Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 07:33:14, 17.05.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МӘСЕЛЕЛЕР ИЛИМИЙ-ӘМЕЛИЙ БАҒДАРЛАРДА ДОДАЛАНДЫ

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде елимизде ҳаял-қызларды күш көрсетиў ҳәм зорлықтан қорғаў ҳәм гендер теңлик мәселелерине бағышланған илимий-әмелий конференция болып өтти.

Илажда «Билимлендириў мәкемелериниң ҳаял-қызларды күш көрсетиў ҳәм зорлықтан қорғаў бағдарындағы ўәкилликлери», «Зорлыққа ушыраған ҳаял-қызларға қорғаныў ордерин бериўдиң тәртиби» сыяқлы темалар бойынша баянатлары тыңланды.

Баянатшылар тәрепинен елимизде соңғы жылларда гендер теңлигин тәмийинлеў, ҳаял-қызлардың жәмийетлик-сиясий турмыстағы ролин арттырыў жумыслары бир неше бағдарларда, атап айтқанда, ҳаял-қызлар ҳуқықлары ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин жетилистириў, ҳаял-қызларды қорғаўдың институ­ционаллық тийкарларын арттырыў ҳәм басқа да бағдарлар бо­йынша жетилистирилип атыр­ғаны атап өтилди. Әсиресе, гендер теңлигин енгизиў бойынша билимлендириў тараўына енгизилип атырған жетискенликлерди атап өтиў тийис. Мәселен, 2017-жылдан баслап көпшилик жоқары оқыў орынларында ҳәр қыйлы қәнигеликлер бойынша сыртқы бөлимлердиң жумысы тикленди. Бул жас ҳаялларға бала күтими ҳәм басқа да шаңарақлық ўазыйпаларды орынлаўға кесент етпестен жоқары мағлыўмат алыў имканиятын жаратып берди. 2019-жылдың сентябрь айында «Ҳаял-қызларды күш көрсетиў ҳәм зорлықлардан қорғаў ҳаққында»ғы  ҳәм «Ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлар ушын тең ҳуқық ҳәм имканиятлар кепилликлери ҳаққында»ғы Нызамлар қабыл етилди. Оларда ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлар ушын тең ҳуқық ҳәм имканиятлар кепилликлерин тәмийинлеўдиң тий­карғы принциплери сыпатында нызамлылық, демократия, жынысы бойынша кемситиўге жол қоймаў, ашық-айдынлық белгилеп берилген. Сондай-ақ, ҳәкимияттың ўәкилликли уйымларына сайлаўларда да сиясий пар­тиялар тәрепинен Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм халық депутатлары жергиликли Кеңеслери депутатлығына талабанларды көрсетиўде ҳаял-қызлар менен ер адамлардың тең ҳуқықлылығын тәмийинлеў жол­ға қойылды.

Конференцияда қатнасыўшылар баянатлар бойынша пикир-усыныслар билдирип, өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алды.

Қарақалпақстан

хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF