Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 09:58:56, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

АНА  ТИЛИМ – ТАРИЙХЫМ, БҮГИНИМ   ҲӘМ  КЕЛЕШЕГИМ…

«Ертең ана тилим жоғалар болса, Бүгин өлип кеткениме ырзаман».

Р.Гамзатов.

Тил — миллеттиң руўхы, мәмлекеттиң тийкарғы белгиси есапланады. Тилди сап, таза ҳалында сақлаў ҳәм келешек әўладқа жеткериў сол миллеттиң раўажланыўынан дәрек береди.

Өзбекстан  Республикасының Конституциясында да мәмлекетлик тилдиң белгилери ҳуқықый жақтан беккемленген. Сонлықтан да, өзбек ҳәм қарақалпақ тили ғәрезсиз мәмлекетимиздиң Байрағы, Герби, Гимни қатарында туратуғын, Нызам жолы менен қорғалатуғын муқаддес мәмлекетлик белгисине айланды.

Тил — миллеттиң айнасы. Бул айнаға нәзер таслай отырып, биз сол миллеттиң тарийхын, өзине тән миллий үрп-әдет дәстүрлерин, көп әсирлик қәдириятларын көз алдымыз­ға келтиремиз. Биз туўылғаннан баслап аналарымыздың айт­қан ҳәййиў жыры менен қан-қанымызға, жан-жаны­мызға сиңип кеткен тил — бизиң ана тилимиз болып есапланады. Ал, енди миллет тилине — мәмлекетлик тил бийлигиниң берилиўи — бул айрықша ўақыя, тарийхый сәне. 21-октябрьде өзбек тилине, 1-декабрь сәнесинде қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлигиниң берилгенлигине 31-жыл толады.

Тил ҳаққындағы Нызамның қабыл етилиўи менен оған мәмлекетлик тил бийлигиниң берилиўи — бул өз өзинен бол­ған ўақыя ямаса мәзи ҳүжжет емес, бул усы миллет ўәкиллерине болған үлкен ҳүрметтиң белгиси. Өз гезегинде бул ҳүрмет усы миллет ўәкиллерине үлкен жуўапкершилик те жүклейди. Себеби, өзбек тили Беруний, Ибн Сино, Ал Хорезмий, Әлишер Наўайы, Әмир Темур, Мырза Улуғбек, Бабур сыяқлы уллы бабалардың тили болса, қарақалпақ тили Күнхожа, Бердақ, Әжинияз сыяқлы уллы бабаларымыздың тили.

Өзбекстан елиниң бир пуқарасы сыпатында соны айрықша айтып өтким келеди «Мәмлекетлик тил ҳаққындағы Нызам» өзбек ҳәм қарақалпақ тилиниң бар имканиятларын, гөззаллығын  жүзеге шығарыў менен бирге, оның илимий тийкарда раўажланыўына кең мүмкиншиликлер жаратты. Алымлар ҳәм қәнигелер тәрепинен илим ҳәм билимлендириў, сондай-ақ, бас­қа да тараўларға тийисли энциклопедия ҳәм сөзликлер, сабақлық ҳәм оқыў қолланбалар басып шығарылды. Классикалық әдебиятымыздың үлгилери, илим, техника, санаат, мәденият ҳәм басқа тараўларға тийисли китаплар жазылды. Бирақ, мағлыўмат ушын соны атап өтиўимиз керек, дүньядағы барлық халықлар да бизиң өзбек ҳәм қарақалпақ халықларына усап өзиниң миллий рәсмий тилине ийе емес. Қәнигелердиң есаплаўлары бойынша бүгинги күни ҳәр еки ҳәптеде бир тил жоғалып бармақта. Бул өз гезегинде усы тилде сөйлеўши халықлардың жоғалып бара­тырғанлығын аңлатады.

ЮНЕСКОның берген мағлыўматына қарағанда бир ўақытлары адамлар сөйлесетуғын тиллердиң саны 8 мыңға жеткен болса, бүгинги күнде планетамызда 6 мыңға жақын тил бар болып, олардың 90 проценти жоғалып кетиў алдында. Булар әсиресе цивилизация себепли мәдениятынан айрылған аз санлы миллетлердиң тиллери болып есапланады. Экспертлердиң пикиринше Европада 50, Тыныш океа­ны аймағында 200 тил солардың қатарына киреди. Ал, Африкадағы 1400 тилден 600и келешекте, 250 болса жақын жылларда пүткиллей жоқ болып кетиўи айтылмақта.

Тарийхқа нәзер салатуғын болсақ АҚШ аймағына Европалылар қәдем қойғанында бул аймақта мың-мыңлаған тиллер болған. Ҳәзирги күнде болса Арқа Америка ҳиндулериниң кеминде 150 тили сақланып қалған. Лейпциг  университетиниң хызметкери Бальтазар Бикелянинг пикирине қарағанда, Кавказда тек 3, 4 адам сөйлесетуғын тиллер де бар. Айырым қәнигелер менен алымлар аз санлы миллетлердиң тиллериниң жоғалыўына глобалласыў процеси айыплы деген пикирлерди айтады. Бирақ, айырым аналитиклер менен экспертлер тиллердиң жоғалыўына глобалласыўдан тысқары айырым ҳүкиметлер алып барып атырған сиясаттың себепши екенлигин еслетеди. Не болғанда да миллий тилди сақлап қалыў ең әўели усы миллет ўәкиллериниң қолында.

ЮНЕСКО қәнигелери өлип ҳәм жоғалып кеткен тиллерди қутқарып қалыў мүмкинлигин де айтпақта. Мәселен, өткен әсирдиң 80-жылларында бары-жоғы 8 адам сөйлесетуғын Японияның Хаккайдо атаўындағы айн тилин алайық, бүгинги күни қайта тикленген бул тилде бир неше мыңлаған адамлар сөйлесип атыр. Еки мың жыл даўамында өли тил деп есапланған иврит тили де қайта айланысқа киргизилип, ҳәзир бул тилдиң пайдаланыўшылары 9 миллионға жетти.

Және бир мағлыўмат, дүньядағы мың-мыңлаған тиллер билимлендириў системасында қолланылыў имканиятына ийе емес.  Бүгинги глобалласыў дәўиринде интернеттен пайдалана алмайтуғын тиллер де бар. Себеби, жаңа технологиялардың раўажланыўы себепли айырым халықлар өзиниң миллий тилине қарағанда заманагөй тиллерден пайдаланыўға мәжбүр болмақта. Бүгинги Интернет тилиниң 80 проценттен көбирегин инглис тили ийелейди.

Әлбетте, инсаният тарийхынан келип шығып айтыўымыз мүмкин, бурында да тиллер пайда болған, қолланылған, раўажланған, бирақ белгили бир ўақыттан кейин жоқ болып кеткен. Бирақ, ҳәзиргидей тиллердиң жеделлик пенен жоғалып кетиўи ҳеш қашан ушыраспаған. Жоғалып кетиў қәўпи жоқары болған тиллерди сақлап қалыў бо­йынша алып барылып атыр­ған илажлардан мақсет — мәдениятлардың ҳәм тиллердиң көп түрлилигин тәмийинлеўден ибарат. Себеби, әйне тил ар­қалы халық ҳәм миллетлердиң үрп-әдетлери, салт-дәстүрлери, мәденияты сақлап қалынады, ҳүрмет етиледи. Ал, енди усы мағлыўматлардан келип шығып пикирлейтуғын болсақ, бизиң ана тилимизге болған итибарымыз, ҳүрметимиз еле де жоқары болыўы керек.  

Тил — миллеттиң руўхый байлығы екен, ол миллеттиң мәденияты, турмыс тәризи, тарийхы да есапланады. Тиллерди тән алыў ҳәм оған ҳүрмет көрсетиў — дүнья тынышлығының да бирден-бир кепили. Ал, оны сап ҳалында әўладтан-әўладқа жеткериў ҳәр бир дәўирде де ең әҳмийетли ҳәм жуўапкерли ўазыйпа. Алымлардың пикиринше тил жасап қалыўы ушын сол тилде кеминде 1 миллион адам сөйлесиўи керек екен. Бирақ бундай тиллер дүньяда 250 ғана. Солардың ишинде өзбек ҳәм қарақалпақ тиллериниң бар екенлиги қуўанышлы ҳәм бизлер ушын үлкен мақтаныш.

Қайсы миллеттиң перзентлери өз ана тилинде китап оқыўды тоқтатса, сол тил жар жағасына келеди. Сонлықтан да, елимизде Президентимиздиң басламасы менен китап­қумарлықты ен жайдырыў бо­йынша қатар илажлар өткерилмекте. Ең көп китап оқыған, билимли жасларға қымбат баҳалы саўғалар инам етилмекте. Бундай имканият, келешек әўладқа бундай итибар, жасларды китап оқыўға, тилимизди, миллий әдебиятымызды үйрениўге қызықтырыў дүньяның ҳеш бир мәмлекетинде жоқ десек қәтелеспеймиз. Өйткени БМШ экспертлериниң пикиринше тилди сақлап қалыўдың ең жақсы усылы — бул тиллерден билимлендириў системасында кең пайдаланыўды жолға қойыў болып есапланады.

Тил — миллеттиң мәдения­тының өзеги. Тилдиң саплығы, тилдиң тазалығы, тилдиң жасаўы — халықтың келешегин тәмийинлейди. Тил — халықты бирлестиреди, тәрбиялайды, оқытады, үрп-әдет ҳәм мәдениятын сақлайды. Солай екен, ана тилимиздиң халықаралық статусын беккемлеў, оны миллий ҳәм раўажланған тиллер қатарына қосыў ушын ҳәр биримиз ана тилимизге терең ҳүрмет пенен қатнас жасаўымыз дәркар.

 Злиха Оразымбетова

Қарақалпақ мәмлекетлик университети Журналистика

кафедрасы профессоры,

филология илимлериниң докторы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF