Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 02:31:51, 17.05.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

«ҚАРАҚАЛПАҚБАЛЫҚСАНААТ»: ЖАҢАЛАНЫЎЛАРДЫҢ ЖАҢА БАСҚЫШЫНДА

Президентимиз Шавкат Мирзиёев 2-октябрь күни Қарақалпақстан Республикасына болған сапары даўамында Нөкис қаласындағы «Қарақалпақбалықсанаат» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде болып, оның жумыслары менен танысқан еди.

Атап айтқанда, жәмийет тәрепинен шөлкемлестирилген балықшылық кластери объектиндеги жабық суў айланба сис­темасы, аралас жем заводы, бул жерде орнатылған киши теплицада балық жетистириў комплекси, аквариумдағы балықлар ҳәм ислеп шығарылып атырған балық өнимлери мәмлекетимиз басшысының дыққатында болды. Журтбасшымыздың балықшылық тараўын еле де раўажландырыў, балық өнимлерин ислеп шығарыўдың заманагөй ҳәм инновациялық усылларын әмелиятқа енгизиў бо­йынша белгилеп берген бир қатар талапларын өзлерине ўазыйпа етип алған бул жәмәәттиң жумыс процесслери бизде де қызығыўшылық оятты.

«Қарақалпақбалықсанаат» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң баслығы Абат БЕКНИЯЗОВ заман талабына сай жумыс баслаған бул кәрхана хызмети ҳаққында төмендегише мағлыўмат берди.

Абат Жеңисбаевич БЕКНИЯЗОВ 1982-жылы Нөкис қаласында туўылған. 2005-жылы Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Академиясын питкерген. Мағлыўматы бойынша қәнигелиги — юрист.

Дәслепки мийнет жолын 2005-2012-жыллары Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги хызметкери сыпатында баслаған ол, 2012-2015-жыллары жеке исбилермен, 2015-2016-жыллары Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги Санитария, гигиена ҳәм кәсип кеселликлери илимий изерт­леў институтының юристконсульты, 2016-2017-жыллары Қарақалпақстан Республикасы «Агро экс­порт — ГРУП» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде экспедитор, 2017-жылдың 19-майынан баслап «Қарақалпақбалықсанаат» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң баслығы болып ислеп келмекте.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының 2019-жыл 6-декабрьдеги 603-санлы қарары менен «Ўатан пидайысы» көкирек нышаны менен сыйлықланған.

 

ҒӘЗИЙНЕНИ ӨЗИМИЗ ЖАРАТАМЫЗ

Президентимиздиң балықшылық тараўына тийисли қарарларынан келип шығатуғын қолайлы шараятлар ҳәм берилген жеңилликлер қәнигели исбилерменлер ушын кең имканиятлар есигин ашты. Инвесторлар, балықшылық хожалықларының жаңа ийелери балықшылық хожалығы секторын белсене өзлестириўди баслап берди ҳәм олар тәрепинен жаңа технологияларды енгизиў бойынша буйыртпалар келип түспекте. Бул оларда жаңа технологияларға салыстырғанда зәрүрлик бар екенлиги, балықшылық секторына болған қызығыўшылық оғада күшли екенлигине айқын мысал бола алады.

«Өзбекбалықсанаат» аўқамы ҳәм оның орынларда балықшылық тараўы шөлкемлериниң жумысларын муўапықластырыўшы аймақлық «Балықсанаат» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң қәнигелери балық ҳәм балық өнимлерин жетистириўши исбилерменлерге ҳәр қыйлы системалар, аквакультура (суў организмлерин, яғный, гидробионтларды мәденийлестириў), технологиялар ҳәм усыллардан нәтийжели пайдаланыўда көмеклесиў кереклигин терең аңлап жеткен ҳалда жумыс алып бармақта.

«Қарақалпақбалықсанаат» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң тийкарғы ўазыйпасы балық өнимлерин ислеп шығарыўдың шөлкемлестириўшилик-технологиялық процесслерин системалы шөлкемлестириў, балық шабақларын тәкирар көбейтиўди жетилистириў ҳәм азықлық базаны беккемлеў, тәбийғый суў ҳәм жасалма көллер ресурсларынан ақылға муўапық пайдаланыў, сондай-ақ, балық жетистириў процесине илимий тийкарланған усылларды ҳәм интенсив технологияларды енгизиўден ибарат.

Президентимиздиң 2020-жыл 29-августтағы «Балықшылық тармағын қоллап-қуўатлаў ҳәм оның нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары бул бағдарда әҳмийетли бағдарлама ўазыйпасын атқарады.

Интенсив усылда балық жетистириўди басқышпа-басқыш жолға қойыў ҳәм қоллап-қуўатлаў, бар суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў, тараўға инновациялық идеялар, илимий исленбелер, заманагөй технологиялар ҳәм илим-пән жетискенликлерин кеңнен енгизиў, балықшылық тараўын еле де қоллап-қуўатлаўға қаратылған бул ҳүжжетте тараўда толық системалы (инкубация цехы, шабақ ҳәм товар балық жетистириў, жоқары белокқа бай балық жеми, қайта ислеў ҳәм сақлаў) ислеп шығарыўға қәнигелестирилген балықшылық кластерлерин шөлкемлестириў режелери белгилеп берилди.

Балықшылықты раўажландырыўда дүньяның алдынғы тәжирийбелерин үйрениў, илим-пән жетискенликлери ҳәм инновациялық жаңалықларға айрықша итибар қаратпақтамыз.

Жәмийет тәрепинен быйыл сентябрь айынан баслап «Интенсив усылында балық жетистириў ҳәм қайта ислеў» жойбары өз жумысын баслады. Жәмийет тәрепинен жойбар шеңберинде кәрханаға Нөкис қаласынан 1,2 гектар жер майданы ажыратылып, 6 миллиард сумлық қурылыс ислери алып барылған.

Жойбардың улыўма қуны 16 миллиард сумды қурайды. Жойбарға муўапық, 35 жумыс орны жаратылып, қуўатлылығы бойынша жылына 200 тонна балық, 5 миллион личинка жетистириў, 5 мың тонна азықлық жем ислеп шығарыў ҳәм 1000 тонналық суўытыўшы камерада өним сақлаў имканияты бар.

Жумысшыларға қолайлы жумыс шараятын жаратыў мақсетинде асхана, жуўыныў ханалары ажыратылған. Имаратларға видеобақлаў системасы орнатылған.

Кәрханаға Қытай мәмлекетинен 9 миллиард сумлық балықты жетистириў ҳәм қайта ислеў, және де азықлық жем ислеп шығарыў үскенелери алып келинген.

Таўық ҳәм таўық жемин ислеп шығарыў цехы, балық тазалаў, дузлаў ҳәм филесин ислеп шығарыў цехы, балықты тирилей сақлаў ҳәм музлатқышта сақлаў, сондай-ақ, балықшылық тараўында керекли болған арнаўлы техникалар да алып келинген.

Бул әсбап-үскенелерди орнатыў ушын орынларында қурылыс ҳәм қайта оңлаў, абаданластырыў, жаңадан имарат қурыў жумысларын жүргизиў ушын қосымша АКИБ Ипотека банк Қарақалпақстан филиалы тәрепинен 7 493 748,9 мың сум муғдарында кредит қаржысы ажыратылды.

Алынған кредит қаржылары тийкарында  «Қарақалпақбалықсанаат» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен жыллық қуўатлылығы 200 тонна балық жетистириў имканиятын бериўши жабық суў айланба системасы толық иске түсирилди.

Жабық суў айланба системасы — инкубация дәўиринде 50 миллион дана личинка шығарыў қуўатлылығына ийе. Солардан 5 миллион дана личинка биз ушын жетерли болып, қалған 45 миллион личинка Қарақалпақстан Республикасындағы 124 тәбийғый суў ҳәўизлери ҳәм 400 ге жақын жасалма суў ҳәўизлерин шабақлар менен тәмийинлеў ушын жетерли есапланады.

Бул жерде 24 бассейн болып, оларда балықтың сазан, тилапия, ылақа түрлери өршитиледи. Бассейнлердиң ҳәр биринде орташа 5000-7000 дана балық түри болып, олардың бойы 2 сантиметр, ал, салмағы 1 граммды қурайды.

Жабық суў айланыў системасы 250 метр куб суў сыйымлылығына ийе. Бассейнлерге жердиң астынан 30 метр тереңликтен алынған суў фильтрленип қуйылады. Бассейндеги суўлар 10-15 күннен тазаланып, кислородқа тойын­ған суў менен қайта айланып толтырылады.  

Балықты қайта ислеў комплекси — бул процессте балықтан котлет, тефтель, фарш ҳәм дузланған балық, ярым таяр өнимлерди санитария-гигиена талапларына толық әмел еткен ҳалда ислеп шығарыў басланды.

Дүнья жүзилик Денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң мағлыўматларына қарағанда, инсан өз саламатлығы ушын бир жылда 10-12 килограмм балық жеўи керек. Бирақ, бизде балық ҳәптеде, айында бир мәрте желинетуғын тағам болып қалған. Онда да майда қызартып, қуўырып жегенди мақул көремиз. Дурыс, бул мазалы болады. Деген менен, бул усылда писирген денсаўлық ушын зыян. Бир мәрте тикенеги тамағына тығылып, өмир бойы балық жеўден қорқып қалғанлар да бар. Соның ушын балықты майдалан­ған усылында таярлап шығарсақ, мақсетке муўапық болады. Буның ушын балықты қайта ислеўди көбейтиў зәрүр.

Кәрханамыз тийкарынан карп балықларын жетистириўге қәнигелестирилген. Қосымша жылына 5 мың тонна аралас жем ислеп шығарыў комплекси таяр ҳалатта. Ҳәзирги күнде жемге қосылатуғын минерал төгинлердиң келиўи менен толық көлемде жем ислеп шығарыў жолға қойылыўы режелестирилмекте.

Бүгинги күнде Қарақалпақстан Республикасындағы балықшылық бағдарында тәбийғый ҳәм жасалма суў ҳәўизлеринде балықларды бағыўда сапалы белокларға бай жемниң ислеп шығарылыўы жолға қойылмақта.

Буннан тысқары 2,5 тонна балықты қайта ислеў ҳәм сыйымлылығы 1000 тонналық музлатқыш пенен толық тәмийинленген.

Быйылғы ҳәм келеси жылы әмелге асырылыўы белгиленген жумысларға тоқталатуғын болсам, интенсив технологияны орнатыў, 100 тонна балық жетистириў, арнаўлы лаборатория ашыў, суў ҳәм жем қурамын үйрениўди алдымызға мақсет етип қойғанбыз.

Алдағы ўақытлары балық өнимине болған халықтың талабын қанаатландырыў, сондай-ақ, кейин ала қоңсы мәмлекетлерге экспорт етиў ушын балықты қайта ислеў ҳәм балық өнимлерин ислеп шығарыў (консерва, икра, балық уны ҳәм басқалары) бойынша заманагөй комплекслерди шөлкем­лестириў нийетиндемиз, дейди А.Бекниязов.

 

КЕЛЕШЕК ­ ҚӘНИГЕЛЕРГЕ БАЙЛАНЫСЛЫ

— Бул республикамызда бириншилерден болып ашылған бирден-бир қәнигелестирилген мәкеме болып есапланады. Балықшылық тараўында қәнигелерге зәрүрлик бүгинги күнниң ең актуал машқалаларынан бири. Себеби, кейинги жыллары республикада ихтиология ҳәм гидробиология тараўында қәнигелердиң таярланыўы аз.

Жабық суў айланба системасында нәсилли балықларды өршитип, таяр балық дәрежесине жеткериў мениң тийкарғы ўазыйпам, - дейди инкубация цехының бөлим баслығы, ихтиолог Азамат Жолдасбаев. — Бул жерде балықларға күнделикли жоқары белокқа бай жемлерин берип, азықландырамыз.

Кәрханамыз жаңа жумыс баслаўына қарамастан, бүгинги күнде шығарылған сазан балықларын бағып өсирип атырмыз. Және де айтып өтетуғын жаңалығымыз, Самарқанд ўәлаятынан, тилапия балығын сынаў тәжирийбе сыпатында жабық суў системасында өсирип атырмыз. Кәрханамыз жанында балықлар ушын сапалы жем өнимлерин ислеп шығарыў заводының иске түсирилгени де биз ушын үлкен имканият. 

Ҳәзирги күнде бул мәкемеде 124 тәбийғый ҳәм 500 ден аслам жасалма суў ҳәўизлери турақлы жумыс алып бармақта.

Алымларымыз балық жетистириўди раўажландырыў ушын интенсив усылды кең қолланбақта. Бунда балықлар киши суў бассейнлери ҳәм суўды ысырап етпейтуғын жабық системаларда жетистириледи. Интенсив усылда киши көлемли, ықшам бассейнлер ҳәм суў тәмийнаты тез алмастырылатуғын киши ағар суў ҳәўизлеринде балықларға жоқары тығызлықта күтим бериледи. Бассейнлердеги ағар суўлар ысырапсыз ирригация системасына қайтарылады. Сондай-ақ, суў температурасы ҳәм кислород муғдары теңдей болыўы арқалы қысқа мүддетте балық жетистириў имканиятын береди. Демек, бул усылдың келешегинен үлкен үмит күтсе болады.

Президентимиздиң 2018-жыл 6-ноябрьдеги «Балықшылық тараўын және де раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы 4005-санлы қарары тараўда жаңадан-жаңа имканиятлар жаратпақта. Қарарға муўапық, жасалма суў ҳәўизлери басқышпа-басқыш интенсив усылда балық жетистириўге қәнигелеседи деп атап өтилген еди. Қарар талапларынан келип шыққан ҳалда, ҳәр бир районда кеминде 2 интенсив суў ҳәўизлери иске түсиўи режелестирилди. Атап айтсақ, мысалы Тақыятас районында «Замирбек-Тақыятас» жеке кәрханасы тәрепинен көргизбели интенсив суў ҳәўизи өз жумысын баслады.

Усы жерде жетистирилген балықлар таяр өним сыпатында пайдаланыў ушын жылына 2500 тонна қуўатлылыққа ийе балықты қайта ислеў цехы иске түсирилди. Бул өз гезегинде ишки базарларымызды балық ҳәм балық өнимлери менен еле де толтырыўға үлкен үлес қосады.

 

ТАҢСЫҚ ТАҒАМДА ҲИКМЕТ КӨП

Ашығын айтыў керек, жақын жылларға шекем мәмлекетимизде балықшылық тараўының келешегине гүман менен қарайтуғынлар көпшиликти қурады. Олар бул бағдардың қәрежети табысынан көп болыўы менен бирге тәшўишлери де өзине жараса екенин дәлийллеўге урынар еди. Бирақ, мәмлекетимизде тараўды раўажландырыў ушын жетерли көлемде суў ресурсларының бар екенлиги ҳәм балықшылыққа қызығыўшы бир қанша исбилерменлердиң пидайылығының арқасында тараўда алға илгерилеў басланды. Бизиң республикамызда да қәнигелескен жәмийеттиң ашылыўы пикиримиздиң айқын мысалы.

Балық ҳәм балық өнимлерине бол­ған талап жылдан-жылға артпақта. Сонлықтан да, мәмлекетимизде балықшылықты еле де раўажландырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Балық жетистириўши исбилерменлерге бир қатар жеңилликлер берилмекте.

Балықшылықтың раўажланыўы азық-аўқат қәўипсизлигин беккемлеў менен бирге, халықты балық қурамындағы жоқары колориялы белоклар менен тәмийинлеў имканын береди.

Балық — жети ғәзийнениң бири есапланады. Шыпакерлер витамин ҳәм минералларға бай усы өнимди жыл даўамында 6-8 килограмм қабыл етиўди усыныс етеди. Демек, балық өнимлерин көп жетистириў, қайта ислеў ҳәм халық арасында көбирек пайдаланыўын бир нешше мәрте көбейтиў миллионлаған адамлардың денсаўлығын беккемлеўге хызмет етеди.

Өзбекстанда тийкарынан дәрья балығы пайдаланыўда болғаны ушын халық көбинесе ылақа, жылан балық сыяқлы түрлерди жақсы биледи. Қәнигелердиң айтыўынша, жүрек-қан тамыр кеселликлеринде, қанда холестерин дәрежеси көтерилгенде, кемқанлық, дәрмансызлық ҳәм физикалық зорығыўда, невроз, тери кеселликлери, подогра ҳәм ревматизмде, көриў қәбилети әззилегенде ең пайдалысы балықтың гөши екен. Балалар балықтан таярланған тағамларды жеўи нәтийжесинде кариес, шаштың түсиўи ҳәм қалқансыман без кеселликлеринен аўлақ болады екен.

Статистикалық мағлыўматларға қарағанда дүнья халқының дерлик 60 миллионға жақыны балықшылық тараўында бәнт болып, аўыл хожалығы өнимлери экспортының 9 процентин усы суў жәниўарлары қурайды. Балық дүньядағы ең қарыйдарбап, соның менен бирге тез айныйтуғын азық-аўқат өними болғаны ушын оны қайта ислеў, консервалаў, қадақлаў, сақлаў ҳәм тасыў айрықша итибарды талап етеди.

Балықшылық тараўында әмелге асырылып атырған жумыслардың нәтийжелери бүгин базарларымызда көринбекте. Балық өнимлериниң көплиги олардың баҳасын көтерип емес, керисинше бир қәлипте турыўына имкан жаратпақта. Халқымыз арасында бул таңсық тағамға талап ҳәр қашанда жоқары болып келген. Балықшылықтағы ғәзийнени суўдан излеп емес, оны өзлери жаратып атыр­ған «Қарақалпақбалықсанаат» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң алдағы жумысларында раўаж тилеймиз.

Гүлнара ЖҮГИНИСОВА,

арнаўлы хабаршымыз.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF