мәселелери бо­йынша Ҳүкимет комиссиясы (С.У.Умурзақов) бир ай мүддетте Агентлик тәрепинен коммерциялық банклерге экспорт пенен байланыслы саўда операциялары ҳәм экспорталды қаржыландырыў кредитлери ушын қаржы ресурсларын берип барыў тәртибин тастыйықласын.
  4. Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым ҳүжжетлерине қосымшаға муўапық өзгерислер киргизсин.
  5. Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Қаржы министрлиги ҳәм басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Минис­трлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  6. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары С.У.Умурзақовқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.

Ташкент қаласы 2020-жыл 21-октябрь.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF