Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 12:14:34, 17.05.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

KPI — ЖУМЫС  НӘТИЙЖЕЛИЛИГИН БАҲАЛАЎДА ЖАҢА СИСТЕМА

Бүгинги күнде Өзбекстан Республикасында Мәмлекетлик басқарыў уйымлары басшы хызметкерлери жумысының нәтийжелилигин баҳалаўдың заманагөй усылларын енгизиў тараўдағы әҳмийетли бағдарлардан бирине айланбақта ҳәм бул бойынша өткен жыллар даўамында Өзбекстан Республикасы Президенти, сондай-ақ, Министрлер Кабинети тәрепинен бир қатар нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилди.

Ҳүрметли Президентимиз өзиниң 2018-жыл 28-декабрьдеги Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисине Мүрәжатында «Бүгин әпиўайы бир ҳақыйқатты тән алыўымыз керек. Мәмлекетлик уйымларда жоқары маманлықтағы ҳәм жетик кадрлар жетиспей атыр. Усы күнге шекем мәмлекетлик хызметкерлердиң статусы белгиленбеген, мәмлекетлик хызметке қабыл етиўдиң жәрия­лық механизмлери ислеп шығылмаған. Бул бағдарда маш­қалаларды шешиў ушын ең дәслеп, мәмлекетлик хызметкерлердиң жумысын қалыс түрде баҳалаў бойынша нәтийжели система енгизиў зәрүр!», деген еди.

Мине усы бағдардағы жумысларды жетилистириў бойынша өткен 2019-жылдан баслап Өзбекстан Республикасында мәмлекетлик хызметкерлердиң жумыс нәтийжелилигиниң әҳмийетли көрсеткишлерин баҳалаўда жаңа система енгизилмекте.

Раўажланған мәмлекетлер тәжирийбесине тийкарланған ең әҳми­йетли нәтийжели көрсеткиши (KEY PERFORMANCE INDICATOR (KPI)) системасы бул пүткил дүньяда мийнет өнимдарлығының ең әҳми­йетли көрсеткишлери сыпатында тән алынған әмелият болып табылады. KPI — мәмлекетлик пуқаралық хызметкерлер тәрепинен өзлерине белгиленген функциялық ўазыйпалар менен тапсырмаларды орынлаўдың нәтийжелилигин баҳалаў ушын қолланылатуғын ҳәм жумыс муғдарына қарап өлшеў мүмкин болған баҳалаў индикаторы есапланады.

Бул системаның әҳмийетли тәрепи сонда, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимиятты шөлкемлестириўге байланыслы әмелдеги өлшемлерден  пар­қ­­лы түрде тийисли районлар басшы хызметкерлериниң материаллық жақтан тәмийинлениў мәселеси олардың жумыс алып барыў нәтийжелилиги көрсеткишлерине көре белгиленеди. Бул нәтийжели басқарыўдың әҳмийетли факторы. Онда әлбетте, баҳалаў көрсеткишлерин дурыс таңлаў оғада әҳмийетке ийе.

Мысалы ҳәким орынбасарларының жумысын бахалаўда индикаторды белгилеў әҳмийетли мәселе ҳәм усы индикаторлар арқалы ҳәким, орынбасарлар және улыўма басшы хызметкерлер жумысын баҳалаўда тийисли балл көрсеткишлери топланады. Басшы хызметкерге қойыл­ған көрсеткишлер балларға теңлестирилип, тийисли индекс тийкарында оның материаллық тәмийнаты белгиленеди. Бул болса тийисли хызметкер ҳәким бола ма яки ҳәким орынбасары бола ма оның алдына қоятуғын мақсетине және де мотивация береди.

Сондай-ақ, бул системада бәринен бурын, басшы белгили бир мәселеге шешим табыўдағы өзине жүклеген жумысқа комплексли түрде қатнаста болады. Себеби, система ар­қалы ҳәр бир басшы артықща мәселелерге ўақыт ажыратпастан, тек жумыс нәтийжелилиги механизмлери арқалы белгиленген ўазыйпаны ғана орынлайды. Тәбийғый түрде усы механизмлер ислеген орында тәртип ҳәм раўажланыў болады.

Усы орында жаңа баҳалаў системасының және бир әҳмийетли тәрепин атап өтиўимиз мүмкин.

Бириншиден, ҳәр бир басшы белгиленген ўазыйпалардан келип шыққан ҳалда өзиниң жумысын, ҳәр күни не ислейтуғынын, яғный қандай жумыс пенен шуғылланатуғынынан алдын ала хабардар болып, сол жумысты сапалы әмелге асырыў нәтийжесинде жоқары баҳа алатуғынын биледи.

Екиншиден, ҳәким орынбасарына усы нәтийжелиликке ерисиўде басқа да тийисли мәкемелердиң басшылары өз көмегин береди.

Үшиншиден, ҳәким орынбасарларының жумыс ўазыйпасына тән болмаған тапсырмалар менен жумысларға тартылыўының алды алынады.

Бундай көрсеткишлерден пайдаланыў өз гезегинде мәмлекет хызметиндеги басшы хызметкерлерге өз жумысын анализлеў имканиятын берип, әҳмийетли ўазыйпаларды әмелге асырыўдағы нәтийжели жумысларын әдил баҳалаўға жәрдем береди.

Өткен ўақыт даўамында әне усы система тийкарында Өзбекстан Республикасының «Янгийўл», «Урганч», «Хонобод» ҳәм «Қўқон» қалалары, сондай-ақ, «Яшнобод», «Янгийўл», «Ҳазарасп», «Янгиариқ», «Янгибозор», «Бўстон» ҳәм «Қува» районлары ҳәкимликлери басшы хызметкерлериниң жумысы баҳаланып, бул бо­йынша дәслепки нәтийжелерге ерисилгенин атап өтиў орынлы.

Соның менен бирге, мәмлекетлик хызметкерлердиң жумыс нәтийжелилигиниң әҳмийетли көрсеткишлерин баҳалаў (KPI) системасы Республикамызда да әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, ҳәзирги ўақытта Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы мәмлекет хызметин раўажландырыў агентлиги Қарақалпақстан Республикасы филиалы тәрепинен дәслеп тәжирийбе сыпатында Әмиўдәрья ҳәм Қанлыкөл  районлары жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары басшы-хызметкерлериниң жумыс нәтийжелилиги көрсеткишлери баҳаланбақта. 

Жақын келешекте филиал тәрепинен Нөкис қаласы ҳәм барлық район ҳәкимликлери менен бирге басқа да мәмлекетлик басқарыў уйым­ларында мәмлекетлик хызметкерлердиң жумыс нәтийжелилигиниң әҳмийетли көрсеткишлерин баҳалаў жумысларын алып барыў режелестирилген.

Жуўмақлап айтқанда, кадрлар резервин жетилистириў, соның ишинде басқарыў кадрлары системасында нәтийжелилик механизмин дурыс қолланыў — күтилип атыр­ған нәтийжеге ерисиў, яғный мәм­лекет ҳәм жәмийеттиң раўажланыўында унамлы нәтийже беретуғыны сөзсиз.

Адилбек РЕИМБАЕВ,

Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы мәмлекет хызметин раўажландырыў агентлиги

Қарақалпақстан Республикасы филиалы директорының орынбасары.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF