Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 08:07:56, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ИННОВАЦИЯЛЫҚ  КЛИНИКА ПАЙДАЛАНЫЎҒА  ТАПСЫРЫЛДЫ

Усы жыл 17-октябрь күни Беруний районында «Доктор Максудованың инновациялық клиникасы» офтальмология ҳәм диагностика орайының ашылыў салтанаты болды.

Илажда район ҳәкими А.Сапарбаев, клиника шөлкемлестириўшиси, Өзбекстан Республикасында хызмет көрсеткен денсаўлықты сақлаў хызметкери З.Максудова,  Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министри И.Абдураҳманов, Қарақалпақстан Республикасы Минис­трлер Кеңеси Баслығының биринши орынбасары Ж.Казбеков, Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри А.Ҳамраев, мийнет ветераны Р.Қурбанбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды жаңа клиниканың ашылыўы менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей,  Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң 2018-жылдың 15-16-ноябрь күнлери Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамындағы мәжилис протоколына муўапық, 2019-жылы Беруний районында жойбар баҳасы 11 миллиард сум болған жеке меншик офтальмология ҳәм диагностика орайын ашыў белгиленген еди. Елимизде соңғы жыллары жеке меншик медицинаны раўажландырыў, усы тараў раўажланған мәмлекетлерден елимизге алдыңғы инновациялық технологияларды алып келиў ҳәм оны кеңнен енгизиўге айрықша итибар қаратылмақта. Усы мақсетте өз жумысын баслаған «Доктор Максудованың инновациялық клиникасы»  офтальмология ҳәм диагностика орайында заманагөй медицинаның ең соңғы усылларында емлеў ҳәм операция процесслери алып барылады.

Клиникада телемедицина орайы шөлкемлестирилген болып, бул сырт еллердиң қәнигели шыпакерлери менен аралықта турып тәжирийбе алмасыў имканиятын береди. Бул жерде халыққа офтальмология ҳәм диагностика, стоматология, ЛОР-комбайн, гинекология-видеоколпоскопия, кардиология, ЭГК, УЗИ сыяқлы хызметлер көрсетиледи. Клиникада 10 қәнигели шыпакер ҳәм 18 орта буўын хызметкер жумыс алып барады. Бул жерге орна­тыл­ған технологиялық үскенелер АҚШ, Япония ҳәм Германия мәмлекетлеринен алып келинген.

Соны айрықша атап өтиў керек, Президентимиздиң басшылығында денсаўлықты сақлаў тараўында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар биринши гезекте, инсан мәплерин тәми­йинлеўге, пуқаралардың саламатлығын беккемлеўге, олардың бүгинги турмысынан разы болып жасаўына хызмет етпекте.

Илаж қатнасыўшылары жаңа клиникада жаратылған шараятлар менен танысты. 

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲАБИБУЛЛАЕВтың түсирген сүўрети.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF