Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 08:15:21, 17.05.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ӨЗБЕКСТАНДА  ХАЛЫҒТЫ ДИЗИМГЕ  АЛЫЎ  ӨТКЕРИЛЕДИ

ХАЛЫҚТЫ ДИЗИМГЕ АЛЫЎ ТАРИЙХЫНАН

Халықты дизимге алыў әййемги Мысыр, Афина, Рим ҳәм де Қытайда пайда болған. Халықты биринши мәрте рәсмий түрде дизимге алыў 1790-жылы Америка Қурама Штатларында өткерилген. Кейин ала бул илаж Европа мәмлекетлеринде жолға қойыла баслаған. 1800-жылда Швеция ҳәм Финляндияда, 1801-жылы Анг­лия, Дания, Норвегия ҳәм Францияда өткерилген. Бирақ, бул дизимге алыўлар әпиўайы көри­нисте болып, узақ ўақытты талап еткен. АҚШта бул жумыслар 18 ай даўамында әмелге асырылған. Екинши жәҳән урысынан кейин халықты дизимге алыў системасы және де жетилистирилди. 1945-1954-жылларда 151 мәмлекетте, 1965-1974-жыллары 179 мәмлекетте халықты дизимге алыў жумыслары өткерилген. Ҳәзирги дәўирде ҳәр бир жәмийетте халықтың дизимин алыў, географиялық жайласыўы ҳәм де миллий қурамынан келип шығып, кеминде ҳәр он жылда өткерилиўи тәртипке айланбақта.

 

ХАЛЫҚТЫ ДИЗИМГЕ АЛЫЎДЫҢ ЗӘРҮРЛИГИ

Ҳәммемизге мәлим Өзбекстан Республикасында ғәрезсизлик жылларында халықты толық  дизимге алыў өткерилмеди. Бул өз гезегинде халықтын саны, жасы, жынысый ҳәм миллий қурамы, халықтың аймақларда жайласыўы, бәнтлиги ҳаққындағы мағлыўматларды қолланыўда қы­йыншылық туўдырады.

Халықты дизимге алыў мәмлекетимизде жасаўшы халықтың жынысы, жасы, шаңарақ жағдайы, мағлыўматы, өмир дәрежеси, жасаў шараяты, бәнтлиги, миллети, пуқаралығы ҳәм де басқа демографиялық, социал-экономикалық қәсийетлери бойынша жеке тәртипте есапқа алыў ҳәм толық характерлеў имканиятын береди ҳәм  бул көрсеткишлер келеси 30-жыллық  раўажланыў прогнозын белгилеўде беккем тийкар болып табылады, аймақларды раўажландырыў ҳәм халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламларына жәрдем көрсетиў бойынша ис илажларды белгилеп алыўда исенимли мағлыўмат базасы болып табылады.

 

ХАЛЫҚАРАЛЫҚ ШӨЛКЕМЛЕР ТАЛАБЫ

Бирлескен Миллетлер Шөлкеми 2015-жыл 10-июньдеги «2020-жылда халық ҳәм турақ жай фондын дизимге алыўдағы принциплер ҳәм усыныслар» ҳаққындағы резолюциясына муўапық, шөл­кемге ағза мәмлекетлерге халық санын анық есаплап шығылыўын тәмийинлеўди қатаң усыныс етпекте.

Усы Резолюция талапларын орынлаў мақсетинде Өзбекстан Республикасы  Президенти тәрепинен 2019-жыл 5-февралда «Өзбекстан Республикасында 2022-жылда халықты дизимге алыўды өткериў концепциясын тастыйықлаў ҳаққында»ғы ПФ-5655-санлы Пәрманы қабылланды.

 

ХАЛЫҚТЫ ДИЗИМГЕ АЛЫЎДЫҢ НЫЗАМЛЫ ТИЙКАРЛАРЫ

Президентимиз пәрманы менен тастыйықлан­ған Концепцияға муўапық, ҳәр бир жуўапкер шөлкемлерге тийисли ўазыйпалар белгилеп берилген ҳәм халықты дизимге алыўды өткериў бойынша ўәкилликли уйым Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик статистика комитети болып табылады.

Пәрманда белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў бо­йынша алып барылған жумыслар нәтийжесинде Өзбекстан Республикасының «Халықты дизимге алыў ҳаққында»ғы Нызамының жойбары ислеп шығылды. Нызам Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси төменги палатасы ҳәм Сенаты мақуллағаннан соң, Өзбекстан Республикасы  Президенти тәрепинен 2020-жыл 16-мартта имзаланды.

Нызамда халықты дизимге алыўды өткериў бойынша тийкарғы түсиниклер, мақсети, ўазыйпалары, принциплери, дизимге алыўды өткериўге көмеклесиўши комиссиялар, Мәмлекетлик ўәкилликли уйым, Мәмлекетлик басқарыў уйымлары ўазыйпалары, минис­трликлердиң, мәмлекетлик комитетлердиң ҳәм шөл­кемлердиң халықты дизимге алыўда қатнасыўы белгилеп берилген.

 

ХАЛЫҚТЫ ДИЗИМГЕ АЛЫЎДЫҢ БАСҚЫШЛАРЫ

Республикамызда 2022-жылда халықты дизимге алыў ислери шет ел мәмлекетлери тәжирийбесинен келип шығып үш басқышта әмелге асырылады.

Биринши басқышта мәлимлеме түсиндириў жумысларын алып барыў, дизимге алыў жумысларын шөлкемлестириў ушын тийисли имарат, транспорт ҳәм байланыс қураллары менен тәми­йинлеў, басқа да шөлкемлестириў мәселелери  көрип шығылады.

Екинши басқышта тиккелей халықты дизимге алыў ислери алып барылады.

Үшинши басқыш дизимге алыў, материалларын кодлаў, автоматластырылған қайта ислеў ҳәм  мағлыўматларды жәриялаўды өз ишине алады.

 

ИЛАЖДАН КҮТИЛИП АТЫРҒАН НӘТИЙЖЕЛЕР

Халықты дизимге алыўда сырт ел тәжирийбеси, заманагөй технология ҳәм методикалардан пайдаланған ҳалда мәмлекетимизде жасаўшы халықтың жынысы, жасы, шаңарақ жағдайы, мағлыўматы, өмир дәрежеси, жасаў шараяты, бәнтлиги, миллети, пуқаралығы ҳәм  басқа демографиялық, социал-экономикалық қәсийетлерин анық есаплап шығыў ўазыйпасы қойылған.

Буның нәтийжесинде халықтың жасаў жағдайы, бәнтлиги, жумыс орынларын жаратыў, турақлы раўажланыў миллий мақсетлери индикаторын ислеп шығыў, мийнет ресурслары жайласыўы ҳәм де олардан пайдаланыў процесслерин үйрениў бо­йынша ҳүкиметтиң узақ ҳәм қысқа муддетли социаллық-экономикалық раўажланыў бағдарламалары ислеп шығылады.

Басқаша айтқанда, халықты дизимге алыў тек ғана статистикалық мақсетлер ушын хызмет етип қалмастан, мәмлекеттиң социал-экономикалық жағдайын анықлаўда да улкен әҳмийетке ийе болып табылады.

 

А.Ибраймов.

Нөкис қалалық статистика бөлими баслығы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF