Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 23:07:44, 08.05.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚУНАРЛЫ ЖЕР ҮМИТИҢДИ АҚЛАЙДЫ

Қоңыраттағы көп жыллық, тәрезиде тасы басым «Мустақиллик» фермер хожалығы мәмлекетке пахта тапсырыўдың жобалы тапсырмасын суў тамтарыс болған быйылғы жылда да алдыңғылар қатары орынлап шықты. 

Хожалық баслығы, «Қарақалпақстан Республикасына мийнети  сиңген пахтакеш» Қуўат Өтеков пенен атыз басында сәўбетлес­тик.

­

Жылдағы 40 центнерден асыра өним жетистиретуғын 20 гектарлық егислик майданымыз суўғарылмаса да, l5 центнерден өним берди,-дейди Қуўат ойшыл нәзерин узақ­ларға қадап.

2000-жылы 10 гектарлық егислик жери менен шарўашылыққа бағдарланып ашылған бул хожалықта малды 50 бас­қа жеткерип, күнине 100 литр­ге шамалас сүт саўып алғаны, гөш, төл алыў жобалары ҳәр жыл қалыўсыз орынланып келгени мақтаўға ылайық ислер.

Дийқаншылық пенен шарўашылық бир-бирисиз раўажланбайтуғын егиз тараўлар саналады. Мәмлекетлик буйырт­паға кирген пахта, бийдай қымбат баҳалы егин. Жыллар өтиўи менен егислик майданын 200 гектарға жеткерип, гектарларын азайтқан ўақытлары да болған. Пахтадан алынатуғын орташа зүрәәтлик 40 центнерге жеткериледи. Баслы итибарын киши машина-трактор паркке лизингке алын­ған ис-қураллары, жоқары өнимдарлықта ислеўши сырт еллердиң «Класс» комбайны, «Орион» сүрим тракторлары менен толықтырып, қарызларын өз ўақтында төлеп барғаны, экономикалық жақтан қуўатлы хожалыққа айлан­ғанынан дерек береди.

­ Хожалығымыздың бы­йыл дүзилгенине 20 жыл толады,-дейди Қуўат сөзин даўамлап.

­ Усы жыллар ишинде мәмлекетке пахта, бийдай сатыўдың жобалы тапсырмасын орынламай қалған жылымыз болған емес. Бир неше мәрте «Ташаббус» таңлаўларының республикалық басқышларында жеңимпаз болдық.

Быйылғы жылда суўсызлықтың аўыр зардабын басымыздан кешириўге туўра келди. 58,8 гектар жерге шигит егип, шәртнама жобасындағы 21, 5 центнерден 127 тонналық дәслепки қырман жаратылды. Атызларымызда еле де 30-40 тонналық ҳасыл барлығын есаплап шықтық. Жерлеримиз қунарлы болғанлықтан толық нәл берди. Мол өнимди жапырағы  ҳәм минерал төгинлер араласпасы менен азықландырыў, шүдигарға қойыўдай биринен-бири әҳмийетли  агро техникалық илажларда өз ўақтында сапалы ислеў бериў арқалы топладық.

Жердиң мелиоратив аўҳалына айрықша кеўил бөлип, сүрип-тегислеў, жап-салма, изейкешлерди ўақтында қазып тазалағанымыз бозықтырып, қунарлығын арттырғанынан мийнетимиз заяға кетпеди.

 Еки жылдан берли ғаўаша тәрбиясы менен жыйын терим мапазларына көмекши алмастан хожалық ағзаларының күши, аўылдағы шөлкемлерге бирикпеген, районлық бәнтликке көмеклесиў ора­йында есапта туратуғынлар күши менен атқарғанымыз қолайлы ҳәм арзан түспекте. Күнделикли терилген пахтаның ақшасы өз ўақтында берилиўи, атыз басында теримшилерге қолайлы турмыс шараятларын жаратқанымыз ис өнимдарлығын арттырды. Мапаз барысында ўақыт пенен санаспай ислеп атырған механизаторлардан А.Қудайбергенов, П.Қудайбергенов, Ж.Сайдов, сондай-ақ, шәппик қоллы теримшилерден Т.Қалмуратова, Қ.Гадениязов, Р.Юсупова, Б.Камаловалардың мәўсим басынан терген пахталары 4-5 тоннадан асып кетти.

Бүгинги күнде, азық-аўқатлық ҳәм от-жемлик егинлерден мол ҳасыл алыўымызда 10 қуты пал ҳәрремиздиң сезилерли пайдасы тийди. Хожалық ағзалары мийнет ҳақыларын ай сайын ақшалай ҳәм затлай алып турғаны, алдың­ғыларды хошаметлеў есабынан курорт санаторийларға бийпул жолламалар бергенимиз ықласлана мийнет етиўине тийкар жаратпақта,-дейди хожалық баслығы Қ.Өтеков.

Ө.ӨТЕЎЛИЕВ,

өз хабаршымыз.

Қоңырат районы.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF