Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 06:07:26, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЕЛГЕ ИТИБАР — ТИЛГЕ ИТИБАРДАН БАСЛАНАДЫ

Тил-миллет айнасы, оның мақтанышы, ой-пикир дереги. Уллы ағартыўшы бабамыз Абдулла Авлоний жаз­ғанындай: «Ҳәр бир миллеттиң дүньяда бар екенлигин, оның өмир сүрип атырғанлығын көрсететуғын айнасы тил ҳәм әдебияты саналады. Миллий тил­ди жоғалтыў, мил­леттиң руўхын жоғалтыўдур».

Бурынғы аўқам ҳүким сүрип турған бир дәўирде — 1989-жылдың 21-октябрь сәнесинде «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Нызамның қабыл етилиўи ҳәм оның 1-статьясында өзбек тили «Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик тили есапланады» деп белгилеп қойылыўы мәмлекетимиздиң өз ғәрезсизлигине ерисиўине қарай атқан биринши ҳәм әҳмийетли қәдемлеринен бири сыпатында баҳаланады.

«Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Нызам 1995-жыл 21-декабрьде қайта редакторланды. Бул Нызам бир тәрептен өзбек тилиниң ҳуқықый жақтан қорғалыўын тәмийинлеп, оның жетилисиўине ҳәм раўажланыўына кең имканият жаратып берген болса, екинши тәрептен бас­қа миллет ўәкиллери тиллериниң қарым-қатнас қуралы болыў дәрежесин белгиледи ҳәм кепилледи.

Мәселен, Нызамның 3-статьясында былай белгиленген: «Тилдиң Қарақалпақстан Республикасында әмел етилиўине байланыслы мәселелер Қарақалпақстан Республикасының нызам ҳүжжетлери менен белгиленеди.

Усы Нызам тиллердиң турмыста, инсанлар арасындағы қарым-қатнаста ҳәм де диний ҳәм ибадат пенен байланыслы дәс­түрлерди әмелге асырыўда қолланылыўын тәртипке салмайды. Пуқаралар миллетлер аралық қарым-қатнас тилин өз қәлеўи менен таңлаў ҳуқықына ийе».

Нызам барлық миллетлер ҳәм олардын тиллериниң тең ҳукықлылығына тийкарланады. Белгили бир миллет ўәкиллери тығыз жасайтуғын аймақта сол миллет тилиниң де мәмлекетлик тил менен теңдей ҳуқықта қолланылыўда болыўы усы Нызам менен кепилленген. Бул ҳаққында Нызамның 8-статьясында былай делинеди: «Белгили бир миллет ўәкиллери тығыз жасайтуғын аймақларда жергиликли ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларының ҳүжжетлери республиканың мәмлекетлик тилинде ҳәм сол аймақтағы миллет тилинде қабыл етиледи ҳәм жәрияланады».

«Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Нызам өзбек тилиниң дәрежесин беккемлеў ҳәм оны ҳуқықый жақтан қорғаў менен бирге миллетлердиң өз-ара тең ҳуқықлылығын тәмийинлеў принципине тийкарланғанлығы менен әҳми­йетли. Нызамның ақырғы, 24-статьясында мәмлекетлик тилге ҳәм басқа тиллерге пуқаралардың мүнәсибети мәселесине үлкен итибар қаратылып, былай делинеди: «Өзбекстан Республикасында мәмлекетлик тилге  яки басқа тиллерге менсинбей ямаса қарама-қарсы көзқарастан қараў қадаған етиледи. Пуқаралардың өз-ара қарым-қатнас, тәрбия ҳәм билим алыў тилин еркин таңлаў ҳуқықын әмелге асырыўға тос­қынлық етиўши шахслар нызам ҳүжжетлерине муўапық жуўапкер болады».

Усы жерде айтып өтиўимиз лазым, мәмлекетимиз тәрепинен Нызам менен анық белгилеп қойылыўына қарамастан, усы Нызамның орынланыўын тәмийинлеўде елеге шекем кемшиликлеримиз көп. Оның барлық қағыйдаларының толық ислеўине ерисип атырмыз, деп айта алмаймыз. Буған ең дәслеп, бийпәрўалығымыз, ана тилимизге бол­ған ҳүрметимиз жетерли дәрежеде емес екенлиги себеп болмақта. Мәселен, шаңарақта күнделикли сәўбетлесиўимизде пер­зент­леримизге ана тилимиздиң гөззал кәлиймаларын үйретпестен, басқа тиллердеги сөзлерди ҳеш екиленбей айтамыз. Бул нәрсени болса өзимизди усы ҳалатқа үйренип кеткенлигимиз бенен  ақлаймыз. Лекин, перзентлеримиз ше, олар да енди соған «үйренип» кетиўи керек пе! Көшеге шығамыз, үлкен-киши биналар алдындағы жазыўлардың көпшилиги шет тиллеринде жазылған. Бир жумыс яки хызмет пенен мәмлекетлик шөлкемлер, хызмет көрсетиў кәрханаларына киремиз ҳәм ол жерде де айырым мағлыўматлар басқа тиллерде жазылғанлығын көремиз. Үлкен-үлкен супермаркетлерге киремиз, затлардың баҳаларының жазылыўы, қолыңызға берилетуғын чек қағазлары өзге тилде. Лекин, ҳеш биримиз неге бул жазыўлар мәмлекетлик тилде емес, деп сорамаймыз. Негизинде, Нызамға муўапық, геогра­фиялық объектлердиң атамасы мәмлекетлик тилде жүритиледи (22-статья). Көрсеткиш белгилери, дағазалар ҳәм басқа да көргизбели яки аўызеки хабарландырыў текстлери мәмлекетлик тилде рәсмийлестирилиўи ҳәм жәрияланыўы,  олардың басқа тиллерде аўдармасы берилиўи мүмкинлиги белгиленген (20-статья). Кәрханаларда ислеп шығарылған өнимлер мәмлекетлик тилдеги ҳәм басқа тиллердеги қолланбалар, этикеткалар менен тәми­йинлениўи көрсетилген (21-статья). Ҳәр бир жаңа объект ашылып атырғанда, хызмет көрсетиў орайы яки шақапша шөлкемлестирилип атырғанда бул тәртиплер түсиндириледи. Тилекке қарсы, көп жағдайларда түсиндириўлер қағаз жүзинде қалып кетпекте. Көрсетип өтилген кемшиликлерди өз ўақ­тында ҳәм өз орнында сапластырыў, түсиндириў ҳәм де үгит-нәсиятлаў — әсиресе, биз зыялылардан өткир зейин, итибар ҳәм пидайылықты талап етеди.

Бүгинги күнде елимизде 130 дан аслам миллет ўәкиллери өз-ара аўызбиршилик ҳәм татыўлықта жасап келмекте. Оқыў орынларында оқытыў 7 тилде алып барылмақта. Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы өз көрсетиўлерин 12 тилде эфирге узатпақта, 10 нан аслам тилде газета ҳәм журналлар басып шығарылмақта. Мәмлекетимизде этникалық өзгешеликти раўажландырыўда 137 миллий-мәдений орай, 34 дослық жәми­йетлери нәтийжели хызмет етип келмекте.

«Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Нызам өзбек тилиниң ҳәм Өзбекстанда жасап атырған басқа миллет ўәкиллери тиллериниң әмел етиў статусын ҳуқықый жақтан кепилленсе, екиншиден болса, ҳәр жылы тил байрамы қарсаңында жәмийетшилик итибарын тил мәселелерине қаратыўға имкан жаратады.

Ҳақыйқатында да, тилдиң раўажланыўы жәми­йеттиң раўажланыўы менен тиккелей байланыслы болып, тил мәмлекет тәрепинен ҳуқықый жақтан қорғаўға алынғанда ғана ол өзиниң ҳақыйқый раўажланыўына ерисиўи мүм­кин. Соңғы жылларда социаллық тараўда алып барылып атырған реформалар, әсиресе, мәмлекетлик тил мәселесине итибардың күшейтилиўи халқымыздың кеўлиндеги қәлеўиниң бири болды. Бүгин халықаралық майданда дүньядағы әййемги ҳәм бай тиллерден бири бол­ған өзбек тили халқымыз ушын миллий өзлигимиз ҳәм ғәрезсиз мәмлекетшилик тымсалы, бийбаҳа руўхый байлық, мәмлекетимиздиң сиясий-экономикалық, руўхый-ағартыўшылық жақтан раўажланыўында күтә әҳмийетли орын ийелеп киятыр­ған уллы қәдирият сыпатында баҳаланбақта.

Бүгинги күнде мәмлекетимиз «Жаңа Өзбекстан — Миллий тиклениўден, миллий раўажланыўға қарай» ураны астында раўажланыўдың 3-ренессанс дәўирине қәдем қоймақта. Бул жаңаланыўлар ҳәм өзгерислер даўамында биринши нәўбетте, ана тилимиздиң жәмийеттеги орны ҳәм абырайын асы­рыў­ға қаратылған кең көлемли реформалардың әмелге асырылып атыр­ған­лығы дыққатқа ылайық.

Ең баслысы, 2019-жылдың 4-октябрь күни «Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик тили ҳаққында»ғы Нызамы қабыл етилгенлигиниң отыз жыллығын кеңнен белгилеў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Президенти қарарының қабыл етилиўи болса бул бағдардағы жумыслардың мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилген мәселе екенлигинен дерек береди.

Кейинги жылларда Әлишер Наўайы атындағы Ташкент мәмлекетлик өзбек тили ҳәм әдебияты университетиниң шөлкемлестирилгени ана тилимиздиң тарийхый негизлерин терең үйрениў, оны илимий тийкарда ҳәр тәреплеме раўажландырыў ҳәм қолланыў шеңберин кеңейтиў, филолог кадрлар таярлаў бағдарындағы жумысларды жаңа бас­қышқа көтерди.

Мәмлекетимизде жаңадан шөлкемлестирилип, жумыс алып барып атырған  Муҳаммад Ризо Огаҳий, Исҳоқхон Ибрат, Абдулла Қодирий, Ҳамид Олимжон ҳәм Зулфия, Ибрайым Юсупов, Эркин Воҳидов, Абдулла Орипов, Ҳалима Худойбердиева, Муҳаммад Юсуф атындағы дөретиўшилик мектеплеринде ана тилине бағышланған руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық илажларының өткерилиўи, сондай-ақ, барлық оқыў орынларында тил байрамына арналған көркем-әдебий кешелер ҳәм де жаңа китаплар презентацияларын шөлкемлестириў жумысларының жолға қойылыўын да бул бағдардағы жумыслардың нәтийжелилигин тәмийинлеўге қаратылған унамлы ислер сыпатында баҳалаўымыз мүмкин.

Өткен жыллар даўамында ана тилимиз беккем ҳуқықый тийкар ҳәм жоқары статусқа ийе болып, ҳәзирги күнде өзбек тили турмысымыздың барлық салаларында — мәмлекет ҳәм жәмийет бас­қарыўы, мәмлекетлер аралық қатнасықлар, илим-пән, тәлим-тәрбия, медицина, мәденият ҳәм көркем өнер тараўларында кеңнен қолланылып, халықаралық минберлерде жаңлап атырғанлығы итибарға ылайық. Усы жылдың 23-сентябрь күни  Президентимиз Ш.М.Мирзиёевтиң Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының 75-сессиясында мәмлекетимиз тарийхында биринши мәрте Мәмлекетлик тилде шығып сөйлеўи, пикиримиздиң айқын дә­лийли.

Және санаўлы күнлерден соң, 21-октябрь күни Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласындағы көркем өнер сарайларында  Өзбекстан Республикасының «Мәм­лекетлик тили ҳақ­қында»ғы Нызамы қабыл етилгенлигиниң отыз бир жыллығына бағышланған салтанатлы байрам илажлары шөлкемлестириледи.

Усы сәнеге бағышланған байрам илажлары ҳәр жылы мәмлекетимиздеги барлық қала ҳәм районларда — улыўма билим бериў ҳәм кәсип-өнер мектеплери оқыўшылары, жоқары оқыў орынлары студент-жаслары арасында өзбек тилиниң әхмийетли орнын сәўлелендириўге бағыш­ланған шығармалар, ҳәр қыйлы темадағы таңлаўлар, жарыслар ҳәм конференциялар өткериледи. Орынлардағы театр ҳәм кинотеатрларда, мәденият сарайларында уллы ойшыллар ҳәм данышпанлар ҳаққындағы спектакльлер, көркем ҳәм де ҳүжжетли фильмлердиң тамаша етилиўи дәстүрге айланып бармақта.

Сәне мүнәсибети менен биз хызмет етип атырған Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында да өзбек ҳәм қарақалпақ тилине Мәмлекетлик тил бийлиги берилген күн мүнәсибети менен бир қатар руўхый-ағартыўшылық илажлар менен бирге, түркий тиллес шет мәмлекетлердиң жетекши жоқары оқыў орынлары менен биргеликте «Глобалласыў дәўиринде түркий тиллердиң раўажланыўы» атамасында ха­лық­аралық илимий-әмелий конференция ҳәм де «Қарақалпақстанда тил илиминиң әҳмийетли мәселелери: машқалалар ҳәм шешимлер» атамасында республикалық конференциясын өткериў ушын қызғын таярлық жумыслары алып барылмақта.

Уллы данышпан ша­йыр Әлишер Наўайының «Тилге итибарсызлық — елге итибарсызлық» деген ҳикметли сөзи бар. Солай екен, Мәмлекетлик тил сыпатында қарақалпақ ҳәм өзбек тилиниң гүллеп-жаснаўы ҳәм кең түрде раўажланыўы  ең дәслеп, бүгинги күнде тәлим-тәрбия орынларының барлық буўынларында хызмет етип атырған оқытыўшылар, устаз-муғаллимлердиң пидайылығына байланыслы. Демек, бүгин Қарақалпақстанда хызмет етип атыр­ған ҳәр қандай  зыялы инсан — ҳәм қарақалпақ тилиниң, ҳәм өзбек тилиниң тийкарғы им­ла қағыйдаларын пуқта өзлестирген ҳәм де саўатлы жазыў көн­ликпесине ийе бол­ған болыўы лазым. Бул жағдай оның усы елдиң ҳақыйқый Ўатансүйиўши пуқарасы сыпатында тек ғана еки тилге болған ҳүрметин ғана емес, бәлки, усы елге, усы журтқа болған ҳүр­метин ҳәм де өз шәкирт­лерине болған жоқары үлги ийеси екенлигин көрсетеди.

Пикиримиздиң даўамы сыпатында бул бағдарда биз тараў ўәкиллери алдында кешиктирип болмайтуғын төмендеги ўазыйпаларды да келтирип өтиўди лазым деп таптық:

- миллий қәдириятлардың тийкарғы символы есапланған өзбек тилиниң ҳәм қарақалпақ тилиниң рәсмий ҳәм миллий статусын үгит-нәсиятлаўшы руўхый-ағартыўшылық жумыслар көлемин кеңейтиў, бул бойынша мақсетли, мәнзилли ҳәм системалы илажлар шөлкем­лестириў;

- миллий-мәнаўий мийрасымызға муҳаббат ҳәм ҳүрмет, ең дәслеп шаңарақтан басланыўын, шаңарақ — қәдириятлар бесиги екенлигин итибарға алып, перзентлер тәрбиясында ана тилин пуқта меңгериў, миллий тилди, қәдириятларды сақлаў, Ўатансүйиўшилик руўхын қәлиплестириў усылларын терең меңгерген тәжирийбели тараў ўәкиллери менен биргеликте методикалық қолланбалар жаратыў;

- билимлендириўдиң барлық басқышлары ҳәм буўынларында, мәкеме ҳәм кәрханаларда өзбек тилине, сондай-ақ, қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилген күн қарсаңында ҳәм де байрамнан тысқары ўақытларда да мәмлекетлик тилдиң рәсмий талаплары менен таныстырыўшы, әҳмийетин түсиндириўши, миллий тил руўхыятын раўажландырыўшы руўхый-ағартыўшылық илажларын турақлы жолға қойыўымыз зәрүр.

Жуўмақлаў ретинде айтып өтиўимиз лазым, жәмийетлик турмысымызда мәмлекетлик тил менен байланыслы жоқарыда айтып өтилген машқалаларды шешиў ушын ең дәслеп барлық пуқараларымыздан тилек ҳәм өтинишимиз, ана тилимизге болған ҳүрмет ҳәм итибарды жаңаша көзқараслар тийкарында шөлкемлестириўди талап етеди.

Пикиримиздиң жуўмағында халқымызды Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының кең жәмәәтшилиги атынан жақынласып киятырған тарийхый сәне — миллий тил байрамы менен қыз­ғын қутлықлаймыз! Бәр­шемизге тилимиздеги ең жақсы сөзлер жолдас болсын, кеўлимизде ана тилимизге болған меҳир ҳасла сөнбесин!

 

Қ.Қодиров.

Әжинияз атындағы НМПИ «Жаслар менен ислесиў»

бойынша проректоры.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF