Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 08:58:21, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

САПАЛЫ БИЛИМ ҲӘМ ТӘРБИЯ – МӘМЛЕКЕТ РАЎАЖЛАНЫЎЫНЫҢ НЕГИЗИ

Бүгинги күнде Жаңа Өзбекстанда Президентимиздиң басшылығында мектепке шекемги билимлендириўден баслап, барлық басқышларда жүргизилип атырған реформалар, енгизилип атырған инновациялық технологиялар мәмлекетимиздиң нурлы келешеги менен байланыслы екенлигин жақсы аңлаймыз.

Соңғы 3-4 жылда перзентлеримизге сапалы билим бериў, оларды жоқары мағлыўматлы, ең тийкар­ғысы өндирис ушын керекли кадрлар етип тәрбиялаў бағдарында мисли көрилмеген жаңалықлар енгизилмекте.

Ҳүрметли Президентимиздиң 1-октябрь оқытыўшылар ҳәм устазлар күни мүнәсибети менен жоллаған байрам қутлықлаўы ҳәм шығып сөйлеген сөзи билимлендириў тараўында әмелге асырыўымыз тийис жумысларымыздың саны да салмағы да үлкен екенлигин көрсетти.

Мәмлекетимиз басшысы бул шығып сөйлеўин барлық билимлендириў тараўы хызметкерлерине, бәрше зыялыларға жолланған мүрәжат деп қабыллаўды атап өтти.

Уллы мәмлекетлик ғайраткер Индира Гандидиң «Бир қыз баланы оқытсаңыз, пүткил шаңарақты оқытқан боласыз», деген сөзлерин мысал келтирип, быйылғы жылы аўыллық жерлерде жасап атырған, кем тәмийинленген шаңарақлардағы қызларымыздың жоқары оқыў орынларының күндизги бөлиминде мәмлекетлик грант тийкарында оқыўы ушын 940 орын ажыратыл­ғанлығын келтирип өтти.

Мине усы тийкарда Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтына быйылғы жылы 10 қыздың грант тийкарында тиккелей Президентимиз ғамқорлығы нәтийжесинде оқыўға қабылланыўы ҳаял-қызлар келешегине болған итибардың ай­қын көриниси болды.

Бүгин мәмлекетимизде Президентимиз атап өткениндей үшинши Ренессанс мәселесин стратегиялық ўазыйпа сыпатында алдымызға қойып, оның миллий идея дәрежесине көтерилип атырғаны, пүткил педагог — зыялыларымыздың қәлбинде жаңаша ояныў сезимин пайда етпекте.

«Биз мектепке шекемги билимлендириў ҳәм мектеп билимлендириўи, жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў системасы және илимий-мәдений мәкемелерди болажақ Ренессанстың төрт байланысқан шынжыры, деп билемиз. Бақша тәрбияшысы, мектеп муғаллими, профессор-оқытыўшылар ҳәм илимий-дөретиўши зыялыларымызды болса жаңа Ояныў дәўириниң төрт таяныш тиреги, деп есаплаймыз.

Ҳүрметли ата-аналар бул басламаны әлбетте, қоллап-қуўатлап, жаңа Ренессанстың бесинши шынжыры, бесинши тиреги болады, ҳәм бул руўхый-ағартыўшылық турмысымыздағы ең беккем тирек болады» деген қанатлы сөзлер, елимиз ҳәм перзентлеримиз келешегине бийпарық болмаған ҳәр бир ин­санға үлкен жуўапкершилик жүклейди.

Президентимиз тәрепинен билдирилген «Жаңа Өзбекстан босағасы мектептен басланады» деген ҳикметли пикир, халқымызда қанаатланыўшылық, ал, муғаллим-устазлар қәлбине жыллы меҳир болып кирип келди десек алжаспаған боламыз.

Сондай-ақ, мектеплер менен жергиликли Кеңеслердиң бирге ислесиў системасын жаңадан жолға қойыў ҳаққындағы пикирлер, мектеп билимлендириўи — халық ўәкиллери қадағалаўында болатуғынлығынан дәрек береди.

Мәмлекетимиз басшысы ҳәр бир ўәлаят, қала ҳәм район ҳәкимлери ҳәптеде бир күнин мектепке ажыратыўы кереклигин атап өтип «Мектеп машқаласына биринши дәрежели мәселе деп қараўымыз лазым. Мектеп ­ тек билим беретуғын дәргай емес, бәршемиз ушын жоқары мәнаўият бесигине, перзентлеримизди балалықтан баслап кәсипке үйретиўши дәргайға айланыўы зәрүр» деген оғада әҳмийетли пикирди ортаға таслады.

Әлбетте, бул процессте елимизде билимлендириў системасын жоқары шоққыларға көтериўде Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясының көп санлы белсендилери ҳәм депутатлары, өз белсендилигин аямайды деп исеним билдиремиз.

Улбосын Сейтжанова,

Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңеси депутаты,

НМПИ Баслаўыш тәлим факультети деканы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF