Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 18:58:55, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

РАЙОНДЫ КОМПЛЕКСЛИ РАЎАЖЛАНДЫРЫЎ ӘМЕЛГЕ АСЫРЫЛМАҚТА

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң усы жыл 2-октябрьдеги республикамызға сапарынан соң Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министри Н.Хусанов Шымбай районын социаллық-экономикалық комплексли раўажландырыў бойынша жуўапкер  сыпатында бириктирилген еди.

Соның менен бирге, Шымбай районын социаллық-экономикалық комплексли раўажландырыў бойынша үйрениў штабы шөлкемлестирилди. Өткен дәўир даўамында пуқаралардың пикир-усыныслары тыңланып, республика ҳәм район шөлкемлериниң қәнигелеринен ибарат 21 киши жумысшы топар дүзилип, райондағы 21 пуқаралар жыйынларында үйме-үй жүрип үйрениў жумысларын алып барыў системасы жолға қойылды. Райондағы коммуналлық шөл­кемлер, коммерциялық банклер ҳәм тийисли жуўапкер шөлкемлер менен биргеликте 3 мыңға шамалас шаңарақ үйренилип, пуқаралар тәрепинен билдирилген машқалалар сис­темалы түрде өз ўақтында шешим табыўы ушын тийисли режелер ислеп шығылды.

Усы жыл 12-октябрь күни Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министриниң орынбасары Н.Якубовтың басшылығындағы жумысшы топар ҳәм ти­йисли қәнигелер Шымбай районындағы «Гүжимли», «Жипек жолы», «Көкши қала», «Дослық», «Шахтемир», «Абат мәкан», «Бердақ», «Оржап» МПЖ ҳәм «Кеңес», «Қостерек» АПЖ аймағында жасаўшы пуқаралар менен ушырасыў өткерди.

Ушырасыў даўамында 76 пуқараның мүрәжатлары көрип шығылды ҳәм 17 мүрәжат өз орнында шешимин тапты. Қалған мәселелердиң  шешими бойынша тийисли шөл­кемлерге тапсырмалар берилди.

Соның ишинде, бәнтлик мәселелери ең әҳмийетли мәселелердиң бири сыпатында қаралмақта. Жыл ақырына шекем райондағы жеке қыйтақ жеринен нәтийжели пайдаланыўы ушын «Темир дәптер»ге киргизилген 50 пуқараға ыссыхана қурыўы ушын 335 миллион сум, жеке дала қыйтақ жерлеринен пайдаланыўы ушын 130 жумыссыз пуқараға артезиан қудық және суўғарыў үскенелерин орнатыўы ушын 267 миллион сум ҳәм жаңадан 3 кооперация шөлкемлестирилиўи есабынан 150 жумыссыз пуқараның бәнтлигин тәмийинлеў ушын 334,5 миллион сумлық субсидия қаржыларының ажыратылыўы бо­йынша келисип алынды.

Сондай-ақ, жумысшы топар «Қарақалпақ кө­мир» кәрханасына қараслы Шымбай районындағы брикет ислеп шығарыў цехында болып жумыслары менен танысты ҳәм жергиликли шийки зат­ларға тийкарланып жумыс ислейтуғын қосымша жаңа жойбарларды ислеп шы­ғыў бойынша пикир алыс­ты.

Буннан тысқары жумысшы топар тәрепинен ҳәзирги ўақытта район шөлкемлери менен биргеликте бос турған имаратлар ҳәм жерлерди инвентаризациядан өткериў, ҳәрекет етпей турған 700 субъекттиң жумысын тиклеў, қосымша социаллық, спорт ҳәм мәдений ин­фраструктура объектлерин қурыў, район ҳәкиминиң 124 көшпес мүлк объектлерин қурыў бойынша жер ажыратыў ҳаққындағы қарарының орынланыўын үйрениў, райондағы оңланыўы талап етилип атырған жергиликли әҳмийеттеги 16 километр аралықтағы автомобиль жолларын ҳәм 71,3 километрлик ишки көшелерди оңлаў имканиятын үйрениў, сондай-ақ, коммерциялық банклер менен биргеликте қосымша 14, жәми 68 жаңа инвести­циялық жойбарларды иске түсириў бойынша исбилерменлик субъектлерине кредит ажыратыў арқалы 668 жаңа жумыс орнын шөлкемлестириў жумыслары әмелге асырылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF