Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 09:58:49, 17.05.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЕРКИНЛИКТИҢ  ҚӘДИРИ

Өмир ағыслы дәрья. Усы өмирдиң пәтли ағысында батып шүмип, тәжирийбе ҳәм күш топлап изиндегилерге, жақын-жуўықларына жақсы атын, ибратлы ислериң менен көзге түсиўге ҳәрекет етпейтуғын инсан болмаса керек.

Лекин, бурыннан ата-бабаларымыздан айтылып киятырған «шайтан» деген бәле азғырса, дурыс жолыңнан адасқаныңды билмей де қаласаң.

Төрткүл районында 1978-жылы туўылған Атамуратова Нилуфар да табысы күн көрисине жететуғын, еки перзентти ҳеш кимнен кем етпей тәрбиялап атырған аналардың бири  еди. Әттең, пул тапқан сайын көбирек табыўды ойлаған ол «Төрткүл саўда комплекси» ЖШЖде мийўе өнимлерин сататуғын танысы Шахло Шарипова менен сөйлесип турып, «жаман қыял» ойына сап ете қалды, себеби, Шахлоның өмирлик жолдасы Россия Федерациясында жумыс ислеп тапқан пулын айма-ай келиншегине жай алыўды нийет етип, жиберип туратуғын еди. Нилуфар болса, усы базарда валюта саўдасы менен нызамсыз түрде шуғылланып жүрип, оннан пайдаланыўды, Шахлоның исенимине кирип, күйеўиниң жиберген пулларын қолға түсириўди режелестирди. Көп пул салынған сумкасын Шахлоның саўда ислейтуғын жерине әкелип, столы астына ўақтынша қойып:

­ Көрдиңиз бе, долларшыларда көп пул болады, өмирлик жолдасың Россияда жумыс ислеп жүрген болса, жиберген пулларын жумсап жиберип, гәп еситип жүрме? Ол пулларды маған берип қойсаң, мен саған керек ўақтында бирге-бир етип қайтараман. Бул пулларды айланыста пайдалансам, саған пайдасы менен қайтараман. Жай сатып алмақшы болсаң қосымша болады, - деп исендирди. Пайданы шеп көретуғын адам бола ма?! Шахло да оған исенди. Шахлоның күйеўиниң жиберген пулларын улыўма 10. 250 АҚШ долларын алып мақсетине еристи. Бирақ, ўақты келип, жай алмақшы болған Шахлоға ақшасын қайтарып бериўди ойына да келтирмеди. Күнде ана сылтаў, мына сылтаў, таўсылмады. Шаршаған Шахло Төрткүл районы Ишки ислер бөлимине мүрәжат етиўден басқа шарасы қалмады.

Биринши инстанция суды тәрепинен жынаят иси бойынша анықланыўы лазым болған барлық жағдайлар терең, ҳәр тәреплеме, толық ҳәм ақырына шекем тексерилип, дәлиллерге туўры баҳа берилди ҳәм ис бойынша ҳақыйқатлық анықланды.

Судта Н.Атамуратова айыбын мойнына алмағаны менен дәлиллер арқалы анықланды. Гүўалар ҳәм олардың уялы телефонларындағы СМС жазыўлары оның айыбын тастыйықлап берди ҳәм айыбына бола әдалатлы жаза тайынланды. Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 177-статьясы 3-бөлими «в» бәнти менен айыпланды. Соның менен бирге, усы кодекстиң 168-статьясы 3-бөлими «а» бәнти менен, 57-сататьясы қолланылып, 3 жыл мүддетке азатлықтан айы­рыў жазасы тайынланды.

«Ҳештен кеш жақсы» деген даналық гәптен жуўмақ шығар­ған Нилуфар Шахлоның өмирлик жолдасының маңлай тери менен тапқан пулларын қайтарып, зыянды қаплады. Негедур ол еркиннен айырыў жазасы та­йынланғаннан кейин бул зыянды қаплады!

Адам баласын ҳеш ўақытта еркинен айырмасын! Инсан еркинен айрылса ғана еркинликтиң қәдирине жететуғынлығын ол аңлап жетти. Айыпланыўшының қорғаўшы адвокатлары  Н.Атамуратованың ҳәрекетлеринде ӨзР Жынаят Кодексиниң 168-статьясында нәзерде тутыл­ған жыняттың жоқлығы ҳаққында билдирип, оған ақлаў ҳүкимин шығарыўды соранды. Бирақ,  аппелляция тәртибиндеги ислерде Н.Атамуратованың айыпсызлығы ҳаққында билдириўлерине келиспеди. Бирақ, Ш.Шарипова өзине жеткизилген зыянды толығы менен Н.Атамуратовадан өндирип алғанлығын билдирди. Сонлықтан  Н.Атамуратоваға Беруний районы судының 2020-жыл 20-январьдағы ҳүкимине өзгерислери киргизип, оған азатлықтан айырыў менен байланыслы болмаған жазаға өзгертилди.

Ҳәр қандай исти басламастан алдын, ойланып өзиңди орнына қойып көрип, егер, ислейин деп турған исиң өзиңе жақпаса, ислемеген абзал. Бул жол әлбетте, жынаяттан жырақ болыўға шақырады. Өзиңдей адамды алдаў, оннан мәп көриў, соңғылығында жақсылыққа апармайды. Буны Нилуфар да  түсинип жетсе керек...

 Н.АЛЛАМБЕРГЕНОВА,

Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы бөлим баслығы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF