Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 09:18:50, 17.05.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ШЕТКИ АЎЫЛДАҒЫ ЖОЛЛАР ЖАҚСЫЛАНБАҚТА

Қарақалпақстан Республикасы автомобиль жоллары аймақлық бас басқармасы Шоманай ра­йонлық жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы тәрепинен халқымыздың мүрәжатларын өз ўақтында қанаатландырыў мақсетинде бир қатар унамлы жумыслар исленди.

— Жақында райондағы «Моншақлы» МПЖ аймағындағы 1,2 км. лик ишки хожалық жолына ЩПС төселди,-дейди Шоманай районлық жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы жол бөлиминиң баслығы А.Оңғарбаев. — Бул жергиликли тур­ғынлар ушын бир қанша қолайлылықлар жаратпақта. Унитар кәрхана қурамындағы жергиликли 4к17 «4р177 автожолы (50 км) — «Мамый» АПЖ — «Айбүйир» МПЖ орайы — «Ақжап» АПЖ  Еңбекши бөлими — 4к5 автожолына (2,82 км)» жолдың ойылып ҳәм бузылып қалған жерлери, төмен дәрежедеги 600 м.  бөлиминде күнделикли оңлаў жумыслары алып барылды.

Бул бағдардағы жумыслар даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF