Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 06:39:21, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

НУРЛЫ КЕЛЕШЕККЕ ҚУТЛЫ ҚӘДЕМЛЕР

Президентимиздиң усы жылдың 2-октябрь күнги қарақалпақстанға болған сапары ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезексиз сессиясында шығып сөзлеген сөзи гүллән хал­қымыз тәрепинен үлкен қуўаныш пенен қарсы алынды.

Себеби, мәмлекетимиз басшысы қоллап-қуўатлаўы менен республиканың жаңа басшысы сайланды.

Үлкен ўазыйпалар белгиленип, нурлы келешекке қутлы қәдемлер тасланды.

Бизде өз гезегинде сиясий партия хызметкери, депутат ҳәм дөретиўши инсан сыпатында бул тарийхый ушырасыўда мәмлекетимиз басшысы тәрепинен билдирилген айырым басламалардың әҳмийетине тоқтап өтиўди мақул таптым.

Әлбетте, Президентимиз өзиниң халықаралық минберлерде яки мәмлекетимиздеги салтанатлы мәжилислерде болсын өз шығып сөйлеўлеринде Арал маш­қаласын итибардан шетте қалдырған емес. Бул сапарыда Арал машқаласының унамсыз тәсирин жумсартыў келеси 3 жыл­ға мөлшерленген әҳмийетли 10 бағдардың төртиншиси етип белгиленди.

Соның менен қатар Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатында турақлы жумыс ислеўши сенаторлардан ибарат арнаўлы комитет шөлкемлестириў басламасы экологиялық машқалалар менен байланыслы жумысларды жанландырыўда парламент қадағалаўын жолға қойыў имканиятын және де асырады.

Усылар менен қатар пуқаралар турмыс абаданлығын тәми­йинлеўде мәҳәллениң роли жоқары екенлигин есапқа алып, жәми республика бойынша 45 мәҳәллени раўажландырыў басламасы да,  халық разылығын тәмийинлеўге қаратылған ийгиликли мақсетлерден саналады.  

Қарақалпақ мәденияты менен әдебиятына жоқары баҳа берип Нөкис қаласындағы Опера ҳәм бақсышылық мектеп-интернатында болыўы ҳәм бул жердеги көркем-өнеримиз келешеги бол­ған жасларымыз бенен сәўбетлесип, мектеп негизинде консерватория филиалын ашыў ҳақ­қындағы қуўанышлы хабарды жеткериўи, пүткил елимиз көркем-өнер пидайылары менен шайдаларының шексиз миннетдаршылығына себеп болмақта.

Қарақалпақ халқын өз шығармалары менен дүньяға таныт­қан, атақлы жазыўшы Төлепберген Қайыпбергенов жасап ҳәм дөретиўшилик пенен шуғыллан­ған үйди Жазыўшының үй-музейи етип шөлкемлестириў ҳаққындағы басламасы, бириншиден, өз елин шын перзентлик муҳаббаты пенен сүйген жазыўшыға, соның менен қатар Қарақалпақ әдебияты ҳәм оның пидайыларына болған шексиз ҳүрметтиң көриниси.

Жуўмақластырып айтқанда Президентимиздиң қутлы қәдеми, алға қойылған ўазыйпалар ҳәм басламалар халқымызды нурлы келешекке қарай бағдарлайды.

Раўаж Отарбаев,

Өзбекстан «Адолат» СДП Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслығы орынбасары,

Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси депутаты.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF