Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 08:05:44, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

КӨРКЕМ  ӨНЕРГЕ  ИТИБАР — КӘМИЛЛИККЕ  КЕПИЛЛИК

Усы жылы 2-октябрь күни ҳүрметли Президентимиз Шавкат Миромонович Мирзиёев Қарақалпақстанға сапар етип, Нөкис қаласындағы Опера ҳәм бақсышылық көркем өнерине қәнигелестирилген мектебин салтанатлы жағдайда ашты.

Усы мектеп-интернат тийкарында Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясының Нөкис филиалы шөлкемлестирилетуғынын хабарлады...

Мәмлекет басшысының усындай қайырлы сапары жөнинде хош кейпият үстинде атақлы композитор, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен көркем өнер ғайраткери, «Ел-журт ҳүрмети» ордени, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик сыйлығы ийеси Нажиматдин Мухаммеддинов пенен сәўбетлестик.

— Нажиматдин аға, қарақалпақ халқы әзелден әдебият, мәденият, көркем өнерге бир ата жақын халық. Сәният — кеўил гөззаллығы ҳаққында Сизиң пикириңиз...

— «Саз бенен сәўбетти жалған демеңлер, Адам Ата биняд болғанда барды», деген халқымызда гәп бар-ғой. Қазақ илимпазы Шоқан Ўәлийханов та: «Қарақалпақлар саҳраның биринши бүлбиллери» деп тегин айтпаған. Бир жыраўымыздың өзи не деген қүдирет! Бир өзи бир театр ролин ат­қара алған. Қобыз пири — Қорқыт атаны, атақлы Соппаслы Сыпыра жыраўды халқымыз өзиниң бабасы санайды. Доспамбет, Мүйтен, Асан қайғы, Шаң­қай, Жийен, Жийемурат, Нурабулла, Ерполат, Қурбанбай, Өгиз, Есемурат, Қыяс жыраўлардың ҳәр бири 5, 10, ҳәтте 20 дәстанға дейин билген. Бизиң бақсыларымыздың ҳаўазы, дуўтарды шертиўи де өз алдына болып, жанға жағымлы. Ақымбет, Муўса, Жуман, Ибрайым, Ҳүрлиман, Қаражан, Айтжан, Жапақ, Есжан, Әмет бақсылар йошып айтқанда, дуўтар пөпегине бүлбил қондырған. Елимизде қыссаханлық та жақсы раўажланған. Жыраў, бақсыларымыз өзлери атқарған дәстан, толғаў, терме, қосықларына өзлери нама шығарған. Яғный, олар жетик композиторлар да болған.

— Сиз халқымыздың атақлы композиторысыз. Үш жүзден аслам романс ҳәм нама қосықларыңызды қосықшыларымыз ат­қарып, халқымыз сүйип тыңлайды. 3 музыкалы драма, 2 контата, симфония тағы басқалар жаз­ғансыз. Қарақалпақстан Респубикасы Гимниниң авторысыз. Көлемли музыкалық шығармалардан есапланған биринши операмыз — «Әжинияз» ды дөреттиңиз. «Айжамал» миллий балетиниң авторысыз.

Дүньяда 80 жасында опера шығарған бир композитор бар еди. Ол — опера Ўатаны Италияның атақлы композиторы Джузеппо Верди. Екинши болып, Сиз де, жасыңыз 80 нен асса да, «қартайса да қарекең шаншар» дегенди ис жүзинде дәлиллеп, өткен жылы «Гүлайым» атлы операны дөреттиңиз ҳәм шығарма  Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында қойылып, халқымыз тәрепинен қызғын күтип алынды. Шынында да, бир саатлық сахналық дөретпеде музыка, қосық, ҳәрекет пенен пүтин баслы үлкен — 25 мың қосық қатарлы «Қырық қыз» дәстанының тийкарғы мазмунын баянлап бере алғансыз. Бизиңше, бул музыкалық мийнетиңиз нағыз миллийлик пенен суў­ғарылған опера болып шыққан.

— Рахмет, марапатың ушын. «Халық айтса, қалп айтпайды». Дурыс, деп қабыл етемиз. Ҳақыйқатында да, «Гүлайым» операсы сәтли шықты. Бул шығарманың либреттосын белгили шайырымыз, Қарақалпақстан Республикасы халық шайыры Гүлистан Матьякубова жазған еди. Мәсләҳәтшиси — Қарақалпақстан Республикасы Халық жазыўшысы, профессор, үлкен фольклоршы алым Кеңесбай Алламбергенов болып табылады. Бул мийнет үстинде үлкен театрымыздың дөретиўшилик жәмәәти менен тынымсыз ислестик. Әлбетте, өзиңиз айтқандай, дәстан үлкен, көлеминиң кеңлиги, мазмунының тереңлиги, қурылысы, ҳайран қалғандай көркемлиги жағынан «Қырық қыз» қарақалпақ қаҳарманлық жырларының арасында биринши орында турады. Оны бир саатлық сахнаға сыйдырыў өз-өзинен болмады. Қы­йыншылығы болмаса жақсы дөретпе шықпас та еди. Бул мийнетимиздиң сәтли шығыўының биринши және бир себеби, биринши мәрте операда қобыз ҳәм дуўтар әсбапларымызды пайдаландық. Жыраў менен бақсының ор­кестрге қосылып шығыўы тарийхта биринши мәрте жүз берди ҳәм бул дөретиўшилик импровизация унамлы нәтийже көрсетти. Қәнигелер «Гүла­йым» операсының жанрын этноопера деп қабыл етти.

Және айта кететуғын нәрсе, 40 қыздың машқы етиўлери, бағ егиўи, Аллаяр бай, Гүлайым, Арыслан, Сәрбиназлардың мәртлик ислери, саўаш көринислери, муҳаббат тағы басқалар толып атырған эпизодларға, опера жанры темпине сай намалар дөреттим... Бизде операны кәмине келтирип айтатуғын тәжирийбели қосықшылар көплеп табылатуғынлығы қуўанышлы. Бир топар талантлы жас қосықшыларымыз да жетилисип киятыр. Солардан, режиссёрлар менен ойласқан ҳалда таңлап, рольлерди бөлистиргенбиз.

— Бизде операшылар көплеп табылады, — дегениңиз әйне ҳақыйқат. 2-октябрь күни Президентимиз республикамызға келди. Опера ҳәм бақсышылық көркем өнерине қәнигелестирилген мектепти салтанатлы ашқанда «Қарақалпақлардың генинде бар, күшли ҳаўаз» деген мазмунда жақсы пикирлерин билдирди. Президентимиз сапары, жаңа мектеп туўралы пикирлериңизди бөлиссеңиз.

— Президентимиздиң ҳәр бир келиўи — үлкен той, байрам. Шәмензар болар, Президент жүрген жоллар, десек асыра гәп емес. Ел басшымыздың келиўине Мойнақ, Нөкис қаласында қанша шырайлы биналар қәд тикледи. Бозатаў, Тахтада футбол майданлары, Амфитеатр, Мәденият сарайлары, басқа да социаллық объектлер қурылыўы... бәри үлкен қуўаныш, үлкен баслама.

Халқымыз жақсы биледи, Журтбасшымыздың басламасы менен барлық тараўларда болғаны сыяқлы бақсышылық көркем өнериниң раўажланыўына да үлкен итибар қаратылмақта. Мәмлекетимизде (Термиз қаласында) ҳәр еки жылда бир мәрте халық­аралық бақсышылық көркем өнери фес­тивалын өткериў жолға қойылды. Термиз қаласында өткен жылы бақсышылық мектеби жумыс баслады, Республикалық бақсышылық көркем өнери орайы қурылмақта. Усы орай жанында бақсышылық көркем өнерин раўажландырыў қоры да шөлкемлестириледи. Солар қатары Журтбасшымыз қарақалпақ хал­қының миллий менталитетин, өзгешелигин терең аңлайды. Бақсы — жыраўшылық қарақалпақлардың әййемнен киятыр­ған миллий көркем өнери түрлеринен екенлигин билип, республикамызда бул өнер­ди және де илгерилетиўге айрықша ғамқорлық етпекте. Өткен жылы Журт­басшымыздың көрсетпесине муўапық, Нөкис қаласында опера ҳәм бақсышылық көркем өнерине қәнигелестирилген мектеп-интернаты қурылысы басланған еди. Сол мектеп быйыл питкерилип, операға да қәнигелестирилди. Себеби, Қарақалпақстанда опера жанрында өзине тән мектеп жаратылған. Бизде жоқары баҳаланатуғын тенор, баритон, басс, сопрано, — ҳаўазлы қосықшылар көплеп табылады. Базарбай Надиров, Мақсет Хожаниязов, Толыбай Хожаназаров, Кеңесбай Сержанов, Өтебай Темирханов, Роза Қутекеева, Элиза Айтниязова, Дәрибай Хожабергенов, Абат Қаллиев, Жеңисбек Пиязов сыяқлы операшыларымыз елимиз көркем өнерин дүньяға танытыўға үлкен үлес қосып келмекте. Усы жерде айтып кетейин, 2019-жылы 30-сентябрь ҳәм 1-октябрь күнлери «Гүла­йым» этнооперасының премьерасына Қарақалпақстаннан тысқары Таш­кент­тен де Өзбекстан Композиторлар ҳәм бастакорлар аўқамының баслығы Рустам Абдуллаев ҳәм Айдын Абдуллаеваның басшылығында көплеген белгили композиторлар қатнасып, шығарманы, соның ишинде операда рольлер атқарған қосықшылардың лапызы менен шеберликлерине жоқары баҳа берди.

Және Опера ҳәм бақсышылық көркем өнерине қәнигелестирилген мектеби ҳаққында сөзимизди жалғастырсақ. Жаңадан бой тиклеген 150 орынлық билимлендириў мәкемесинде 50 орынлық жатақхана ҳәм асхана қурылған, класс бөлмелери оқыў қураллары және саз әсбаплары менен тәмийинленген.

Президентимиз мектеп-интернаты имаратында болып, 150 орынлық концерт залы ҳәм класс бөлмелерин көзден өткерди, бақсы, опера қосықшыларымыз бенен сәўбетте болды, өзиниң жақсы тилеклерин билдирди. «Бақсышылық — қарақалпақ халқының уллы дәстүри, оны раўажландырыў ушын барлық шараятларды жаратамыз», - деди мәмлекетимиз басшысы. Және бир қуўанышлысы, тараў ўәкиллери ҳәм жаслар менен сәўбетлесиўде ҳәр бир районда усы мектеп-интернаттың бөлимлерин шөлкемлес­тириў, келешекте мектеп негизинде консерваторияның филиалын шөл­кемлестириў, талантлыларды халық­аралық таңлаў, фестивальларға таярлаў мақсетинде сырт еллерден профессор-оқытыўшыларды шақырыў, шеберлик сабақларын жолға қойыў зәрүрлигин атап өтти. Сондай-ақ, мектеп-интернатта оқыўшыларға тий­карғы бағдарлардан тысқары миллий ҳәм Европа саз әсбапларынан сабақ өтиў, көркем өнерди кең түрде үгит-нәсиятлаў арқалы халықтың эстетикалық дәрежесин жетилистириў бойынша усынысларын берди.

«Ташкентте қандай жаңалық болса, Нөкиске келиўи керек» дегени Нөкис қаласының «екинши пайтахт» екенлигине силтеме, Қарақалпақстан­ға деген ҳүрмет-иззети, кеўлиниң ашықлығынан дәрек.

Президентимиздиң қарақалпақ елине, соның ишинде көркем өнерине бундай ғамқорлығы, дыққат-итибары, әлбетте, келешекте бақсышылық ҳәм опера көркем өнеримиз, улыўма мәдениятымыздың еле де бийик шоққы­ларға шығатуғынынан нышана деген сөз.  Халқымыз атынан Президентимизге шексиз миннетдаршылығымызды билдиремиз.

— Мазмунлы сәўбетиңиз ушын рахмет! Әлбетте, Елбасшымыздың мәденият, көркем өнер, улыўма дөретиўшилик қәўимге жаратып атырған шараятларынан утымлы пайдаланамыз, итибарынан төбемиз көкке жетеди, бизлерге йош-илҳам береди, және де, дөретиўшилик табысларға руўх­ландырады.

 

СәўбетлескенАлланазар Әбдиев,

Қарақалпақстан Республикасы халық жазыўшысы, журналист.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF