Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 06:19:08, 17.05.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

«РИМ ПАПАСЫНЫҢ ДА ӘРМАНЫ БОЛҒАН»

ЯМАСА «УСТАЗ ТӘҒДИРИ» ҲАҚҚЫНДА

Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамаша­гөйлер театрында Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген көркем өнер ғайраткери П.Айтмуратовтың «Устаз тәғдири» атлы драмасы сахнаға қойылды.

Спектакль басланыўы алдынан актёрлар жәмәәти музыка астында дүньяны ләрзеге салған коронавирус инфекциясы менен гүресип атырған жәмийет көринисин қойып берди. Соң спектакль жас актёр Пазыл Төлегенов Жолдас муғаллим образында өзиниң жасап атыр­ған аўылына әдиўли устаз болып келиў дәрежесине ерисиў мақсетиндеги әрманлары, ойлаған нийетлери менен басланады. Ўақыя­лар раўажы даўамында ол Ташкентке оқыўға түседи ҳәм оқыў­дан тыс­қары жумыс ислеп жүрип, өзиниң жорасына әрманларын айта баслайды: «аўылға барсам, мектеплерде  балаларға муғаллимшилик етсем, өз алдыма жай қурсам, бала-шағалы болсам, қулласы, бир талай ойлап жүрген нийетлерин айтып атыр­ғанда жорасы: «әрманыңды қой-дә, жумысыңды исле дегенде, ол: «нийетиң жолдасың деген, әрман етиў не айып па, ҳәтте Рим папасының да әрманы бол­ған-ғой» дейди. Ең әҳмийетлиси, роль атқарған актёрлардың усындай қуўақы сәўбетлерин тамашагөйлер үлкен қызығыўшылық пенен тамашалады. Жолдас қыйыншылықлар менен оқып, муғаллимшилик кәсибине ериседи ҳәм көп аўырманлықларды өзиниң мийнети менен жеңип өтеди. Өмирлик жолдас табыўда оған әўмет күлип бағады. Жас актриса Алийма Раметуллаева Жолдастың өмирлик жолдасы Гүлзабийра ролин шеберлик пенен атқарып береди. Сондай-ақ, муғаллимшилик кәсибин писент етпейтуғын ҳәм оларға пәс нәзер менен қарайтуғын айырым адамлардың да характерлери спектакльде сәўлеленеди. Ўақыялардың избе-из раўажы даўамында бүгинги күнде пүткил дүнья жүзине қәўип туўдырып атырған турған коронавирус пандемиясына қарсы гүресип атырған шыпакерлердиң жумыс барысындағы қыйыншылықлар ҳаққында ўақыялар қойылады. Көринбес жаў менен гүресте Жолдастың ҳаялы Гүлзабийра дүньядан көз жумады. Бул спектакльди тамашалай отырып, турмыс инсан ушын бир сынақлы дүнья екенин аңлаўға болады.

Актёрлар Р.Уразбаев, Ж.Абыллаев, Б.Жаппаров, Б.Бахиевалар өзлериниң актёрлық шеберлиги менен спектакльдиң тәсирли шығыўында өз рольлерин жақсы атқарып шықты. Сахна безеўлери, таңланған музыкалар, ўақыя орынларының тәсирли шығыўында театр жәмәәтиниң сахналастырыўшы режиссёры Ө.Бектурғанов, режиссёр ассистенти Б.Қайыпназаров, П.Келимбетов, сахналастырыўшы художник Т.Шардеметов, музыкаларын таңлаған Н.Есемуратов, реквизит цехы баслығы Э.Есбергеновлардың жәмлескенлик менен жумыс ислегени байқалады.

Спектакльди тамашагөйлер карантин талапларына жуўап берген ҳалда тамашалады.

 

Т.ЖӘРИМБЕТОВА.

СҮЎРЕТТЕ: спектакльден

көринис.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF