Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 15:26:45, 20.09.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ПУҚАРАЛАР ЖЫЙЫНЫНЫҢ ҚУТЛЫ ҚОНЫСЫ

Нөкис қаласындағы «Байтерек» мәкан пуқаралар жы­йынының жаңа имараты пайдаланыўға тапсырылды.

Оның ашылыў салтанатында Өзбекстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министри Р.Маматов шығып сөйлеп, жыйнал­ғанларды жаңа имараттың ашылыўы менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, елимизде Президентимиздиң басшылығында пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысларын буннан былай да жетилистириў, олардың материаллық-техникалық базасын беккемлеў, тараў хызметкерлерин қоллап-қуўатлаў бағдарында кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта. Елимиз басшысының Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезексиз сегизинши сессиясында шығып сөйлеген сөзинде ке­йинги 3 жылға мөлшерленген он тийкарғы бағдар атап өтилген болса, соның ишинде, пуқаралар жы­йынларының жумысларын раўажландырыў бойынша да ўазыйпалар белгиленди.

Әлбетте, бул тосыннан емес. Себеби, мәҳәлле жәмийетимиздеги әдиллик принципиниң айнасына айланыўы керек. Бул жер адамлардың дәртин тыңлайтуғын ҳәм машқалаларына шешим табатуғын орын болыўы тийис. Сонлықтан да, соңғы жыллары пуқаралар жыйынларын усындай заманагөй имаратлар менен тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылмақта. «Трансгаз сервис Нукус» жуўапкершилиги шекленген жәми­йетиниң қәўендерлик жәрдеминде қурып питкерилген «Байтерек» мәкан пуқаралар жыйынының жаңа имаратында мине усы ўазыйпаларды атқарыў, аймақ турғанларының күнделикли машқалаларын шешиў ушын барлық шараят жаратылған. 

— Жаңа имарат Президентимиздиң Қарақалпақстан Республикасына сапары шеңберинде пайдаланыўға тапсырылып атырғаны менен де әҳми­йетли,-дейди «Байтерек» мәкан пуқаралар жыйынының баслығы Сырғагүл Есбосынова. — Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезексиз сессиясында белгилеп берилген ўазыйпалар ҳәр биримизге айрықша жуўапкершилик жүклейди.

Илаж қатнасыўшылары жаңа имаратта хызметкерлерге жаратылған шараятлар менен танысты.

Өзбекстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министри Р.Маматов Нөкис қаласындағы «Нәўпир» мәкан пуқаралар жыйынында да болды. Бул жерде хызметкерлер ушын жаратылған шараятлар менен жақыннан танысып, аймақ тур­ғынларының машқалаларын шешиў, кем тәми­йинленген, социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бойынша пикир-усынысларын билдирди.

Буннан кейин Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлигинде қалалық ҳәм районлық бөлимлердиң басшылары менен ушырасыў болып өтти. Онда пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумыс нәтийжелилигин арттырыў  бойынша ўазыйпалар белгиленди.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар

агентлигиниң шолыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF