Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 02:37:14, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖАСЛАР  ПАРЛАМЕНТИ ӨЗ  ЖУМЫСЫН  БАСЛАДЫ

Жаслар келешек ийеси ҳәм бүгинги күнимизде де олардың тәлим-тәрбиясы, қызығыўшылықлары, керек болса машқала ҳәм усыныслары, пикирлери бәршемиздиң дыққат орайымызда.

Жаслар дегенде ғайрат пенен ҳәр бир исте басламашылықты, белсендиликти көремиз. Өйткени, бүгинги жаслар пүткил дүньяда жетекши күш саналады. Статистикалық мағлыўматларға қарағанда, мәмлекетимизде халықтың 60 про­цент­тен зыяты келешегимиз даўамшыларының үлесине туўры келеди. Соның ушын да Өзбекстанды жаслар мәмлекети, десек алжаспаған боламыз.

Елимизде келешек ийелерине байланыслы мәмлекетлик сиясат избе-излик пенен әмелге асырылып, тийкарғы сүйенишимиз болған жаслар тәғдири ҳәм келешеги турақлы түрде мәмлекетимиздиң итибарында болып келмекте. Елимиздиң келешеги ушын жуўапкершиликти өзине алатуғын, басламашы, ғайратлы жасларды тәрбиялаў, жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың ҳуқық ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў турмысымызда үлкен әҳмийетке ийе болмақта.

Әлбетте, бул итибардың негизинде мәмлекетимиз жасларын ҳәр тәреплеме камалға келтириў, жоқары мәнаўиятлы, бийғәрез ҳәм еркин пикирлейтуғын, заманагөй илим-пән жетискенликлерин пуқта өзлестирген, ҳәр тәреплеме саламат ҳәм бәркамал әўладты камалға келтириўдей ийгиликли мақсет жәмленген. Өйткени, мәмлекетимиз басшы­сының: «Жаңа Өзбекстанды, әлбетте, жаслар менен бирге қурамыз. 2020-жыл жасларға байланыслы мәмлекет сиясатында түптен бурылыс жылы болады», деген пикирлери, ҳәр дайым жасларды жаңа шеклерге қарай талпындырады.

Пандемия даўам етип атыр­ған усындай сынаўлы күнлерде өз ақылы, бийғәрез пикири менен өзиниң кимлигин, кимлердиң әўлады екенин терең аңлап жеткен, әтираптағы ўақыяларға тийислилик сезими менен жасап атырған нәўқыран жасларымызды көргенимизде, олардың жаңа идеялары, басламалары ҳаққында еситкенимизде қәлбимизге ҳәмийше шексиз мақтаныш бағышлайды. Олардың қатарында Қарақалпақстанлы ғайратлы жас әўлад ўәкиллери барлығыда бәршемизге үлкен қуўаныш. Ҳәр күни биз әтирапымызда жасларды көрип ҳәм шын кеўилден сәўбетлесип, олардағы ғайраттан өзимизге де күш аламыз. Әне сондай көзи жанып тур­ған, заманагөй пикирлейтуғын, илим-пән сырларын пуқта ийе­леген избасарларымыз жетисип киятырғаны бәршемизди мақтанышқа бөлейди.

Өзбекстан ҳақыйқый жаслар мәмлекети ҳәм олар жетекши күш екенлигин тас­тыйықлайды. Егер де буны Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы мысалында талқылайтуғын болсақ, ҳәзирги күнде республикамызда партиямыз ағзалары 22 мыңнан асқан болса, соның 10 мың 400ден асламы жаслар. Соны айрықша атаў керек, өткен 9 ай ишинде 1050 ге жақын жаслар партия қатарына қосылған болса, соннан 445и ҳәр қыйлы таңлаўлар, сыйлықлар жеңимпазы, стипендиатлар, спорт чемпионлары, белсенди жаслар есапланады. Партия шөлкемлеринде ислеп атырған, қәниге кадрлардың 10ы жаслардан ибарат болып, жаслар жүдә үлкен күш екенлигин көрсетеди.

Партиямыз ушын жаслар сиясаты ҳәмийше дыққат ора­йында болып, тийкарғы идеяларымыз, Сайлаўалды Бағдарламамызда бир қатар жойбарлар ҳәм мақсетлер тиккелей жасларға бағышланған.

Өсип киятырған келешегимиз ийелериниң умтылыўларын мүнәсип хошаметлеў мақсетинде мәмлекетимизде «Мард ўғлон» мәмлекетлик сыйлығы, «Ўзбекистон Ёшлар Иттифоқи» сыйлығы «Ўзбекистон белгиси» көкирек нышаны, сондай-ақ, инновациялық ҳәм креатив идеяларын көрсетип киятыр­ған жасларымыз ушын «Республика ёш олимларининг инновацион лойиҳалари» грант таңлаўы ҳәм соған уқсас көплеген таңлаўлар өткерилип киятырғаны оларға жаңадан-жаңа имканиятлар есиклерин ашып келмекте. Усы орында, партия­мыздың сайлаўалды Бағдарламасында жасларға байланыслы басламасы менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталары жанында «Жаслар парламенти»ниң шөлкемлестирилиўи де дүнья жәмийетшилигинде жасларға итибардың үлгисин көрсетти. Әлбетте, дүнья тәжирийбесинде жаслардың парламенттеги орны ҳәм бул бойынша жағдай да басқаша. Бирақ бул баслама жаслар мәмлекетинде және бир рет толық қоллап-қуўатланды. Елимиз бойлап ҳәр бир аймақтан жоқары палатаға ҳәм жергиликли көлемде еки жүзден артық белсенди жаслар парламентте өз орнына ийе болды. Қарақалпақстан Республикасынан Жаслар парламенти ағзалығына партия белсендилери саналған Нөкис қаласынан «ҒМДАның ең жақсы студенти — 2020» таңлаўы жеңимпазы, Илим-пән мәселелери комитети баслығы Н.Балтабаева, Қараөзек районынан 28-санлы мектеп жаслар жетекшиси Г.Сагатдинова, Төрткүл районынан Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети студенти А.Сражатдинов, Тақыятас районынан Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети студенти А.Латипов, Бозатаў районынан 6-санлы мектеп оқытыўшысы И.Жаббарбергенов сыяқлы ғайратлы жаслар сайланып, өз теңлеслерине ҳәр тәреплеме өрнек болып киятырғанын айрықша атап өтиў керек. Бул жаслар ҳәзирдиң өзинде нызам дөретиўшилиги ҳәм жаслардың маш­қала ҳәм усыныслары, комитетлер кесиминде өз идеялары менен елимиздиң келешеги ушын бар күш-ғайратын, билимин аямастан хызметке кирискен.

Усы жылдың 8-октябрь сәнесинде Президентимиз Шавкат Мирзиёев басшылығында өткерилген видеоселектор жыйналысында жәмийетте ҳаял-қызлар ҳәм жаслардың ролин асырыў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў мәселелерине итибар қаратылып, бул бо­йынша бүгинги күндеги маш­қалалар көрсетип өтилди, олардың шешими бойынша анық ўазыйпалар белгиленди. Өйткени, бүгин жәмийетимизде ушырасып атырған социаллық машқалалардың көпшилиги ҳаял-қызлар ҳәм жаслар турмысы менен байланыслы. Соның ушын да жаслар мәселесине Президентимиз тәрепинен үлкен итибар берилмекте.

Бир сөз бенен айтқанда, елимиздиң жарқын келешеги ҳәм халқымыздың үмит исеними қара көзлеримизге байланыслы. Өз гезегинде, жасларымызда жаратылып атыр­ған кең имканиятлардан пайдаланған ҳалда, жақсы билим алыў ҳәм кәсип-өнер ийелеў, сондай-ақ, хал­қымыздың арзыў-әрманларын әмелий ислер менен жүзеге шығарыўды өз алдына мақсет етип қо­йыўлары лазым.

 Келешегимиз болған әзиз жасларды усы ийгиликли жолда жоқары мақсет ҳәм шеклерге ерисиў, партия идеяларын еле де раўажландырыўға қаратылған жуўапкершиликли, соның менен бирге, олардың үлкен мийнетин мүнәсип қәдирлеўге биз бар күш ҳәм имканиятларымызды жумсаўға таярмыз.

Левитан Абдимуратов,

ӨзМТДП Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси Атқарыў Комитети аппараты баслығы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF